4.1.2-кесте. Республика ЖИӨ де аймақлардағы киши кәрханалардың жалпы аймақлық өнимдеги үлесиниң өсип барыўы.*
Республика аймақлары
|
2000 ж
|
2005 ж
|
2010 ж
|
2015 ж
|
2015 жыл 2005 жылға салыстырғанда процент есабында
|
Өзбекстан Республикасы
|
31,0
|
38,2
|
52,1
|
66,1
|
173,0
|
Қарақалпақстан Республикасы
|
26,9
|
48,9
|
57,9
|
66,9
|
136,8
|
Ўәлаятлар
|
|
|
|
|
|
Андижан
|
32,9
|
38,7
|
49,9
|
61,1
|
157,8
|
Бухара
|
33,0
|
44,4
|
51,1
|
57,8
|
130,1
|
Жиззах
|
37,1
|
64,4
|
73,0
|
79,8
|
123,9
|
Қашқадаря
|
25,8
|
38,4
|
45,8
|
58,4
|
152,0
|
Наўайы
|
21,5
|
20,9
|
33,5
|
46,1
|
220,0
|
Наманган
|
33,4
|
51,4
|
75,4
|
81,4
|
158,3
|
Самарқанд
|
44,3
|
54,5
|
68,3
|
78,9
|
144,7
|
Сурхондаря
|
39,1
|
45,9
|
64,8
|
81,7
|
177,9
|
Сирдаря
|
38,9
|
58,8
|
72,5
|
80,6
|
137,0
|
Ташкент
|
34,0
|
36,3
|
45,6
|
54,9
|
151,2
|
Ферғана
|
32,0
|
43,9
|
64,7
|
82,3
|
187,4
|
Хорезм
|
34,2
|
54,2
|
78,3
|
81,9
|
151,1
|
Ташкент қ.
|
41,5
|
54,3
|
70,2
|
79,1
|
145,6
|
* Өзбекстан Республикасының статистика хабарнамасы (2006 жыл –55 бет) тийкарында автор тәрепинен есапланды.
Әлбетте бул көрсеткиш раўажланған мәмлекетлер дәрежесинде емес. АҚШ та 75-82 процентти, Японияда 81 процентти, Италияда 74 процентти қурайды. Республикамыз киши бизнесиниң бундай көрсеткишлерге ерисиўи исбилерменлик активлги арқалы әмелге асады. Себеби 2000-2005 жыллар аралығында өсиў дәрежеси (1,4 процент) гөзленген нәтийжеге (50-52 процент) ерисиўди тәмийнлей алмайды.
Келешекте күтилетуғын нәтийжелер тийкарынан киши исбилерменликтиң актив раўажланыўы есабынан жүз береди. Бул болса олар тәрепинен ислеп шығарылатуғын товар муғдарының өсиў динамикасын тәмийинлейди.
4.1.3-кесте. Келешекте аймақлар бойынша киши исбилерменлик кәрханалары тәрепинен өним ислеп шығарыўдың өсиўи. (млн.сўм.есабында). *
Аймақлар
|
2000 ж
|
2005 ж
|
2010 ж
|
2015 ж
|
2015 жыл 2005 жылға салыстырғанда өсиў %
|
Өзбекстан Республикасы
|
892573,0
|
956838,2
|
1089938,7
|
1223039,2
|
127,8
|
Қарақалпақстан Республикасы
|
18786,6
|
22919,6
|
24982,3
|
27045
|
117,9
|
Ўәлаятлар
|
|
|
|
|
|
Андижан
|
70178,8
|
74249,1
|
82564,9
|
90880,7
|
122,3
|
Бухара
|
46619,4
|
51934,0
|
55413,5
|
58893,1
|
113,3
|
Жиззах
|
31281,6
|
39821,3
|
43245,9
|
46670,5
|
117,1
|
Қашқадарья
|
61485,8
|
69233,0
|
74356,2
|
79479,4
|
114,7
|
Наманган
|
50919,4
|
60084,8
|
74505,1
|
88925,4
|
147,9
|
Самарқанд
|
67851,2
|
74772,0
|
85090,5
|
95409,0
|
127,5
|
Сурхандарья
|
82241,4
|
87833,5
|
104434,0
|
121034,5
|
137,7
|
Сырдарья
|
34155,4
|
40952,3
|
46562,7
|
52173,1
|
127,3
|
Ташкент
|
110782,4
|
112665,7
|
123143,6
|
133621,5
|
118,5
|
Ферғана
|
104838,6
|
117314,3
|
141715,6
|
166116,9
|
141,5
|
Хорезм
|
36708,7
|
44050,4
|
54666,5
|
65282,6
|
148,1
|
Ташкент қ.
|
219770,8
|
247901,4
|
287813,5
|
327426,6
|
132,1
|
Наўайы
|
24940,4
|
25065,1
|
29100,5
|
33135,9
|
131,1
|
* Өзбекстан статистикасы хабарнамасы тийкарында автор тәрепинен есапланды.
Аймақлар бойынша товар ислеп шығарыў көлеминиң келешекте өсип барыў динамикасын кәрханалар санының өсип барыў жағдайы бойынша анализлесек, бул жағдай қосымша жаңа киши кәрханалардың шөлкемлестирилиўи есабынан әмелге асады.
Жаратылған имканиятлардан нәтийжели пайдаланған аймақларда жалпы аймақлық өнимниң жоқары пәтте өсиўи тәмийинленеди. Солардан киши кәрханалардың ислеп шығарыў нәтийжелигин арттырыў есабынан келешекте гөзленген нәтийжелерге ерисиў тәмийинленеди.
4.2. Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти жедел раўажландырыў, олардың экономикалық раўажланыўдағы ролин арттырыў
Миллий экономиканың бәсекиге шыдамлылығы экономикалық хызмет процесллери ҳәм оның нәтийжелерин сәўлелендириўши көрсеткишлерде киши бизнес үлесиниң жоқары болыўына да байланыслы екенлиги көринеди.
Киши бизнести раўажландырыў жолында әмелге асырылған ис-илажлардың нәтийжеси төмендегилер арқалы сәўлеленеди:
- киши бизнестиң мәмлекетимиз ЖИӨ деги үлеси 2010 жылда 52,2 процентке жеткенлиги;
- жумыс пенен бәнт хызметкерлер пул дәраматларының 70 проценти усы киши бизнес тараўында қәлиплесип атырғанлығы;
- киши бизнес кәрханаларының мәмлекет экспортындағы үлеси 2010 жылда 14,3 процентке жеткенлиги ҳәм т.б.
Киши бизнес субъектлерин финанслық қоллап-қуўатлаў, оларды кредитлеў көлеминиң өсиўи тараўды раўажландырыўдың тийкарғы факторы болып есапланады. 2011 жылда санаат тараўында ислеп атырған киши кәрханалар ҳәм микрофирмалар ушын бирден-бир салық төлеми ставкасының 7 проценттен 6 процентке түсирилиўи нәтийжесинде 23,6 млрд. сўм муғдарындағы қаржы усы кәрханалар ықтыярында қалдырылды.
Сол жылы киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субьектлерине 1 трлн. 850 млрд. сўмнан артық кредитлер ажыратылды (4.2.1-сүўрет). Бул 2001 жылға салыстырғанда дерлик 11 есе, 2005 жылға салыстырғанда 4 есе көп.
Киши бизнес субьектлерине ажыратылған кредитлердиң 462 млрд. сўмы «Микрокредитбанк» үлесине туўры келди. Тараў раўажланыўы ушын сол жылы Азия раўажланыў банки, Ислам раўажланыў банки, Германия раўажланыў банки (КфВ), ҚХР Ҳүкимети ҳәм басқада шет ел инвесторлары қаржылары есабынан жәми 121,8 млн. долл. ямаса 2008 жылға салыстырғанда 1,5 есеге артық кредит ресурслары киритилди.
2010 жылда киши бизнести тез пәтлер менен раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў бойынша илажлар избе-из даўам еттирилди. Мысалы, 2009 жылда санаат тараўында ҳәрекет жүритип атырған киши бизнес кәрханлары ушын бирден-бир салық ставкасы 7 процентке түсирилген болса, 2010 жылдан баслап 7 процентли салық ставкасы барлық киши бизнес кәрханалары ушын ендирилди.
Қайсы тараўда ҳәрекет етиўине байланыслы киши бизнес субьектлери төмендеги салық жеңилликлеринен пайдаланыўлары мүмкин:
- 2014 жыл 1 январына шекем жаңадан шөлкемлестирилип атырған оңлаў-қурылыс шөлкемлери салықлардың барлық түринен ҳәм айырым мәжбүрий ажыратпаларды төлеўден азат етилген;
- 2012 жылдың 1 январына шекем гөш ҳәм сүтти қайта ислеўге қәнигелестирилген микрофирмалар ҳәм киши кәрханалардың бирден-бир салық төлеми ставкасы 50 процентке кемейттирилди ҳәм олардың сырттан алып келинетуғын технологиялық үскенелери бажыхана төлемлеринен азат етилген;
- 2012 жыл 1 январына шекем 15 түрдеги азық-аўқатлық емес тутыныў товарларын ислеп шығарыўға қәнигелестирилген микрофирмалар ҳәм киши кәрханалар пайда салығы ҳәм мүлк салығы, бирден-бир салық төлемлери ҳәм Республика жол фондына мәжбүрий ажыратпалар төлеўден, сондай-ақ ислеп шығарыўда пайдаланылатуғын үскенелерди импорт етиўде (алып келиўде) бажыхана төлемлеринен азат етилген.
Киши бизнести раўажландырыў бойынша жаратылған қолай шараятлар тараўдың экономикалық раўажланыўындағы, халықтың жумыс пенен бәнтлилиги ҳәм дәраматларының өсиўиндеги роли жәнеде күшейиўи ҳәмде ЖИӨ, экспорт ҳәм тараўлардың өндирислик көрсеткишлериндеги үлеси артып барыўына хызмет етеди.
4.3. Келешекте киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары
Өзбекстан Республикасында киши бизнести раўажландырыўдағы бар машқалалардың шешимин табыў ҳәм 2011-2015 жылларда болжанған параметрлерди тәмийинлеў, усы тараўда исбилерменлик активлигин асырыўдың бағдарларын анықлаў ҳәм олар бойынша ис-илажларды белгилеў талап етиледи.
Соны айрықша айтып өтиў керек, киши бизнесте исбилерменлик активлигин асырыў ушын төмендеги улыўма шараятлар тәмийинлениўи зәрүр:
миллий экономикада макроэкономикалық теңсалмақлылықты тәмийинлеў негизинде оның турақлы раўажланыўын тәмийинлеў;
экономикада бәсеки орталығының қәлиплесиўин тәмийинлеў;
киши бизнести мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын, оның механизмлерин жетилистириў тийкарында раўажландырып барыў;
киши бизнеске хызмет көрсетиўши инфраструктуралардың нәтийжели ҳәрекет етиўин тәмийинлеў.
Өзбекстан Республикасында киши бизнес хызметин жақсылаўдың тийкарғы бағдарлары төмендегилерден ибарат:
киши бизнестиң ҳуқуқый ҳәм структуралық тийкарларын экономикада түрли факторлар тәсиринде жүз берип атырған өзгерислерге сай тәризде үзликсиз жетилистирип барыў;
мәмлекет тәрепинен киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти қоллап-қуўатлаў механизмлериниң нәтийжелигин асырыў, бул бойынша сырт ел мәмлекетлери тәжирийбесиндеги жаңа механизмлерди бар шараятларға сәйкеслестирген ҳалда әмелиятта қоллаў;
киши бизнести инновация негизинде раўажланыўын тәмийинлеў барысында ис-илажларды ислеп шығыў;
киши бизнести финанслық жақтан тәмийинлеўдиң бар механизмлериниң нәтийжелигин асырыў ҳәм қаржыландырыўдың жаңа дереклерин ҳәрекетке келтириў негизинде қолай инвестиция орталығын жаратыў;
киши бизнесте ислеп шығарыўды шөлкемлестириўди материаллық жақтан тәмийинлеўди жетилистириў;
киши бизнестиң сыртқы экономикалық хызмет механизмлерин жетилистириў;
киши бизнес тараўы ушын маман, бәсекиге шыдамлы қәнигелерди таярлаў;
киши бизнесте кооперацияны тереңлестириў.
Киши бизнести усы бағдарларда алып барыўдың ис илажларын ислеп шығыўда киши бизнести раўажландырыў бойынша сырт ел тәжирийбесин үйрениў ҳәм оны мәмлекетимиз шараятларына сәйкеслестириў зәрүр.
Дүнья әмелиятында экспорт хызметин шөлкемлестириўдиң сырт еллерде саўда үйлерин ашыў формасы ҳәм сыртқы экономикалық хызметти раўажландырыўдың формасы сыпатында кең тарқалған.
Өзбекстан саўда үйлериниң сырт еллерде шөлкемлестирилиўи жергиликли тоқымашылық өнимлерин ислеп шығарыўшылар экспорт хызметиниң нәтийжелигиниң асыўына да имканият жаратады. Киши бизнес субьектлериниң сыртқы экономикалық байланысларға кирисиўинде саўда дәлдалшылары көмек береди ҳәм шериклер ҳәм қарыйдар табыўға дәслепки имканият жаратылады.
Солай етип, жоқарыда келтирилген киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыўдың үстин бағдарларын ҳәм сырт ел тәжирийбесин өз ишине қамырап алыўшы Өзбекстан Республикасында «2011-2015 жылларда киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик секторын жәнеде раўажландырыў бағдарламасын» ислеп шығыў мақсетке муўапық деп есаплаймыз. Оны ислеп шығыў процессинде төмендегилерге өз алдына итибар бериў лазым :
Бириншиден, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң қәлиплесиўинде ҳәм раўажланыўында исбилерменлик мийнет өнимдарлығы ортасындағы улыўма байланыс факторларынан, алдын ала, “Ўақыттан үнемли пайдаланыў” (жылдан жылға унамлы нәтийжелерге ерисиў), “Ислеп шығарыў үзиликсизлиги ямаса даўамлылығы” (мәўсимлик жумыстан көре көп жыллық хызметтиң абзаллығы) ҳәм “Нәтийжелилик” (пайдалылық) сыяқлы көрсеткишлерге итибар берилиўи зәрүр. Екинши фактор көбирек киши бизнес субьектлерине тийисли.
Екиншиден, исбилерменлик мийнет ҳәм исбилерменликтиң өзине тән өзгешеликлери ортасындағы улыўмалық факторларға, биринши нәўбетте адамлардың “мийнетке жаңаша қатнасы” (мүлк үлеси болыўды қәлеў, жаратыўшаңлық ҳәм т.б.) ҳәмде “мийнет хызмети жаратыўшылық, ақыл идеялогиясы арқалы әмелге асады” (әсиресе, киши бизнес ушын), “мийнетке ақылана мүнәсебет” (көбирек фермер хожалықларында) сыяқлы фактор көрсеткишлер тараў исбилерменлериниң руўхый-мәдений қәлиплесиўинде тийкарғы орынды ийелейди.
Үшиншиден, ҳәр бир исбилермен өз хызметин нәтийжели шөлкемлестириўде мийнет базарының өндирис күшине болған талабы ҳәм исбилерменлик қәбилети өзгешеликлериниң улыўмаласыўында, алдын ала, “творчествалық” (инноваторлық), “исшеңлик”, “жаратыўшаңлық” (дөретиўшилик) сыяқлы өзгешеликлерге унамлы, үстин мүнәсебетте болыўы талап етиледи.
Сондай ақ, исбилерменлик белсендилигин баҳалаўда төмендеги критерия көрсеткишлер избе-излиги (абзаллық қатары) усыныс етиледи:
товар (жумыс, хызмет) сапасының жақсыланыўы;
алдыңғы техника ҳәм технологиядан пайдаланыў дәрежеси;
бәсеки орталығын қәлиплестириўдеги үлеси;
мийнет нәтийжелиги арқалы социаллық-әдалатлы бөлистириўге ерисиўи;
жаңа жумыс орынларын жаратыў.
Төртиншиден, халықтың социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаўда, халықтың бәнтлилигин асырыўда жаңа жумыс орынларын жаратыўдың нәтийжели жолы есапланған киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң белсендилиги оның қурамындағы түрлери бойынша төмендеги абзаллық қатарына (избе-излигине) ийе екенлиги итибарға алыныўы дәркар:
шөлкемлестриўшилик-басқарыў белсендилиги;
инвестиция белсендилиги;
ислеп шығарыўдың белсендилиги;
маркетинг белсендилиги;
финанслық белсендилик;
инновация белсендилиги;
басқа белсендилик түрлери.
Бесиншиден, аймақларда киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыўдың өзгериўи ҳәм тәсир шеңберин баҳалаўшы социаллық-экономикалық мониторинг жаратыў зәрүр болып, онда , тийкарынан, төмендеги көрсеткишлер өз сәўлелениўин табады:
турақлы жасаўшы халықтың саны, мың адам;
халықтың орташа жыллық дәраматының өзгериси, %;
киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субьектлери саны;
киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик секторының ўәлаят (қала, район) жалпы аймақтағы өнимдеги үлеси, %;
мәмлекетте киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик арқалы жаратылған жаңа жумыс орынлары саны;
киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик тараўы қәнигелериниң орташа жыллық ис ҳақысының өзгериси, %;
киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик тараўында исбилерменлик белсендилигиниң өзгериў дәрежеси, %.
Бул социаллық-экономикалық мониторинг көрсеткишлери арқалы мәмлекетте киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик тараўы субьектлериниң исбилерменлик белсендилиги дәрежеси үйрениледи ҳәм тийисли ис-илажлар әмелге асырылады ҳәм келешек бағдарламасын ислеп шығарыў имканы жаратылады.
Киши бизнестиң мәмлекет экономикасында тутқан орнынан келип шыққан ҳалда ҳәм усы тараўда сапа өзгерислерине ерисиў ушын бағдарламаның бас мақсети:
Киши бизнес тараўын кеңейттириў ҳәм нәтийжелигин асырыў тийкарында усы сектордың барлық тәрептен айтып өтилген ўазыйпаларды толық орынланыўын тәмийинлеў ҳәм раўажландырыўда жаңа сапа басқышына өтиўди тәмийинлеўден ибарат. Киши бизнестиң раўажланыўын жеделлестириў негизинде оны жалпы ишки өнимдеги үлесин 66,1 процентке жеткериў.
Мәмлекет экономикасында киши бизнес субьектлериниң үлеси ҳәм әҳмийетин түптен асырыў мақсетинде бағдарламада төмендеги бағдарларда комплекс ис-илажларды әмелге асырыў көзде тутылады:
исбилерменлик субьектлерин дүзиў ҳәм хызмет етиўдиң ҳуқуқый базасын беккемлеў. Бунда айырым шахслар тәрепинен буйрықпазлық ҳәм басқа унамсыз жағдайлардың алдын алыў барысында олардың жуўапкершилигин асырыўға тийкарғы итибарды қаратыў;
киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыўды мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў системасын беккемлеў ҳәм исбилерменлик структуралары хызметине мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў органларының нызамсыз ҳәм тийкарсыз араласыўы жағдайларын сапластырыў;
ири кәрханалардың структурасын өзгертиў нәтийжесинде босап қалған турар жай емес имаратлар ҳәм пайдаланылмай атырған ислеп шығарыў майданларын киши кәрханаларға бериў;
киши бизнес ушын қәнигелер таярлаў системасын жетилистириў ҳәм сапасын асырыў.
Бағдарламада киши бизнестиң ҳуқуқый-структуралық тийкарларын жүз берип атырған өзгерислерге муўапықластырып барыў төмендеги тәртиплерди өз ишине алады:
киши бизнести бир калипте раўажландырыў ушын шараятлар жаратыў мақсетинде исбилерменликти раўажландырыўдың ҳуқуқый базасын жетилистириў;
исбилерменлик хызметиниң басланыўы менен байланыслы болған ҳуқуқый ҳүжжетлерди әпиўайыластырыў;
исбилерменлердиң ҳуқуқларын қорғаў механизмин жетилистириў ҳәм оның тийкарында ҳәрекет етиўин тәмийинлеў жолы менен унамлы белсенди исбилеренлик орталығын жаратыў;
жеке исбилерменлерге халық аралық стандарт талапларына жуўап беретуғын жаңа товар түрлерин ислеп шығарыў ушын техникалық ҳүжжетлерди ислеп шығыўда көмеклесетуғын инфраструктураны қәлиплестириў;
исбилерменлик структуралары хызметине мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў органларының нызамсыз ҳәм тийкарсыз араласыў жағдайларына шек қойыў;
микро фирма ҳәм киши кәрханаларда бухгалтериялық есап-санақларды жүритиў тәртибин, сондай-ақ салық ҳәм статистика органларына есап-санақларды таярлаў ҳәм жеткериўди беккемлеў.
Киши бизнес ҳәм исбилерменлик хызметин жетилистириўде мәмлекет тәрепинен қоллап қуўатлаў дәрежесин көтериў мақсетинде бағдарламада усы бағдар төмендегилерди әмелге асырыўы лазым:
мәмлекетлик органлар, исбилерменлердиң жәмәәт шөлкемлери ҳәм коммерциялық структуралары менен шериклигин тәмийинлеўши механизмди жетилистириў;
бәсекиге шыдамлы товарлар ислеп шығарыўға бағдарланған инвестицилық жойбарларды әмелге асырыў, экспорт көлемин көбейтиў, жергиликли шийки зат ресурсларынан пайдаланыўды жақсылаў, қосымша жумыс орынларын дүзиўге көмеклесиў;
турақлы хызмет ететуғын көргизбе ҳәм технологиялық үскенелер, мини технологиялар ярмаркаларын шөлкемлестириў;
киши бизнес субъектлериниң финанслық ресурслардан пайдаланыў имканиятларын жаратыў;
киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик тараўында халық аралық бирге ислесиўди раўажландырыўдан ибарат.
Бағдарламада киши бизнестиң инновация тийкарында раўажланыўын тәмийнлеў төмендегилерди өз ишине қамырап алады:
технологиялық процесслерди турақлы тәризде жаңалап барыў тийкарында товар сапасын жақсылаў ҳәм ресурслардың тежелиўине алып келиўиши инновацияларды ислеп шығарыўға енгизиў механизмин жетилистириў;
инновацияларды сатып алыў ҳәм оннан ислеп шығарыўда пайдаланыўды әмелге асырыў механизми сыпатында жаратылған инновацияларды таңлаў тийкарында жеңилликли тәризде киши кәрханаларға сатыў;
қысқа дәўирде ислеп шығарыўда қолланыў мүмкин болған инновациялық исленбелерди мәмлекет тәрепиенен ислеп шығарыўшыларды қаржыландырыўды шөлкемлестириў;
иновацион исбилерменликти қоллап-қуўатлаў.
Киши бизнести финанслық ресурслар менен тәмийинлеў бағдарында Бағдарламада төмендеги илажларды әмелге асырыў нәзерде тутылған:
қаржыландырыў ҳәм қамсызландырыў жойбарларын әмелге асырыўды кеңейтиў. кепиллик бериў ҳәм механизмди жетилистириў;
лизинг;
бюджеттен тыс қаржылар есабынан жеңилликли кредитлеў ҳәм микрокредитлеў;
киши бизнес субъектлерине лизинг тийкарында үскенелер сатып алыўды қаржылар менен тәмийинлеў;
коммерциялық банклер тәрепинен ислеп шығарыўды кеңейтиў ҳәм айланыс қаржыларын толықрыў, хызметлер көрсетиў көлемин асырыўға қаратылған кредитлер бериў механизмлерин жетилистириў;
жергиликли шийки заттан сырт ел кредит линияларын, сондай-ақ миллий валютадағы қаржыларды кириткен ҳалда таяр өним ислеп шығаратуғын мини үскенелер жаратыў әмелияты даўам еттириледи.
Киши бизнес субъектлериниң материаллық-техникалық тәмийнлениўи бойынша келешектеги 2011-2015 жылларда әмелге асырылатуғын жумыслар төмендегилерден ибарат болыўы лазым:
биржа, аукцион ҳәм ярмаркалар саўда шеңберин кеңейтиў;
заманагөй техника ҳәм технологиялар лизингин кеңейтиў.
Буған ерисиў ушын төмендеги илажларды әмелге асырыў нәзерде тутылады:
республикада ислеп шығарылып атырған мини үскенелер, технологиялар каталогин дүзиў;
ўәлаят мысалында шийки зат, материаллық - техникалык, мийнет ҳәм басқада ресурслардың бар екенлиги ҳаққында мағлыўматлар базасын жетилистириў;
ҳәр бир исбилерменлик субьектлериниң шийки зат ҳәм ислеп шығарыў имканиятларын есапқа алған ҳалда мүтәжлигин қәлиплестириў системасын жетилистириў;
мәмлекетте бул илажлардың орынланыўы негизинде азық-аўқат, усақлап ҳәм көтере саўда ярмаркаларының кең көлемде хызмет көрсетиўин тәмийинлеў.
Буның ушын, әлбетте, киши бизнес субъектлерин хабар-мәслаҳат орайлары менен тәмийинлеў арқалы қоллап-қуўатлаў зәрүр. Киши исбилерменлик субьектлерин хабар-консалтинг хызметлери менен қоллап-қуўатлаў төмендегилер арқалы тәмийинленеди:
министрликлердиң тийисли бөлимлери (Монополиядан шығарыў, бәсеки ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў басқармасы, Мәмлекетлик салық басқармасы, Мәмлекетлик бажыхана басқармасы, Адиллик басқармасы, Сыртқы экономикалық байланыслар институтлар саўда басқармасы ҳәм басқалар);
саўда-санаат палатасының ҳәм исбилерменликтиң басқа жәмәәт шөлкемлериниң хабар-мәслаҳат бөлимлери, жеке консалтинг, аудитор, адвокат фирмалары ҳәм салық мәсләҳәтлери;
арнаўлы газета ҳәм журналлар;
исбилерменлерге стандартластырыў техникалық-экономикалық мағлыўматларды, кодлаў ҳәм классификациялаў мәселелери бойынша методикалық ҳәм әмелий жәрдемлерди кеңейтиў;
киши бизнес субъектлериниң бухгалтерия есабы ҳәм финанс есап-санақларын жүритиўде, клиентлерге өз бюджетлерин режелестириўде ҳуқуқый ҳәм консалтинг мағлыўматларын алыўда раўажланған дәрежедеги хабар технологияларынан пайдаланған ҳалда алып барыў имканиятларын жаратыў.
