QS=20P-200
Бул жерде Q-жыллық өним көлеми, мың данада, P-баҳа, мың сўмда. B товарды сатыў, сатыў етиў, өндирис ҳәм оннан пайдаланыўда қатнаспаған үшинши шахстың қәрежетлери TEC=735+6Q ды пайда жетеди.
a) B товарға болған тең салмақлылық баҳа ҳәм тең салмақлылық көлем анықлансын.
b) айтайық ислеп шығарыўшылар тәрепинен үшинши шахслардың зыяны толық қаплап берилди. Соннан кейинги B товарға болған таза тең салмақлылық баҳа ҳәм таза тең салмақлылық көлем табылсын.
Монополист өнимине талап функциясы QD=3000-3P көринисинде берилген. Бул жерде Q-жыллық өндирис көлеми, мың тонна, P - 1 тонна өним баҳасы, долларда. Әтирап орталықтың патасланыўы ушын төленетуғын қәрежетлерден тысқары улыўма қәрежет TC=Q2-20Q+30000 мың доллар болса:
a) әтирап орталық ушын қәрежетлер есапқа алынбаған ҳалда, монополисттиң максимал пайдасы анықлансын.
b) әтирап орталықты патасланыўы ушын төлем 0.4Q2 көринисинде болса, максимал пайда көлеми қандай өзгереди?
c) әтирап орталықты патасланыўы ушын төлем KQ2 көринисинде болса, K ның қандай қунларыда монополист зыян пенен ислейди?
B товарға болған талап усы формула көринисинде берилген:
QD=600-20P
усыныс көлеми болса,
QS=25P-300
Бул жерде Q-жыллық өним көлеми, мың данада, P-баҳа мың сўмда. B товарды сатыў, сатыў етиў, өндирис ҳәм оннан пайдаланыўда қатнаспаған үшинши шахстың қәрежетлери бир бирлик товар ушын 10 пул бирликти пайда жетеди.
a) B товарға болған тең салмақлылық баҳа ҳәм тең салмақлылық көлем анықлансын.
b) айтайық ислеп шығарыўшылар тәрепинен үшинши шахсларға зыян 4.5 пул бирлиги есабыда қаплап берилди. Соннан кейинги B товарға болған таза тең салмақлылық баҳа ҳәм таза тең салмақлылық көлем табылсын.
Химиялық өнимлер ислеп шығаратуғын заводтың мусбат сыртқы нәтийжеси функциясы әтирап орталықты патаслантырыў ушын төлемлерден тысқары TSB=200Q-5Q2 көриниске ийе. Әтирап орталық ушын ҳәм басқа бир қанша қәрежетлер TPC=20Q+Q2 ге тең. Заводтың тәбият ҳәм жәмийетке келтиретуғын жалпы зыяны функциясы TEC=10Q+1.5Q2 көринисинде берилген болса:
a) баҳа ҳәм өним көлеми табылсын;
b) жасырын сыртқы нәтийжеден жалпы жоғалтыў табылсын;
c) бир бирлик өнимге тең салмақластырыўшы салық ставкасы анықлансын.
Университеттиң шекли дәрамат функциясы MPB=490-4Q көринисинде, бул жерде Q – жыллық университет питкериўшилери саны, мың адам есабыда. Университет студентлериниң орташа қәрежетлер функциясы TPC=2+10Q көринисинде. Университет питкериўшилердиң сыртқы унамлы нәтийжеси TEB=40Q ге тең.
a) питкериўшилер саны ҳәм жыллық оқытыў суммасы табылсын.
b) унамлы сыртқы нәтийже арқалы жалпы дәрамат анықлансын.
c) бир студентке берилетуғын теңсалмақластырыўшы субсидия көлеми анықлансын.
“ӨНДИРИС ҚӘРЕЖЕТЛЕРИ” ТЕМАҒА БАҒЫШЛАНҒАН
Do'stlaringiz bilan baham: |