§ 3. Глобал сиясат ҳәм миллий қәўипсизлик сиясаты
Ҳәзир замандағы барлық мәмлекетлер глобал сиясат ҳәм сиясий процесслердиң ролин өзлериниң сиясатын белгилеўде есапқа алмақта. Бул ҳалат екинши дүньяжүзлик кейин, яғный 1948 жылы Инсан ҳуқықлары улыўма жәҳән Декларациясы қабыл қылынған басланған болып, який әскерий-сиясий блоктың сапластырылыўы менен әсиресе күшейди. Буның нәтийжесинде пайда болған жас демократиялық мәмлекетлер де буны тән алды. Бирақ, басқа миллий мәмлекетлер сияқлы, олар да өзлериниң миллий қәўипсизлигин беккемлеў илажларын белгилеўге мәжбүр болмақта. Бул тәбийий ҳалат, өйткени дүньядағы қатнаслар қаншелли демократияласып ҳәм инсанийласып барған менен, жәҳәнде базар ушын, шийки зат дереклерин ҳәм ресурсларды ийелеў ушын гейде ашық, гейде жасырын гүрес даўам етпекте.
Миллий қәўипсизлик сиясаты дегенде, белгили бир мәмлекеттиң конституциялық тәртибин сақлаўға, мәмлекеттиң территориялық ҳәм миллий бир пүтинлигин тәмийинлеўге, оның қорғаныў қүдиретин арттырыўға қаратылған сиясат түсиниледи. Ғәрезсиз раўажланыў жолына түскен Өзбекстанның миллий қәўипсизлик сиясатының тийкарғы бағдарлары Өзбекстан Республикасы Президенти Ислам Каримовтың “Өзбекстан XXI әсир босағасында: қәўипсизликке қәўип, турақлылық шәртлери ҳәм раўажланыў кепилликлери” (Т., “Ўзбекистон”, 1997) атлы шығармасында анық белгилеп берилген. Шығармада Өзбекстанның миллий қәўипсизлигине қәўип деп төмендегилерди көрсетеди: 1) регионал жәнжеллер; 2) диний экстремизм ҳәм фундаментализм; 3) уллы мәмлекетшилик шовинизм ҳәм агрессив миллетшилик; 4) этникалық ҳәм миллетлерара қарсылықлар; 5) коррупция ҳәм жынаятшылық; 6) жергиликшилик ҳәм урыў-аймақшылық мүнәсибетлери; 7) экологиялық проблемалар (сол китап, 19-136 бетлер) [бул иллерлердиң ҳәрқайсысы туўралы сөз етиў керек]
Бул көрсетилгенлер менен бирге, Президентимиз китабында көрсетилмеген, бирақ ҳәр қандай жәмийетте болыўы мүмкин болған қәўиплер де бар. Олардан терроризмди (сиясий терроризм, финанслық терроризм, экономикалық терроризм, мәмлекетлик терроризм, ядролық терроризм, компьютер терроризми, телефон арқалы терроризм) айрықша атап көрсетиўге болады. Миллий қәўипсизлик сиясатының әҳмийетли бағдарлары қатарына миллий мәмлекет искерлигине жәҳәндеги жетекши мәмлекетлердиң (супермәмлекетлер) стратегиялық ҳәм геополитикалық мәплерин нейтралластырыўға қарсы гүрес, миллий мәмлекет турмысына идеологиялық тәсирге қарсы гүрес, миссионерликке қарсы гүрес ҳ.т.б. киреди.
Миллий қәўипсизлик сиясатының бағдарларының бири - жәмийетте белгили бир экономикалық, идеологиялық, сиясий ҳәм басқа факторлар тәсиринде пайда болатуғын массалық тәртипсизликлер ҳәм ҳәрекетлерге қарсы гүрес ҳәм олардың алдын алыў болады. Жәмийет турақлылығына тәсир етиўши бул қубылыслар мыналар: а) митинглер; б) демонстрациялар; в) ис таслаўлар; г) топалаңлар (наразылықлар (ғалаёнлар); д) көтерилислер (исён); е) қозғалаңлар ҳ.т.б.
Миллий қәўипсизлик сиясаты ушын әҳмийетли болған және бир сиясий қубылыс мәмлекетлик аўдарыспақ (фитна) болып, ол оппозициядағы күшлер тәрепинен нызамлы ҳүкиметти ҳәкимияттан кетиўге мәжбүрлеў ҳәм жаңа сиясий тәртипти пайда етиў формасы. Ол тийкарынан мәмлекетлик аппараттың ишинде таярланады, шет еллердиң де тәсири болыўы мүмкин. Миллий қәўипсизлик хызмети ҳәм әскерий контрразведка бул қубылыстың алдын алыў менен шуғылланады.
Do'stlaringiz bilan baham: |