1.3.1-сызылма. Исбилерменлик орталығының қәлиплесиўи
Исбилерменлик орталығы мәмлекеттиң раўажланыўының тийкарын қурайды ҳәм исбилермен адамлар хызметиниң мазмунын белгилеп береди. Түрли мәмлекетлерде исбилерменлик орталығы түрлише көриниске ийе. Раўажланған мәмлекетлерде бундай орталық өзиниң қолайлығы ҳәмде экономикалық процесслердиң жоқары дәрежеде өнимли шөлкемлестирилиўи менен ажыралып турады.
Экономикалық процесслер қаншелли өнимли болса, жәмийет материаллық ҳәм мәдений жақтан соншелли жоқары дәрежеде болады. Экономикалық процесслердиң нәтийжеси әмелде хызмет көрсетип атырған исбилерменлердиң саны ҳәм сапасы ҳәмде сол хызмет пенен шуғылланбақшы болған адамлар саны менен белгиленеди. Бул, өз гезегинде, исбилерменлик исине жаңа исбилерменлерди тартыў, экономиканы еркинлестириў ҳәм исбилерменлик орталығының дәрежелерине байланыслы. Ақырғысы исбилерменлик хызметине мәмлекеттиң араласыў дәрежесине байланыслы. Исбилерменлик орталығына тәсир етиўши факторларды төмендеги топарларға бөлиў мүмкин:
- анық бир өнимге тутыныўшылардың төлеў қабилети.
- тәўекелшилик ҳәм базардағы қәўип-қәтерлерди өз мойнына алып, мүлк жуўапкершилиги тийкарында ис жүргизе алатуғын исбилерменлер.
- капиталға ийе болған инвесторлар.
-исбилерменлик хызметин бир нормада алып барыў имканиятын бериўши инфраструктуралар.
- қарар қабыл етиў системасы.
Исбилерменлик идесын мәлим бир орталықта әмелге асырыў мүмкин екенлиги анықланып, жумысты шөлкемлестириў бойынша финанслық қаржыларды алыў дереги таңланғаннан кейин исбилермен өз хызметин үш бағдарға қаратыўы лазым.
Биринши бағдар – өндирис процесслери ҳәм исбилерменлик қурамларын басқарыў. Исбилерменлик хызметиниң бул бағдары менеджмент принциплериниң түри сыпатында өз бетинше раўажланады. Исбилермен менеджменттиң тийкарғы принциплерин жақсы өзлестирген болыўы ҳәм заманагөй менеджер болыўы лазым.
Өндиристи басқарыў ҳеш қашан исбилерменниң басқа бағдарларынан ажыратылған ҳалда алып барылыўы мүмкин емес: ол өндиристи тек тутыныўшылар ушын шөлкемлестиреди. Сонлықтан да исбилерменлик хызметиниң екинши бағдары базарды ҳәр тәреплеме үйрениўден ибарат. Базарда болып атырған процесслерди анализлемей турып исбилерменлик хызметин нәтийжели алып барыў мүмкин емес.
Шериклер менен болатуғын байланысларды жақсы жолға қойыў исбилерменлик хызметиниң үшинши бағдары. Бунда исбилерменликти жәнеде раўажландырыў жолында шериклик қатнасқларын жаңа басқышқа көтериў ҳәм ески қатнасықлардан бас тартыў мақсетке муўапық есапланады.
Жоқарыда келтирилген илимий тийкарлар, принциплер Өзбекстанда исбилерменлик, оның киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў менен байланыслы болған системасын анализлеў, болжаў ҳәмде қарар қабыл етиўде тийкар болады.