Жуўмақ орнында исеним менен айтыў мүмкин киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң өсиўи менен биз мәмлекетимизде сүйениўимиз мүмкин болған мүлкдарлар классын қәлиплестириў ўазыйпасын туўрыдан туўры шешиўге ерисемиз. Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик халықтың бәнтлилигин тәмийнлейтуғын ҳәм оның тийкарғы дәрамат дереги болған зәрүр буўынға айланады. Экономиканы изшил раўажландырыўдың ең тийкарғы факторы, жәмийетимиздиң социаллық ҳәм сиясий турақлылықтың кепиллиги, мәмлекетимизди раўажланыў жолынан алға жетеклейтуғын белсенди ҳәрекетлениўши күш сыпатында әмел қылады.
Бағдарламада белгиленген мақсет ҳәм ўазыйпаларды аймақлық кесимде анықластырыўда төмендеги жағдайларды есапқа алыў мақсетке муўапық:
киши исбилерменликти раўажландырыўдың аймақлық бағдарламасын аймақлық өзгешеликке сәйкес тәризде ислеп шығыў;
аймақлық-тараўлық өзгешеликке қарап өндирис системасын шөлкемлестириў;
ҳәкимшиликти кескин шеклеў;
институционал тийкарларды жәнеде кеңейтиў;
ири кәрханалар менен киши кәрханалар интеграциясына ерисиў;
кәрханалардың өндирис топарларын шөлкемлестириў;
мониторинг системасын толық қәлиплестирип барыў есабынан дүнья базарына шығыў;
инновацион хызметти асырыў. Мийнет иннновациясы ҳәм мийнет менеджменти қатнасықларын беккемлеў арқалы сапа көрсеткишлерине ерисиў.
Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў Бағдарламасы Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлик субъектларин раўажаландырыўды хошаметлеў бойынша қарарларында белгиленген ўазыйпаларды шешиўди нәзерде тутады. Мәмлекет экономикасында киши бизнес нәтийжеилигин асырыў тийкарында оның үлесин ҳәм әҳмийетин түптен асырыўды тәмийинлейди.
Қысқашы жуўмақлар
Республикамыздың эконоамикалық раўажланыўы, экономикалық еркинлиги, халықтың турмыс дәрежеси, қалаберсе мийнет ресурсларының жумыс пенен бәнтлилик дәрежеси киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң раўажланыўы менен байланыслы. Бул жағдай болса кәрханалардың экономикалық еркинлигин хошаметлеў дәрежесиниң раўажланыўы менен характерленеди.
Миллий экономиканың бәсекиге шыдамлылығы экономикалық хызмет процесслерин ҳәм оның нәтийжелерин сәўлелендириўши көрсеткишлерде киши бизнес үлесиниң жоқары болыўына да байланыслы екенлиги сөзсиз.
Кем қәрежет есабынан жаңа жумыс орынларын жаратыў имканияты, ири бизнес кирип бара алмайтуғын базар сегментлерин ийелей алыў қәбилети, әсиресе, хызмет көрсетиў тараўында ҳәм онша үлкен болмаған жергиликли ресурс базаларын өзлестириўде қолай структура екенлиги киши бизнести раўажландырыўдың әҳмийети жоқары екенлигин көрсетеди. Сол себепли де киши бизнести жедел раўажландырыў мәселеси товар ислеп шығарыўды жергиликлестириў, хызмет көрсетиў тараўын раўажландырыў ҳәм сондай-ақ, мәмлекеттиң экспорт потенциалын асырыў мәселелери менен үзиликсиз байланысқан.
Киши бизнести раўажландырыў тийкарында алып барылып атырған қолай шараятлар тараўдың экономикалық раўажланыўдағы, халықтың жумыс пенен бәнтлилиги ҳәм дәраматлардың өсиўдеги ролиниң жәнеде күшейиўи ҳәмде ЖИӨ, экспорт ҳәм тармақлар ҳәмде тараўлардың өндирис көрсеткишлериндеги үлесиниң артып барыўына хызмет етеди.
Do'stlaringiz bilan baham: |