8-тема: Сиясий философиялық ағымлар ҳәм сиясий идеология


§2. Миллий мәмлекет сыртқы сиясатының нәтийжелилигиниң тийкарғы факторлары



Download 1,04 Mb.
bet41/45
Sana21.02.2022
Hajmi1,04 Mb.
#32061
1   ...   37   38   39   40   41   42   43   44   45
Bog'liq
Сиясат философиясы Лекция текст

§2. Миллий мәмлекет сыртқы сиясатының нәтийжелилигиниң тийкарғы факторлары
Миллий мәмлекеттиң сиясатын ишки ҳәм сыртқы деп екиге бөлиў қабыл етилген. Сыртқы сиясат өзиниң мәнис-мазмуны бойынша ишки сиясат даўамы болады. Ишки сиясатта бир түрли, сыртқы сиясатта екинши түрли принцип пенен ис жүргизетуғын мәмлекет еле болған емес. Философиялық жақтан қарағанда, ишки ҳәм сыртқы сиясат ортасында диалектикалық байланыс пенен бир қатарда өз-ара сай келиў, теңлик ҳалаты болып турады. Бирақ, олардың нәтийжелилиги бирдей болмаўы да мүмкин. Өйткени, мәмлекетлерара мүнәсибетлер муҳити менен мәмлекет ишиндеги муҳит, яки аўҳал бәрҳама белгили бир парыққа ийе болады. Бул тәбийий, ишки ҳәм сыртқы сиясат саласында искерлик жүритиўши сиясат субъектлери түрли сиясий мәдениятқа ийе болады. Бул сиясаттаныўда еле терең үйренилиўи керек проблема.
Миллий мәмлекет сиясатының нәтийжелилиги дегенде мыналарды нәзерде тутамыз:
- алып барылып атырған сиясат жәмийеттиң материаллық ҳәм руўхый раўажланыўына қай дәрежеде тәсир етип атыр;
- ишки ҳәм сыртқы сиясат халықтың турмыс дәрежеси, пәраўанлығына қай дәрежеде тәсир етпекте;
- пуқаралардың жүргизилип атырған сиясатқа, биринши гезекте ишки сиясатқа мүнәсибети қандай ҳ.т.б.
Бир нәрсе анық: пуқара, халық мәмлекет сиясаты қалай баҳаланыпп атырғанына қарап емес, ал бул сиясат оның турмысына қандай тәсир етип атырғанына қарап жуўмақ шығарады. Бул улыўмаинсаний қағыйда. Бул сайлаў нәтийжесине, ҳүкимет тәғдирине тиккелей тәсир етеди, импичмент ҳәм вето сиясаты тийкарында жатады. Бул қағыйда мәмлекет өз халқының миллий мәпин қалай әмелге асырып атырғанын көрсетип турады.
Миллий мәмлекет сиясаты нәтийжелилигиниң биринши ҳәм баслы принципи – демократия. Қалаберсе, ол сол нәтийжеликтиң факторыда. Демократияның бас талапларының бири ҳүкимет искерлигиниң ҳәр қандай басқышының ашкаралық принципине бағыныўы. Мәмлекет сиясатының ашық болыўы пуқараларға улыўма жағдайды билип отырыўға, бар болған проблемаларды, қарсылықларды ҳ.т.б. ҳалатларды аңғарыўға жәрдем етеди. Бул сиясий активлиликти арттырады, социал инфактилликти, яғный сиясатқа не болса – сол болсын деген кейипти жоқ етеди, пуқаралар арасында критика ҳәм өз-ара киритиканы жүзеге шығарады. Демократиялық, халықшыл мәмлекет өз кемшиликлерин халықтан жасырмайды. Тоталитар, административлик-буйрықпазлыққа тийкарланған мәмлекетте ашкаралық болмайды, соның ушында коррупция, еки жүзлилик, парахорлық ҳәм басқа иллетлер бундай мәмлекетлердеги сиясий тәртиплердиң жолдасы болады. Бурынғы советлер мәмлекети усындай еди. Ғәрезсизлик журтымызда бундай ҳалатқа жоқ қойды.
Миллий мәмлекет сиясатының нәтийжелилигиниң жеке бир әҳмийетли факторы – сиясий реаллықта ҳәкимиятты ҳәр қандай пуқара, пуқаралар топары яки жамаатлық бирлеспелери тәрепинен ҳеш қандай тосықларсыз қадағалаў имканиятының бар болыўы. Халықшыл мәмлекет усыған имканият береди, ал бул айрым адамларды мәмлекетти жеке мәпке пайдаланыўына жол қоймайды, мәмлекеттиң күшине күш қосады.
Миллий мәмлекет сиясатының нәтийжелилигин орынлаўшы ҳәкимияттың искерлигиниң нәтийжелилигине тиккелей байланыслы. Мәселен, ҳуқықты қорғаўшы шөлкемлердиң, қадағалаўшы органлардың искерлигине көп нәрсе байланыслы.
Миллий мәмлекет сиясатының нәтийжелилиги “төртинши ҳәкимият” деп баҳаланатуғын ғалаба хабар қуралларының искерлигине де байланыслы. Жәмийетте еки түрли - рәсмий ҳәм рәсмий емес хабар каналларының болатуғынлығын, олардан шебер пайдалана билиў керек.
Миллий мәмлекет сиясатының нәтийжелилиги пуқаралардың қандай қәдириятлар негизинде сиясатқа баҳа бериўлерине де байланыслы болды. Мәселен, жуўапкершилик, шахстың өзиниң ишки потенциалын жүзеге шығара алыўы який алмалығы, еркинлик, қәўипсизлик, ҳуқықый кепиллик, пәраўанлық усаған улыўмаинсаний қәдириятлардың турмыслық итияжға айланғанлығы, екинши тәрептен мәмлекет адамлар мәпин қай дәрежеде сәўлелендирип атырғанлығы миллий мәмлекет сиясатының нәтийжелилигинде, тәғдиринде белгилейди.
Бул жерде биз сөз еткен, миллий мәмлекет сиясатының нәтийжелилигиниң факторлары стратегиялық әҳмийетке ийе, ал олардан пайдаланыў тактикасын ислеп шығыў мәмлекетлик хызметкерлердиң сиясий мәдениятына, билим ҳәм көнлигиўлерине байланыслы болады.



Download 1,04 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   37   38   39   40   41   42   43   44   45




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish