11-Тема: Пикир ҳǝм ой жуўмақ. Реже


Әпиўайы пикирдиң екинши кең таралған түри ретинде реляцион (қатнаслы) пикирди алып қараўға болады



Download 88 Kb.
bet5/7
Sana25.02.2022
Hajmi88 Kb.
#268434
1   2   3   4   5   6   7
Bog'liq
Лекция 11-тема. философия

Әпиўайы пикирдиң екинши кең таралған түри ретинде реляцион (қатнаслы) пикирди алып қараўға болады.
Реляциялық (қатнаслы) пикирлер деп предметлер арасында белгили бир қатнаслардың барлығын ямаса жоқлығын сәўлелендириўши пикирлерге айтамыз. Пикирлерде қатнаслардың орнына қарай (жуп, үш предмет арасындағы, n предмет арасындағы) жуп ҳәм оннан да көп предметлер ҳаққында пикир мақулланыўы ямаса бийкарланыўы мүмкин. Мысалы, "Нөкис Халқабадқа салыстырғанда үлкен".
Қатнаслар менен пикирлер сапасына қарай мақуллаўшы ҳәм бийкарлаўшы пикирлер болып бөлинеди. Мақуллаўшы пикирлерде предметлердиң белгили бир қатнаста болатуғынлығы мақулланады, ал бийкарлаўшы пикирлерде бул қәсийеттиң барлығы бийкарланады. Формуласы: А R В.
Қатнаслар менен пикирлер санлық көрсеткишине байланыслы да типлерге бөлинеди. Мысалы, еки орынлық қатнас менен пикирлер "жеке-жеке", "улыўма-улыўма", "дара-дара", "жеке-улыўма", "жеке-дара", "улыўма-жеке", "дара-жеке", "улыўма-дара", "дара-улыўма" болып бөлинеди. "Жеке-жеке" пикирге мысал ретинде "Гүлбәҳәр Айзададан узын" деген пикирди алып қараўға болады. "Улыўма-улыўма" пикирге мысал ретинде "Бизиң группаның ҳәр бир студенти бизиң факультеттиң ҳәр бир оқытыўшысын биледи" деген пикирди алып қараўға болады.
Әпиўайы пикирлердиң тағы бир түри ретинде экзистенционал пикирлер алып қаралады. Бул пикирлерде предметлердиң жасаў (өмир сүриў) ямаса жасамаў фактине дыққат аўдарылады. Мысалы, "Материя жасайды".
Ой-жуўмағы деп белгили пикирлерден, яғный тийкарлардан логика нызамларына бойсынған ҳалда жаңа пикир, яғный жуўмақтың алыныўын сәўлелендириўши ойдың формасына айтылады. Бул пикирлердиң айрымлары бизге белгили болса, ал айрымлары бизге белгисиз жаңа пикирди береди. Сол себепли ой-жуўмағы деп пикирлердиң бир пүтин жыйнағына, пикирлердиң тәртиплестирилген көплигине айтылады. Ой-жуўмағы тийкарлардан, жуўмақтан ҳәм тийкар менен жуўмақтың арасындағы логикалық байланыстан турады. Ҳәр қандай ой-жуўмағында белгили пикирлер арқалы берилетуғын информация посылкалар (тийкарлар) деп, ал логикалық жол менен тийкардан алынатуғын жаңа пикир - жуўмақ деп аталады. Белгили тийкарлардан жаңа жуўмақтың алыныўына өтиў процессин, яғный тийкар ҳәм жуўмақ арасындағы байланысты логикалық избе-излик деп атаймыз. Бул айтылған мазмунды төмендегише улыўма схема түринде көрсетиўге болады.
А.В.С.. берилген белгили тийкарлар (посылкалар), Q- жаңа ой жуўмағы. Бул жерде тийкарлар да, жуўмақ та пикирлер туринде бериледи. Ал логикалық избе-изликти болса логикалық байланыс деп те, логикалық жуўмақ деп те, логикалық өтиў деп те атайды. Логикалық избе изликти басшылыққа алыўды төмендеги формула менен бериўге болады: АВ (бул логикаға тийкарланған ҳалда ямаса логикалық жақтан келип шығады деген мәнини аңлатады).
А,В,СQ
Жоқарыда келтирилген мазмунға байланыслы «солай етип», «сол себепли», «буннан келип шығады» деген түсиниклер ой жуўмақтың көрсеткиш белгиси болып табылады. Мысалы,
«Барлық адамлар (S) өледи (Q)». (S-Q)
«Азиза (S)- Адам (P)». (S-P).
Усыған тийкарланған ҳалда, сол себепли SQ болады. («Азиза өледи»).
Айрым жағдайларда ой-жуўмағында тийкар ямаса жуўмақ түсирилип қалыныўы да мүмкин. Мысалы, «Ҳәр қандай жынаят жуўапқа тартылады». (Урлық жынаят). «Урлық жуўапқа тартылады». «Урлық-жынаят» деген пикир түсирилип қалынған ямаса қысқартылған тийкар түринде берилген. Бундай жуўмақты энтимематикалық (яғный бир пикирдиң қысқарылып қалыныўы түринде берилетуғын жуўмақ) жуўмақ деп айтыўға болады.
Логикалық избе изликти басшылыққа алыў деп биринши пикирдиң ҳақыйқатлығы тийкарында, екинши пикирдиң барқулла ҳақыйқат болыўын көрсетиўши пикирлер арасындағы қатнасқа айтылады. Олар «егерде P (тийкарғы шәрти) болса, онда Q (логикалық нәтийже) болады» түринде бериледи (PQ). Солай етип, логикалық байланыс логикалық нызамға бойсыныўды көрсетеди.

Download 88 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish