1-тема. Киши бизнес ҳӘм исбилерменликтиң ӘҲмийети ҳӘм мазмуны



Download 159,65 Kb.
bet12/27
Sana22.02.2022
Hajmi159,65 Kb.
#107047
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   ...   27
Bog'liq
ои лшефз

1.7.1-кесте.
2007-2009 жылларда Халық аралық пән олимпиадаларында улыўма билим бериў мектеплери оқыўшыларының көрсеткен нәтийжелери ҳаққында мағлыўмат



Жыллар

Пәнлер аты

Қатнасыўшылар саны

Өткерилген орны

Жәми
медаллар
саны

Алтын
медал

Гүмис
медал

Бронза
медал

Диплом

2007 жыл

Математика

6

Въетнам

4




1

3




Математика

8

Москва

0










3

ЖӘМИ

14




4

0

1

3

3

2008 жыл

Физика

4

Алмата

2




1

1




Математика

4

Алмата

1







1




Математика

6

Испания

4







4




Химия

13

Ташкент

13

1

1

11




ЖӘМИ

27




20

1

2

17




2009 жыл

Математика

6

Германия

3




1

2




Улыўма жәми

47




27

1

4

22

3

Жас шаңарақларға ғамқорлық көрсетиў ҳәм оларды ҳуқықый ҳәм социаллық қорғаўды тәмийинлеў ҳәмде саламат ҳәм беккем шаңарақты пайда етиў ушын шараятлар жаратыў бойынша төмендеги илажлар әмелге асырылмақта:


- жас шаңарақларға турақ жай сатып алыў ушын кредитлер бериў;
- 2010-2011 жыллар даўамында Ташкент қаласы, Нөкис қаласы ҳәм ўәлаят орайларында 32 турақ жайларды жас шаңарақларға кейин ала сатып алыў шәрти менен ижараға бериў;
- 42 бахыт үйлерин қурыў ҳәм қайта оңлаў;
- республикамыздағы барлық район ҳәм қалаларда 10 кем тәмийинленген шаңарақлардың тойын өткерип бериў;
- барлық районлардағы 50 кем тәмийинленген жас шаңарақларға биреўден пулсыз қара мал ажыратыў;
- жас ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларға ҳәр айда материаллық жәрдемлерди әмелге асырыўда жәрдем бериўлери нәзерде тутылмақта.

Қысқаша жуўмақлар


Исбилерменлик дегенде юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен өним ислеп шығарыў (хызметлер көрсетиў) жолы менен тәўекелшилик етип, өзиниң мүлк жуўапкершилиги тийкарында әмелге асырылатуғын басламашылық хызмети түсиниледи.
Исбилерменликтиң қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўы ушын экономикалық, сиясий, социаллық ҳәм ҳуқықый шараятлар жаратылған болыўы лазым.
Исбилерменлик социаллық қатнасықлар пайда болыўының формаларынан бири сыпатында тек жәмийеттиң потенциалын арттырыўға көмеклесип қоймастан, ҳәр қандай инсанның қәбилети ҳәм шеберлигин көрсетиўи ушын қолайлы тийкар жаратады, миллий байлықлардың көбейиўине ҳәм дүнья жүзлик интеграцияласыўы процессине миллий рухты сақлап қалыўға жәрдем береди. Сонлықтан исбилерменликти раўажландырыўға ҳәм оның ҳуқықый базасын беккемлеўге мәмлекет тәрепинен үлкен итибар берилмекте.
2. Тема. Киши бизнес ҳәм исбилерменлик хызметин шөлкемлестириў ҳәм басқарыў

2.1. Киши бизнес ҳәм исбилерменлик кәрханаларын шөлкемлестириў ҳәм мәмлекетлик дизимнен өткизиў тәртиби.


2.2. Киши бизнес ҳәм исбилерменлик кәрханаларына лицензия бериў тәртиби.
2.3. Киши бизнес ҳәм исбилерменлик хызметин басқарыўдың мақсети ҳәм ўазыйпалары.
2.4. Киши бизнес ҳәм исбилерменлик кәрханаларын басқарыўдың шөлкемлестириўшилик структуралары.
2.5. Киши бизнес ҳәм исбилерменликте басшының басқарыў методикасы.


2.1. Киши бизнес ҳәм исбилерменлик кәрханаларын шөлкемлестириў ҳәм мәмлекетлик дизимнен өткизиў тәртиби
Киши бизнес ҳәм исбилерменлик кәрханаларын шөлкемлестириў бир неше басқыштан ибарат. Усы басқышлардың избе-излиги 2.1.1-сүўретте көрсетилген.

Дүзиўшилер қурамын анықлаў ҳәм дүзиў бойынша ҳүжжетлерди таярлаў



2.1.1-сүўрет. Киши бизнес ҳәм исбилерменлик кәрханаларын шөлкемлестириў тәртиби

Жаңа кәрхананы шөлкемлестириўде дүзиўшилердиң қурамы белигиленип, дүзиў бойынша ҳүжжетлер, яғный кәрхананың уставы, кәрхананы шөлкемлестириў бойынша дүзиўшилердиң шәртнамасы ҳәм басқада норматив ҳүжжетлер ислеп шығылады. Соның менен бирге кәрхана басшысын ҳәм ревизия комиссиясы баслығын тайынлаў ҳаққында қатнасыўшылар мәжилисиниң 1-санлы баянламасы рәсмийлестириледи. Соңынан банкте ўақтынша есап бети ашылады, кейин 30 - күн ишинде устав капиталының 50 проценти келип түсиўи керек. Кейин кәрхана дүзилген орындағы жергиликли ҳүкимет мәкемелери тәрепинен мәмлекетлик дизимнен өтеди.


Биржа, аудиторлық фирмалары ҳәм шет ел инвестициясына ийе болған кәрханалар болса Өзбекстан Республикасы (Қарақалпақстан Республикасы) Әдиллик министрлигинен дизимнен өтеди.
Кәрхананы мәмлекетлик дизимнен өткизиў ушын төмендеги ҳүжжетлер усынылады:
- кәрхананы дизимнен өткизиў ҳаққында дүзиўшилердиң арзасы;
- нотариал мәкемелери тәрепинен тастыйықланған еки нусқадағы дүзиў бойынша ҳүжжетлер (кәрхананың уставы, кәрхананы дүзиў бойынша шәртнама);
-кәрхананың мәнзилин тастыйықлаўшы ҳүжжет;
- мәмлекетлик бажыны төлегенлиги ҳаққындағы банктен берилген ҳүжжет;
- ҳәкимияттың ўәкилликли органлары тәрепинен кәрхананың аталыўы ҳаққында берилген гуўалық;
- мөр ҳәм тамғаның (штамп) үш нусқадағы үлгиси.
Кәрхана жергиликли ҳәкимият ҳәм басқарыў мәкемелерине зәрүр ҳүжжетлерди қосымша қылып, арза тапсырған күннен баслап, узағы менен 7 жумыс күнинен 30 жумыс күнине дейинги мүддетте мәмлекетлик дизимнен өткизилиўи керек. Кәрхананың мәмлекетлик дизимнен өткизилгенлиги ҳаққындағы мағлыўматларды Өзбекстан Республикасы бирден бир мәмлекетлик реестрине киритиў ушын 10 күн мүддет ишинде Мәмлекетлик статистика комитетине хабар етиледи. Кәрхана мәмлкетлик дизимнен өткизилген күннен баслап шөлкемлестирилген ямаса ашылған деп есапланылады.
Мәмлекетлик дизимнен өткизилгеннен ҳәм исбилерменлик хызметине рухсат етилгеннен соң кәрхана басшылары:
- думалақ мөр ҳәм тамғаға буйыртпа береди;
- банкте есап бетин ашады;
- салық инспекциясынан дизимнен өткизеди;
- халықты социаллық қорғаў фондынан дизимнен өткизеди;
-бәнтлик орайынан дизимнен өткизиў керек.
Банкте есап бетин ашыў ушын төмендеги ҳүжжетлер усынылады:
-кәрхана басшысының арзасы;
-ҳәкимият тастыйықлаған дүзиўшилер ҳүжжетлери;
-нотариус тастыйықлаған имза үлгилери;
-мөр ҳәм тамға менен тастыйықланған карточкалар;
-ҳәкимияттың жергиликли кеңеси кәрхананы мәмлекетлик дизимнен өткизгенлиги ҳаққындағы қарардан көширме яки нотариус тастыйықлаған мағлыўматнама;
- салық органынан дизимнен өткенлиги ҳаққындағы мағлыўматнама.
Буннан кейин банк шөлкеми кәрхананың есап бетин ашады, бас есапшының имзасы қойылып, банктиң гербли мөри басылады.
Мәмлекетлик дизимнен өткеннен кейин барлық исбилерменлик субъектлери салық органына салық төлеўшиниң жеке (идентификация) рақамын алыў ушын мәмлекетлик дизимнен өткен ўақытта баслып 10 күн ишинде муражат етиўи керек.
Егерде кәрхана акционерлик жәмийети сыпатында пайда болған болса, оның дүзиўшилери акцияларды сатып алыў ушын оған ағза болыўы керек. Акцияларды сатып алыў ушын дүзиўшилер келешекте акцияларға ағза болыўы ҳаққында хабарнама шығарады. Хабарнамада акционерлик жәмийетиниң предмети, мақсети ҳәм мүддети, дүзиўшилер мәжилисиниң ўақты, устав фондының көлеми, акциялардың муғдары ҳәм түри, олардың қуны, акцияларға жазылыў мүддети ҳәм басқа да мағлыўматлар көрсетилген болады. Кейин дүзиўшилердиң мәжилиси өткизиледи. Ол төмендеги мәселелерди шешиўи керек:
-акционерлик жәмийетин дүзиў;
- акционерлик жәмийетиниң уставын тастыйықлаў;
- акцияларға ағза болыў тамаланғаннан соң устав фондының муғдарын анықлаў;
- акционерлик жәмийетиниң басқарыў органын сайлаў;
- жәмийеттиң хызмет бағдарларын белгилеў ҳәм басқалар.
2009 жылы исбилерменлердиң өз хызметин шөлкемлестириў менен байланыслы сарыпланатуғын қарежетлерди қысқарттырыў илажлары даўам еттирилди. Мәселен:
-архитектура-режелестириў тапсырмаларының топламларын алыў қуны – 4 есе;
-жойбар-смета ҳүжжетлерин экспертизадан өткизиў - 25 есе;
-кадастр ҳүжжетлерин рәсмийестириў қуны -2 есеге пәсейттирилди.
Исбилерменлик хызметин шөлкемлестириўдеги рухсат бериў процесслериниң қысқарттылыўы ҳәм төлемлердиң оптималластырылыўы менен байланыслы илажлар нәтийжелерин төмендеги кесте арқалы анық көриў мүмкин (2.1.1 - кесте).

Download 159,65 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   ...   27




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish