- базардың шегаралық сегментлери бойынша арнаўлы бөлимлердиң жоқлығы
- базар талапларының өзгериўи ҳәм тутыныўшылар талабына оператив реакцияның пәслиги:
- маркетинг шөлкемлери илажларының финансластырыў мәселелерин шешиўдиң қыйынласқанлығы.
Товар принципи бойынша шөлкемлестириў товарлар ҳәм олардың топарлары бойынша бөлимлер шөлкемлестириўди талап етеди. Онда товар бөлимлери бойынша ғәрезсиз қарар қабылланады.
Товар принципи бойынша шөлкемлестириў формасы да кемшиликлерге ийе. Басқарыўдың бул сияқлы системасы маркетинг ҳәрекетиниң өзине тән тәреплерин бәрқулла итибарға алмайды. Товарлар бойынша топаржумысшылары өз мажбуриятларын нәтийжели атқарыў ушын жетерли ҳуқықларға ийе емес, басқарыў аппаратында үлкен сандағы топар ҳәм кишкене топарлар пайда болыўы менен оларды услап турыў үлкен қарежетлерди талап етеди.
Базар принципи бойынша шөлкемлестириўге дерлик барлық кәрханалар өз товарының характери тәрепинен түрлише болған базарларда сатады. Түрли базарлардың сатып алыў өзгешеликлери яки түрли тавар абзаллықларына ийе болған жағдайларда ғана базар принциплерине қарай шөлкемлестириў мақсетке муўапық болып табылады. Соның ушын маркетинг хызмети бөлимлери тийкарғы базарларға қарап дүзиледи.
Қадағалаў ҳәм талқылаў ушын сораўлар 1.Маркетинг системасы дегенде нени түсинесиз
2. Маркетингти басқарыў процеси неше басқыштан ибарат.
3. Маркетинг шетқы орталығы дегенде нени түсинесиз.
4. Макро ҳәм микро маркетинг дегенимиз не.
5. Ишки орталық факторларына нелер киреди.
4-тема. Маркетинг дәстүри .
4.1. Маркетинг дәстүри ҳаққында түсиник.
Тар мәнисте маркетинг дәстүри (бизнес реже) ҳүжжет болып,кәрхананың базарда анық ҳәрекет көрсетиў принципин көрсетеди. Маркетинг дәстүри кеңирек мәнисте болса кәрхана имканиятларын базар талапларына сәйкеслигине бағдарланған анализ, режелестириў ҳәм қадағалаў процеси деп қаралады. Маркетинг дәстүри қысқа мүддетли (бир жылға шекем), орта мүддетли (5жылға шекем) ҳәм узақ мүддетли (10 жылға шекем ҳәм оннанда көбирек) болады. Олар улыўма формада ямаса кәрхананың арнаўлы ҳәрекетине белгиленген болыўы мүмкин.
Маркетинг дәстүри бул кәрхананы улыўма хожалық ҳәрекет директив режесин дүзиў ушын стратегиялық усыныснама ҳәм жоқары басқарыў буўыны ушын қарар қабыл қылыныўы тийкары болып табылады.Маркетинг дәстүриниң тийкарғы мазмуны –бул кәрхананың өткен дәўирдеги ҳәрекет нәтийжелери болып, онда мақсетли базардың раўажланыўының қысқа анализи ҳәм болжаўы, фирманың раўажланыўының тийкарғы мақсети, базардағы искерлигиниң стратегиялық жолы, товар, баҳа, сатыў ҳәм хошаметлеў сиясатларының илажларын, маркетинг изертлеўлериниң мазмуны, қарежетлер сметасы, маркетинг хәрекетлери нәтийжелигин алдыннан баҳалаў, маркетинг дәстүрин әмелге асырыў бойынша қадағалаў илажлары ҳәм ҳәрекетлери бериледи .
Маркетинг дәстүри маркетинг комплекси изертлеўлери ҳәм фирманың өз имканиятларын баҳалаў тийкарында дүзиледи. Дәстүр усыныслы ҳәрекетлерге ийе болсада,компанияны стратегиялық режелестириўде зәрур басқыш сыпатында көриледи.Фирмалар ҳәрекетиниң заманагөй шараятында маркетинг дәстүри компанияны жоқары басқарыў буўынының (жобаластрырыў, директив режелер, стратегиялық дәстүрлер,стратегияны таңлаў) дәрежесинде тийкарланып басқарыў қарарларын қабыл қылыў ушын зәрур болып табылады.
Маркетинг дәстүрин ислеп шығарыўда көп вариантлылық принциплери ислетиледи. Хызметти дүзилиўине қарай маркетинг дәстүриниң ҳәм режесиниң бир неше вариантлары; еки ямаса үш, яғный минимал, оптимал ҳәм максимал түрлери болады.Дастүрдиң минимал варианты, дәстүрди аўыр(жаман)шараятларда раўажландырыуды, максимал вариантында болса жақсы шараятларда раўажландырыўды көзде тутады.
Фирма ҳәр түрли маркетинг дәстүрин ислеп шығады, бағдарланыўына қарап маркетинг дәстүри жоқары ҳәм төменги буўын ушын болыўы мүмкин. Егер дәстүр жоқары буўын ушын болса , ол қысқа ҳәм анық болыўы керек. Себеби онда әҳмийетли тәрепи ажыратылып көрсетиледи. Төменги буўын ушын дүзилген дәстүрлерде болса, ҳәр бир сораўлар жарытылып бериледи.
Мүддетке қарап маркетинг дәстүри қысқа, орта ҳәм узақ мүддетли түрлерге бөлинеди. Айырым фирмалар болса еки жақлама дәстүр дүзеди, яғный узақ мүддетли ҳәм қысқа мүддетли дәстүрлер.
Әпиўайы маркетинг дәстүри фирманың ислеп шығарыў, сатыў ҳәрекети менен барлық функцияларының сораўларын шешиўге бағдарланады. Мақсетли дәстүрлерде болса жаңа өним ислеп шығарыў яки сегментти өзлестириў, фирма сиясатын хошаметлеў нәтийжелилигин асырыў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпаларды әмелге асырыўға қаратылады .
Объектине байланыслығына қарап маркетинг дәстүри өнимлер бойынша ҳәм ислеп шығарыў бойынша болып бөлиниўи мүмкин . 1. Ислеп шығарыў бойынша маркетинг дәстүри төмендеги мақсетлерге ийе:
- товарлар сиясатын есапқа алған ҳалда товарлар номенклатурасын анықлаў;
- инновация бойынша қарарды тийкарлаў;
- шығарылып атырған өним сыпалы ҳәм техник дәрежесин асырыў бойынша қарар қабыл қылыу ;
- товар ислеп шығарыў да ҳәр бир өним үлесин орнатыў;
- ислеп шығарыўды алдыңғы бағдарлары бойынша қәрежетлердиң улыўма көлеми ҳәм олардың дүзилиўин есаплаў;
- финансластырыў дереклерин табыў;
- ислеп шығарыўды материаллық ҳәм мийнет ресурслары менен тәмийинлеў;
-ислеп шығарыў нәтийжелигин анықлаў ҳәм пайданы болжаў.
Ислеп шығарыў бөлими бойынша маркетинг дәстүри фирманың толық ишки режелестириў ҳәм ислеп шығарыў режесин есапқа алыўшы оптималластырылған көрсеткишлерди өз ишине алыўы лазым. Сондай етип,ислеп шығарыў бойынша маркетинг дәстүри ислеп шығарыў бөлиминиң хожалық хызметиниң жәми көрсеткишлер топламының анализи тийкарында ислеп шығарылған тийкарғы хүжжет есапланады.
2. Өним бойынша маркетинг төмендеги мақсетлерге ийе:
- өнимниң оптимал техник-экономикалық көрсеткишлерин ислеп шығыў:
- өнимди ислеп шығыў ҳәм сатыў нәтийжелигиниң көп вариантлы есап китабын өткизиў;
- жаңа такомиллашкан товар ислеп шығарыў рентабеллигин ҳәм зәрүрлигин тийкарлаў;
- шығарылып атырған өним көлемин натурал ҳәм қун бирлигинде белгилеў;
- тутыныўшылардың мақсетли базарда көзлеген мақсетлерди есапқа алған ҳалда ҳәр бир товар бойынша сыпат көрсеткишлерди орнатыў;
- ҳәр бир өнимди интеграл баҳалаў (қәрежетлери, баҳа ҳәм пайданы салыстырыў);
- мақсетли базарда конкурентлердиң уқсас товарларын есапқа алған ҳалда ҳәр бир товар бойынша бәсекеге шыдамлығы дәрежесин есаплаў.