1-тема. Киши бизнес ҳӘм исбилерменликтиң ӘҲмийети ҳӘм мазмуны


“Бәркамал әўлад жылы” мәмлекетлик бағдарламасында жасларды киши бизнес ҳәм исбилерменлик хызметине бағдарлаўға қаратылған илажлар



Download 159,65 Kb.
bet11/27
Sana22.02.2022
Hajmi159,65 Kb.
#107047
1   ...   7   8   9   10   11   12   13   14   ...   27
Bog'liq
ои лшефз

1.7. “Бәркамал әўлад жылы” мәмлекетлик бағдарламасында жасларды киши бизнес ҳәм исбилерменлик хызметине бағдарлаўға қаратылған илажлар
Жасларды исбилерменлик хызметине кең тартыў бойынша мәмлекетимиздеги социал-экономикалық өзгерислерде терең билимли, жоқары дәрежели, жаңаша пикирлейтуғын жаслардың қатнасыўын тәмийинлеў ҳәммемиздиң биринши гезектеги ўазыйпамыз есапланады. Себеби:
1) бүгинги күнде Өзбекстан халқының ярымынан көбиреги 30 жасқа шекемги болған жаслар қурайды;
2) бүгинги жаслар – ертеңги күнимиздиң, келешегимиздиң жаратыўшылары;
3) базар экономикасының тийкарын қураўшы исбилерменлик хызмети өз мәнисине қарай тәўекелшилик, ҳәрекетшеңлик, исбилерменлик сыяқлы белгилерди сәўлелендиреди, булардың көпшилиги жасларда бирлескен болады;
4) инсан мийнетиң нәтийжелик дәрежеси, оның жаратыўшаңлық қәбилети жаслық дәўирде салыстырмалы жоқары болады.
Жәмийетимизде көп қатламлы экономиканың қәлиплесиўи ҳәм жеке исбилерменлик секторының жүзеге келиўи жаслардың еркин кәсип таңлаўы, қәлеген хызмет пенен шуғылланыўы ушын кең имканият жаратып берди. Әсиресе, олардың экономикадағы саламат бәсекиниң дереги сыпатындаға киши кәрханаларды шөлкемлестириўдеги роли бул бағдардағы үлкен потенциал есапланады.
Бирақ, соны атып өтиў керек, көпшилик жасларымыздың экономикалық активлиги, исбилерменликти әмелге асырыў бағдарындағы ҳуқықый ҳәм экономикалық билимлери жетерли болмай атыр. Айырым ўақытлары бул хызметке умтылыў болғаны менен, мәлим мәсләҳәтлер, көрсетпелер ҳәм финанслық қоллап-қуўатлаў бағдарында қытшылықлар сезилмекте. Усыған муўапық бизиң пикиримизше, мәмлекетимиздеги жаслардың экономикалық активлигин жәнеде күшейтиў мақсетинде төмендеги илажларды әмелге асырыў жүдә әҳмийетли есапланады:
1. Мектеплер, орта-арнаўлы ҳәмде жоқары оқыў орынларында экономикалық исбилерменлик тийкарлары ҳәм ҳуқықый билим бериўди жәнеде күшейтиў.
2. Жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларында жаслардың дөретиўшилик орайлары, конструкторлық ҳәм технологиялық бюролары, илимий идеялардың әмелге енгизилиўин жолға қойыўшы бөлимлерди шөлкемлестириў.
3. Республикадағы жаслар менен шуғылланыўшы шөлкемлер, жәмәәтлик бирлеспелер, ҳуқық қорғаў органларының өз мақсет бағдарынан келип шыққан ҳалда хызметлерин жанландырыў.
4. Мәмлекетимиздеги кәрханалардың оқыў орынлардағы болажақ қәнигелер менен байланысын жолға қойыў.
5. Кәрханаларда жаслардың өз дөретиўшилик ҳәм ишки имканиятларын толық көрсете алыўлары, материаллық, мәдений ҳәм турмыслық мүтәжликлерин қанаатландыра алыўлары ушын шараятлар жаратыў.
6. Республика қала ҳәм районларындағы мийнет пенен бәнтлилик хызметлериниң жумысында жасларға айрықша итибар ажыратыў, өзине тән социаллық топар сыпатындағы өзгешеликлерин нәзерде тутқан ҳалда түрли бағдардағы хызметлерди шөлкемлестириў.
Жоқарыда көрсетип өтилген илажлардың әмелге асырылыўы жаслардың мәмлекетимиз экономикасын көтериўдеги үлеслерин жәнеде арттырыўда, олардың миллий идеология ҳәмде улыўма халықлық мәплердиң актив гүресиўшисине айланыўында әҳмийетли фактор ўазыйпасын орынлайды. Сондай-ақ, жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларының питкериўшилери ҳәм аўыл жасларын исбилерменлик хызметине тартыўдың актив илажларын әмелге асырыў әҳмийетли есапланады

(1.7.1-сызылма).


Жаслардың дөретиўшилик ҳәм интелектуал потенциалын көтериў ҳәм талантлы жасларды илимий жумысларға актив тартыў ушын шараятлар жаратыў бойынша қайсы бағдарда хызмет алып барылмасын, жаслармымыз турақлы түрде ҳүкиметимиз тәрепинен қоллап-қуўатланып келинбекте. (1.7.2-сызылма).


Бүгинги күнде республикамызда хызмет көрсетип атырған 303 балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплеринде 40,1 мың оқыўшы жасларға 6,4 мыңға жақын устазлар сабақ бермекте.

2009 жыл пән олимпиадаларының республика басқышында жәми 437 оқыўшы-студентлер қатнасып, олардан 56 сы жеңимпаз болды (1.7.1-кесте).



Download 159,65 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   7   8   9   10   11   12   13   14   ...   27




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish