1-тема. Киши бизнес ҳӘм исбилерменликтиң ӘҲмийети ҳӘм мазмуны



Download 159,65 Kb.
bet2/27
Sana22.02.2022
Hajmi159,65 Kb.
#107047
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   27
Bog'liq
ои лшефз

«Исбилерменлик» түсиниги исбилерменниң энциклопедиялық сөзлигинде төмендегише тәрийипленеди:
Исбилерменлик – (ингл. ентерприсе) жеке дәрамат, пайда алыўға қаратылған пуқаралардың ғәрезсиз хызмети. Бул хызмет өз атынан, өзиниң меншик жуўапкершилиги ҳәм юридикалық тәрептиң юридикалық жуўапкершилиги тийкарында әмелге асырылады. Исбилермен (фран. ентрепренеур) нызам тәрепинен қадаған етилмеген барлық хожалық хызмети, атап айтқанда, дәлдәлшылық, сатыў, сатып алыў, мәсләҳәт бериў, баҳалы қағазлар менен ис алып барыў менен шуғылланыўы мүмкин.
Исбилерменлик жеке ҳәм жәмийетлик пайдаларды гөзлеген ҳалда дәрамат алыў ушын жумсалып атырған қаржы менен байланыслы хызмет есапланады. Исбилерменликке берилген бул анықлама толықлығы менен ажыралып турады. Бул анықламада исбилерменлик тек мәлим хызмет пенен шуғылланыў емес, ал тиккелей хызмет көрсетиўден ибарат екенлиги келтирилген. Исбилерменликке берилген бир қатар анықламаларда ең әҳмийетли жағдай, яғный жеке дәрамат пенен жәмийетлик дәраматтың бир пүтинлик өзгешелиги көрсетилмеген.
Жуўмақластырып айтатугын болсақ, исбилерменликтиң әҳмийетли белгилерине төмендегилер киреди:

  • хожалық хызметин алып барып атырған субъектлердиң өз бетиншелиги ҳәм еркинлиги. Ҳуқықый нормалар шегарасында ҳәр бир исбилермен ол ямас бул мәселе бойынша өз бетинше қарар қабыл етиўи мүмкин;

  • экономикалық мәпдарлық. Исбилерменликтиң тийкарғы мақсети максимал дәрежеде дәрамат алыўды гөзлеп, жәмийетлик раўажланыўға да өз үлесин қосыўдан ибарат;

  • хожалық тәўекелшилиги ҳәм жуўапкершилик. Ҳәр қандай есап-санақта да анық емеслик ҳәм тәўекелшилик болыўы мүмкин.



1.2. Киши бизнес ҳәм исбилерменлик хызметиниң экономикалық, социаллық ҳәм ҳуқықый тийкарлары
Исбилерменликти қәлиплестириў ушын экономикалық, социаллық, ҳуқықый ҳәм басқа мәлим шараятлар жаратылыўы керек. Экономикалық шараятларға төмендегилер киреди: товарға болған талап ҳәм усыныс; қарыйдардың сатып алыўы ушын товар түрлериниң бар екенлиги; қарыйдардың сатып алыўы ушын керек болған пул көлеминиң бар екенлиги; ислеўшилердиң хызмет ҳақысы, яғный сатып алыў имканиятына тәсир көрсетиўши жумыс орынларының, жумыс күшлериниң артықшалығы ямаса жетиспеўшилиги.
Исбилерменликтиң қәлиплесиўи экономикалық ҳәм социаллық шараят пенен тығыз байланыслы. Исбилерменликтиң қәлиплесиўиниң экономикалық шараятына социаллық шараят жақын турады. Социаллық шараят, дәслеп, қарыйдарлардың дийди ҳәм модаға жуўап бере алатуғын товарларды сатып алыўға умтылыўы менен белгиленеди. Түрли басқышларда усы талап өзгерип турыўы мүмкин. Буған социал-мәдений орталыққа байланыслы болған этикалық ҳәм диний нормалар күшли тәсир көрсетеди. Усы нормалар қарыйдарлардың турмыс тәризине ҳәм сол арқалы товарларға болған талапқа тиккелей тәсир етеди. Социаллық шараят шахстың жумысқа болған қатнасығына өз тәсирин өткереди, бул болса, өз гезегинде, бизнес усыныс етип атырған хызмет ҳақының муғдарына, мийнет шараятына болған қатнасыққа тәсир етеди.
Исбилерменлик хызметиниң қәлиплесиўинде исбилермен кадрларды таярлаў, қайта таярлаў, қәнигелигин арттырыў мәселелерин шешиў айрықша әҳмийетке ийе. Буның ушын исбилерменлик хызметин алып барыўдың заманагөй усылларын үйрениўди шөлкемлестириў, кадрларды оқытыў ҳәм қайта оқытыў, оларды раўажланған мәмлекетлерге қәнигелигин арттырыў ушын жибериў, исбилерменлерди оқытыў ушын оқытыўшыларды таярлаў ҳәм қайта таярлаў жумысларын шөлкемлестириў, исбилерменлик секторы ушын кадрларды таңлаў бойынша мәсләҳәт орайларын ашыў керек. Ҳәр бир исбилерменлик хызмети тийисли ҳуқықый орталықта әмелге асырылады. Сонлықтан керекли ҳуқықый шараят жаратыў үлкен әҳмийетке ийе. Бул биринши гезекте исбилерменлик хызметин тәртипке келтириўши пәрманлар ҳәм исбилерменликти раўажландырыў ушын қолайлы шараят жаратып бериўши нызамлардың бар екенлиги, яғный кәрханалардың дизимнен өтиў процессиниң қысқа ҳәм әпиўайы болыўы; исбилерменликти мәмлекет бюрократизминен қорғаў; салық нызамшылығын жетилистириў; Өзбекстан ҳәм шет ел исбилерменлериниң бирге ислесиўин раўажландырыўдан ибарат. Соның менен бирге буған киши исбилерменлик ислерине жәрдем бериўши аймақлық орайларды жетилистириў, статистика формасы ҳәм есап-санақларды жетилистириў киреди.



    1. Download 159,65 Kb.

      Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   27




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish