1-тема. Маркетинг ҳәм оның раўажланыўының тийкарғы басқышлары


Маркетинг дәстүрлерин ислеп шығарыў избе-излиги ҳәм тийкарғы бөлимлери



Download 190,87 Kb.
bet15/35
Sana11.11.2022
Hajmi190,87 Kb.
#863963
1   ...   11   12   13   14   15   16   17   18   ...   35
Bog'liq
2 5442749189337385979

4.3. Маркетинг дәстүрлерин ислеп шығарыў избе-излиги ҳәм тийкарғы бөлимлери
Маркетинг дәстүриниң үлгил дүзилиси өзинде төмендегилерди сәўлелендириледи:
- мақсетли базар усыныснамасы ҳәм раўажланыў болжаўы, сондай-ақ, маркетингтиң макро ҳәм микро орталық факторларын.
- мақсетли базарда фирманың, базар позициясы минез-қулқына тийкарланған стратегия ҳәм тактикасын таңлаў.
- товар, коммуникация, сатыў,баҳа ҳәм кадрлар сиясаты бойынша тийкарланған маркетинг комплекисин ислеп шығыў:
- дәстүрди финансластырыў дереклери ҳәм оны әмелге асырыўды қадағалаў.
Бирақ структураның толық стандартласыўы ҳәм унификацияласыўы ҳәмде маркетинг дәстүри мазмуны ҳәр қашанда мақсетке муўапық бола бермейди.
Дәстүрди ислеп шығыў ушын ислетилетуғын үлги көрсеткишлер системасы ҳаққында айтыў мүмкин. Сондай етип өним бойынша маркетинг дәстүриниң әҳмиетли көрсеткишлери төмендегилер болыўы мүмкин:
- көзде тутылып атырған базар үлеси:
- өним дифференциясы, базар үлеси ҳәм мақсетли базар усыныснамасы ҳәм болжаўын есапқа алған ҳалда оны шығарыў көлеми;
- болжанып атырған пайда ҳәм оның өсиў тезлиги;

- финанслық қәрежетлердиң дүзили (ислеп шығарыўын раўажланыўды, материаллық-техника тәмийнаты, сатыу ҳәм оны хошаметлеў, реклама, сервис хызметлери ҳәм басқалар);


- бир ғана өним ушын ислеп шығарыў қәрежетлерин есаплаў;
- пайданы анықлаў (жалпы өним сатыўдан түскен пайда хәм басқалар);
- сатыў нәтийжелигин баҳалаў;
- ислеп шығарыў рентабеллиги ҳәм басқа көрсеткишлерди баҳалаў.
Маркетинг комплекси өним яки ислеп шығарыў бөлими бойынша маркетинг дәстүриниң қуралы бөлеги сыпатында қурылыўы мүмкин, сондай-ақ компанияның базар сиясатының тийкарғы бағдары бойынша тийкарланған қарар ислеп шығыў мақсети болып есапланған маркетинг дәстүрин айрықша түри сыпатында қурылыўы мүмкин.Усындай дәстүрдиң үлги дүзилиси төмендеги бөлимлерди өз ишине алады:
- мақсетли базар (сегмент)дың раўажланыўын болжаў;
- мақсетли базарға салыстырғанда фирманың улыўма стратегиясы;
- товар сиясаты;
- коммуникация сиясаты;
- баҳа сиясаты;
- маркетинг комплексин әмелге асырыў ушын қәрежетлерди финансластырыў кереклери ҳәм бюджет;
- дәстүрдиң әмелге асырылыўын қадағалаў.
Маркетинг дәстүрин ислеп шығыўда келтирилип атырған төмендеги усынысларды есапқа алыў мақсетке муўапық.
1. Дәстүрди «Базар рауажланыўын болжаў» бөлиминде усыныснамалар бериледи, яғный:
- уқсас товардың жергиликли ислеп шығарыў көлеми;
- базар үлесиниң есабы;
- имканлы сатыў көлеми ;
- сатыўдың инфраструктура дүзилиси;
- төлеуге шекем талап дәрежеси ҳәм динамикасы;
- көзде тутылып атырған баҳа дәрежеси;
- товар сапасы ҳәм техник дәрежесине талаплар;
- сатып алыўдың мотиви ҳәм минез қулқы қәсиетлери;
- сервистиң талап етилиў дәрежеси;
- бир харбир алынған орташа көлеми ҳәм басқалар.
2. «Кәрхананың базар стратегиясы» бөлиминде кәрхананың тийкарғы бәсекели абзаллықларын анықлаў менен таңланған базарда сатыўды амелге асырыў имканиятлары баҳаланады. Буның ушын төмендеги минезлемелер есапланады:
- таңланған мақсетли базар ҳәрекетиниң күтилип атырған рентабеллиги;
- фирманың режелестирилип атырған товар сатыў көлеми;
- фирманың базар үлеси динамикасы;
- талап динамикасы ҳәм потенциал талап өлшеми.
Компанияның бәсекешилик абзаллықларын товар бойынша, баҳа дәрежеси, көрсетилип атырған хызмет ассортименти, коммуникация сиясатының хәзирги шараятқа сай келиўи ҳәм оның маркасын потенциал қарыйдарлар ортасында белгили екенлиги бойынша бөлистириў мүмкин.
Дәстүрдиң бул бөлиминде сондай-ақ усы компания ҳәрекетинен таңлаған базарда ресурслар (финанслық, ислеп шығарыў,маркетинг, инсан) менен тәмийнленгенлигине баҳа бериў зәрүр. Товар сиясатын ислеп шығыўда төмендеги мағлыўматлар есапқа алынады;
- товардың жаңалық дәрежеси;
- шығарылып атырған өнимниң ассортименти;
- усы базар сегментиндеги уқсас товарлар яки орынбасар товарлар саны;
- усы базар сегментиниң анық қарыйдарлары мүтәжлигине оның сай келиў дәрежеси;
- товар сапасы;
- технологик қурамалылығы;
- сатыўға шекем ҳәм сатыўдан кейинги хызмет көрсетиў бойынша талаплар дәрежеси;
- жаңа товар ушын ; патентти қорғаў ҳәм патент тазалығы;
- таза товарды жаратыў қәрежетлер көлеми;
- мақсетли базарда таза товарды ислеп шығарыў ҳәм сатыў рентабеллиги;
- инвестицияны қаплаў мүдетти;
- жаңа ассортиментти өзлестириў мүддети ҳәм оны оптималластырыў;
- бир ғана өним ушын қәрежетлер ҳәм басқалар;
Сатыў сиясатын ислеп шығыўда төмендегилер есапқа алынады;
- сол базар сегментинин сатыў тармағына талапнамасы;
- фирма сатыўын шолкемлестириў дүзилиси ҳәм тәжирийбели саўда ийелери саны;
- усы базар сегментинде сизиң кәрханаңыз ис тәжирийбесин баҳалаў;
- сатыў системасын жаратыў ушын финанслық қаржылар бар екенлиги;
- шахсий сатыў системасын ҳәм анық мирәтнамалар рентабеллигин салыстырма баҳалаў;
- базарға бар товарды жеткерип бериўди әмелге асырыў;
- потенциал буўыртпашылар саны;
- буйыртпаны бөлистириў ҳарактери;
- сатыўдың географик концентрациясы;
- ақырғы тутыныўшылардың әдетлери ҳәм абзаллықлары;
- товардың бөлиниўшеңлиги;
- товардың өзгериўшеңлиги ҳәм турақлы емеслиғи;
- баҳа сиясатын ислеп шығып ,сондай параметрлерди есапқа алыў пайдалы :
- бәсекелеслер әмелиятда есапқа алған ҳалда фирма имканиятлары ҳәм мақсетлерине сай келиўши баҳаны пайда етиў усылын таңлаў;
- бир ғана өним ушын баҳа дәрежеси;
- товардың жасаў дәўири басқышына сай,баҳа динамикасы;
- товардың жаңалық дәрежеси, сапа парқлары ҳәм техник дәрежси, бойынша ассортиментде (номенклатура)ги баҳа қатнасы;
- мақсетли базардағы бәсекелесип атырған аналог пенен баҳа дәрежеси мүнәсебети;
- талаптың эластиклик дәрежеси;
- функционал ҳәм сап бәсеке дәрежеси;
- мақсетли базарға жаңа товар шығарыў ушын баҳа стратегиясын таңлаў;
- сервис сиясаты, сауда материялын белгили болыў дәрежеси сатыў каналының узынлығы, жеткизип бериў шәрт-шараятлары ,шегирпе дизимин ҳәм басқалардың баҳағақа сай келиўи .
3. «Коммуникация сиясаты» бөлиминде товарды базарға жылжытыў сиясатын айрықша пайда етиўшилери менен бюджетти бөлистириў ҳәм оларды таңлаўды тийкарлаў, коммуникация қураллары ҳаққындағы сораўды шешиўдиң усыныс етиледи.
Реклама компаниясы хаққында қарар қабыл етиў ушын төмендегилерди анализ етиў зәрүр;
- реклама сиясаты қәсийетлери ;
- реклама аргументлери ;
- реклама компаниясы режеси;
- сол базар сегментинде көзде тутылған ҳәм нәтижели реклама қураллары;
- реклама қәрежетлери көлеми;
- реклама нәтийжелигин бақлау усыллары;
- товар харектерине рекламаның сай келиўи;
- реклама илажларының байланысы;
- ақырғы тўтыныўшылар ҳәм сатыў бойынша қуралшыларды хошаметлеў қуралларын таңлаў;
- сатыўды хошаметлеўге финанслық қаржылар ажыратыў услублары,қабыл етилген процентлер услубы пайда суммасыннан процент белгилеў услубы ,келесиде көзде тутылған яки өткен дәўирде сатыў көлеминен ҳәм басқалар.
Маркетинг дәстүрин әмелге асырып бюджетти анықлаў арқалы төмендегилерди көрип өтиў зәрүр:
-сол дәстүрде көрилип атырған бәрше маркетинг илажларды әмелге асырыў ушын улыума -қәрежетлер көлемин;
-маркетинг изерлеўлери қарежетлери;
-базарды рауажландырыў болжаўын дүзиў қәрежетлери;
-маркетинг дәстүрин дүзиў ушын қәрежетлер;
-компанияның маркетинг бөлими хызметкерлерине ис ҳақы ушын қәрежетлер;
-арнаўлы маркетинг ҳәм реклама шөлкемлери хызметлери ушын ҳақ төлеў қәрежетлери;
-сол маркетинг дәстүрлерин әўелден ҳәм ақырғы нәтижелигин баҳалаў ушын қәежетлер;
-маркетинг дәстүрди алып барыўда қадағалаўды әмелге асырыў ушын қарежетлер ҳәм мониторинг;
-маркетинг дәстүрин. әмелге асырыў дәўиринде ағымдағы өзгерислерди киритиў ушын қәрежетлер ҳәм басқалар.



Download 190,87 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   11   12   13   14   15   16   17   18   ...   35




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish