1-тема. Киши бизнес ҳӘм исбилерменликтиң ӘҲмийети ҳӘм мазмуны



Download 159,65 Kb.
bet22/27
Sana22.02.2022
Hajmi159,65 Kb.
#107047
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   27
Bog'liq
ои лшефз


3.2. Жаңа кәрхананы басқарыў


Кәрхана (фирма)ның раўажланыў басқышлары. Хызметтиң дәслепки басқышларында исбилермен бир қатар машқалаларға дус келеди. Солардан бири өзиниң хожалық жүритиў дәрежесине ийе болыўы болып есапланады. Соның менен бирге исбилермен базардың жағдайын, талап ҳәм усынысты үйрениўи лазым. Буннан тысқары алдында қандай тосқынлық ҳәм шегералар ушыраўы, қандай жеңилликлер берилиўи мүмкинлигин билиўи зәрүр. Усы тәризде инвестиция киритиўдиң улыўма шәртлери белгиленеди.
Бундай мағлыўматлар ашық ҳәм олар ғалаба-хабар қуралларында, статистикалық хабарларда, нызамшылық ҳүжжетлеринде көрсетилген. Жуўапкер шахслардан да бундай мағлыўматларды алыў мүмкин.
Хожалық жүритиў бағдарларын анықлап алғаннан соң, исбилермен өз кәрханасының қәнигелестирилиўин белгилейди. Буның ушын болажақ тутыныўшылардың имканиятын анықлаў, бәсекилеслер ҳаққында барлық мағлыўматларға ийе болыўы лазым.
Хызмет түрин, яғный индивидуал ямаса жәмәәтлик исбилерменлигинен бирин таңлаў тийкарғы әҳмийетке ийе. Ин­дивидуал форма таңланғанда исбилермен ықтыярлы тәризде тәўекелшиликке қол урады. Жумыс нәтийжесиз тамамланғанда мулк ийеси миннетлемеси кәрхана мәжбүрияты ушын өзи жуўап береди ҳәм өз мүлки есабынан зыянды қаплайды.
Жәмәәтлик формасы таңланғанда исбилермен жуўапкершиликти кәрхананың басқа қатнасыўшылары менен бөлиседи. Усы форма қолланылғанда тәўекелшилик кемейеди, буннан тысқары, қосымша ресурсларды тартыў мүмкиншилиги артады.
Кейинги басқышта өндирис базасы қәлиплеседи. Финанслық ресурсларынан пайдаланыў зәрүр басқышлардан бири есапланады. Хызметтиң дәслепки ўақытларында исбилерменниң жумысты баслаўы ушын материаллық ҳәм финанслық қаржылар жетерли болмайды. Банклердиң кәрханаларға кредит бериўи түрли формадағы қамсызландырыў операциялары менен байланыслы. Имарат, материаллық запаслар ҳәм кәрханаға қараслы басқа мүлклер қамсызландырылыўы мүмкин. Бундай жағдайларда кәрханалар қамсызландырыў компаниялары менен байланыс орнатады.

Download 159,65 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   27




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish