8-тема: Сиясий философиялық ағымлар ҳәм сиясий идеология


§5. Глобализация, регионализация ҳәм интеграция - жәҳән сиясий процесслериниң бас тенденциясы



Download 1,04 Mb.
bet44/45
Sana21.02.2022
Hajmi1,04 Mb.
#32061
1   ...   37   38   39   40   41   42   43   44   45
Bog'liq
Сиясат философиясы Лекция текст

§5. Глобализация, регионализация ҳәм интеграция - жәҳән сиясий процесслериниң бас тенденциясы
XX әсирге келип дүньялық сиясий процесслерде интеграция, кооперация ҳәм регионализация тенденцяилары қәлиплести. XXI әсирде бул тенденция тағыда күшеймекте ҳәм тереңлеспекте. Сиясат философиясының илимий методологиясы бойынша жәҳәнде уллы мәмлекетлер ортасында өз-ара паритет ҳалаты глобализация тенденциясының оң ҳәм терис полюслерге тийкаланыўының дерек береди. Бурынғы СССР бөлекленип кеткен болса да жәҳән сиясий картасында жеке ҳәкимлик ушын гүрес өзгеше формада даўам етпекте. “Суўық урыс” дәўиринде топланған идеялық гүрес, өз-ара бәсеке жарыс руўхы ҳәм тәжрийбесин ири мәмлекетлер тәрепинен пайдаланыўға умтылыўлар көринбекте.
НАТОның Шығыс Европаға қарай жылжыўы, Россия, Белоруссия, Қазақстан, Россия ҳәм Қытай сиясий бирге ислесиўиниң күшейиўи, АСЕАН, НАФТА, ГУУАМ, ЭКО ҳ.т.б. экономикалық аўқамлардың жәҳән сиясий шахмат картасында орны ушын гүреси буның дәлили.
Екинши дүнья жүзилик урыстан кейин дүньялық көлемде интеграцияға умтылыў күшейе басланды. БМШ, ЮНЕСКО, НАТОның дүзилиўи бул процессти тағы да тереңлестирди. 1957 жылы Рим шәртнамасы тийкарында Европа аўқамы (союзи)на тийкар салынды. 90 жылларға келип СССРдиң бөлеклениўи ҳәм жас ғәрезсиз мәмлекетлердиң пайда болыўы Батыс Европада жаңаша сиясий мухитти пайда етти. 1991 жыл декабрьде Европа Аўқамы ҳаққында (Мастрихт) Шәртнамасына қол қойылды. Бул жетекши мәмлекетлер болған АҚШ ҳәм Японияға Европа базарынан шығып қалыў қәўипин туўғызды. АҚШ өз қоңсысы Канада менен ҳәм оңтүсликтеги қоңсысы Мексика менен келисип Солтүслик Америка еркин саўда зонасын – НАФТАны дүзди. 80 жыллардың ақырында Оңтүслик Америкада Аргентина, Бразилия, Парагвай, Урагвай мәмлекетлери Меркосур атлы еркин саўда зонасы, Африкада сол материк мәмлекетлериниң бирлигин сүўретлеўши Лагос ҳәрекети режеси пайда болды. Австралия ҳәм Жаңа Зеландия мәмлекетлери өз-ара мүнәсибетлерди еркинлестириў илажларын белгиледи.
Азия ҳәм Тыныш океаны регионындағы АСЕАН, АТЭС, СААРҚ ҳәм тағы басқа экономикалық интеграция шөлкемлери пайда болды.
Орта Азияда Өзбекстан мәмлекети усынысы менен “Түркстан – улыўмалық үйимиз” лазунгасы менен интеграцияланыўы ҳәрекетлер-шаңарақлар болды. Бизиң бул ис ҳәр қыйлы объектив ҳәм субъектив себеплер нәтийжесинде әмелге аспады.
Сиясат философиясы көз-қарасынан регионал интеграция ҳәм глобализация процесслери XXI әсирде көп полюсли сиясий тәртиплердиң орнатылыўына алып келди деп, логикалық жуўмақ шығарыўға мүмкиншилик береди.
Дүньялық көлемде бир халықара информацияық мәкан – интернет байланыс тизиминиң раўажланыўы мәдения ҳәм жәмийетлик-сиясий турмыстың глобалласыўын тезлестиреди.
XXI әсирге келип ҳеш бир мәмлекет дүньялық сиясий процесслерден тыс жасай алмайды. Глобализация жәмийетлик турмыстың барлық салаларын қамтып алмақта, ал бул өз гезегинде жаңаша қәдириятлар системасын, пүткиллей жаңа информациялық майданды қәлиплестирмекте. Бул майданды айрым футурологлар инсанияттың раўажланыўында “үшинши басқыш” який “үшинши толқын” (А.Тоффлер) деп баҳалайды. Глобализация өзиниң унамлылығы менен бирге, бир қатар унамсыз ақыбетлерге алып келиўи мүмкин. Мәселен, айрым миллий қәдириятлар ассимиляцияға ушыраўы, миллий өзликти аңлаў әлсиреўи мүмкин. Айрым алымлар (С.Хантингтон) бул жағдай диний конфессиялар, субмәдениятлар ҳәм цивилизациялар ортасында қарсылықты күшейтеди деп болжайды.
Бирақ не болғанда да сиясат философиясы көз-қарасынан алғанда глобализация инсаниятқа өз-ара жақынласыўға, полюслик сиясий қарсылықларды сапластырыўға, инсаниятқа космослық цивилизациялар менен байланыс жасаўға мүмкинлик жаратады.

Download 1,04 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   37   38   39   40   41   42   43   44   45




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish