11-Тема: Пикир ҳǝм ой жуўмақ. Реже


) Методологиялық белгиси бойынша



Download 88 Kb.
bet6/7
Sana25.02.2022
Hajmi88 Kb.
#268434
1   2   3   4   5   6   7
Bog'liq
Лекция 11-тема. философия

1) Методологиялық белгиси бойынша, яғный логикалық избе изликти басшылыққа алыўдың бағдары бойынша ой жуўмағы төмендеги түрлерге бөлинеди:
а) дедуктивлик ой жуўмағы - улыўмалық билимнен дара билимге өтиў нәтийжесинде алынған ой жуўмағы болып табылады.
б) индуктивлик ой жуўмағы - жекелик билимнен улыўмалық билимге өтиў нәтийжесинде алынған ой жуўмағы болып табылады.
в) аналогиялық ой жуўмағы- дара билимнен дара билимге өтиў нәтийжесинде алынған ой жуўмағы болып табылады.
2) логикалық белгиси бойынша, ямаса логикалық избе изликти басшылыққа алыўдың қатаңлығын есапқа алыў дәрежеси бойынша ой жуўмағын үлкен еки түрге бөлиўге болады.
а) демонстративлик ямаса зәрүрлик логикалық байланысы бойынша ой-жуўмағы, басқаша айтқанда, ой-жуўмағының бул түринде тийкардан жуўмаққа өтиў зәрүрлик характерге ийе болады.
б) итималлылық ой-жуўмағы ямаса демонстративлик емес ой жуўмағы. Бундай ой-жуўмағында тийкардан жуўмаққа өтиў зәрүрлик қәсийетке ийе емес характерде болып, шынлыққа уқсаслық белгиси менен айрылып турады. Айрым жағдайларда буларды шынлыққа жақын ой жуўмағы депте атайды. Бундай ой-жуўмағында логикалық өтиў, яғный тийкарлардан жуўмақтың алыныўы итималлылыкқа бағдарланған халда орынланады. Ой жуўмағын биринши белгиси бойынша қараймыз.
Дедуктивлик ой-жуўмағы ҳәм оның тийкарғы түрлери
Дедуктивлик ой жуўмағы (дедукция термини латын тилинен алынып, келтирип шығарыў (выведение) дегенди аңлатады) деп улыўма билимнен дара билимге өтиў характери логикалық зәрүрликке ийе болған ой жуўмағына айтамыз. Яғный тийкарлар менен жуўмақтың арасында байланыс формал логикалық нызамларды береди, сол себепли тийкарлар шынлыққа ийе болады. Дедуктивлик ой-жуўмағы ҳәр қыйлы болыўы мүмкин. Олардың ҳәр қыйлы болыўы, тийкар ретинде қандай критерийдиң өлшемниң алыныўынан ғәрезли. Дедуктивлик ой-жуўмағын еки тийкар бойынша түрлерге бөлиўге болады.
1. Берилген пикирлерден жуўмақтың алыныўы, пикирлер арасындағы логикалық байланыстың характери бойынша дедуктивлик ой-жуўмағын шәртли ой жуўмағы, шәртли кескин ой-жуўмағы, бөлиўши кескин ой-жуўмағы, шәртли бөлиниўши ой-жуўмағы түрлерине бөлиўге болады.

Download 88 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish