Жумыстың басқышлары ўақты
|
Жумыстың мазмуны
|
Оқытыўшы
|
Студент
|
1-басқыш
Оқыў даўамында кирисиў
3-5 минут
|
1.1. Режелестириў бөлими топар студентлерин бир сапқа дизип, салемлесип нәўбетшиниң мағлыўматын қабыл қылыў, журнал бойынша барлаў, өтилетуғын тема менен таныстырыў. Топарды оңға, шепке, артқа бурылыў командаларын бериў ҳәм студентлердиң диққатын тартыў. Топарды зал ишинде әсте-ақырын қоллар белде, аяқ ушында, өкшеде, аяқтың ишки ҳәм сыртқы тәреплери менен жуўырыўға өтиў.
|
тыңлайды,
үйренеди
Орынлайды
|
2-басқыш Таярлық бөлими УТЧМ
20, 25 минут
|
Студентлердиң организмин сабақтың тийкарғы бөлимине таярлаў
|
Топарды 4 қатарға бөлип УТЧ менен шынықтырыўды көрсетеди, орынлайды
|
ДҲТТқоллар белде 1-2-3-4 басты оң тәрептен оң тәрепке айландырыў; 1-2-3-4 оң тәрептен шепке айландырыў 4-6 мәрте
|
|
ДҲТТ қолларды желкеге қойып 1-2-3-4 шығанақларды алдыға ҳәм артқа айландырыў 6-8 мәрте
|
|
ДҲТТ аяқ желке кеңлигинде қоллар көкирек алдында, шығанақлар бүгиледи 1-2 шығанақты артқа жайып; 3-4 қолларды жайып сермеў; 8-10 мәрте
|
|
ДҲТТ қоллар белде, аяқлар кеңирек ашылған 1-2-3 геўдени алдыға серипелли бүгиў 6-8 мәрте
|
|
ДҲТТ қоллар белде аяқлар желке кеңлигинде 1-геўдени алдыға бүгиў, 2-қолды алдыға созып турыў, 3-геўдени алдыға бүгиў, 4-дәслепки ҳалатқа қайтыў 8-10 мәрте
|
|
ДҲТТ аяқты кең ашып қоллар белде: 1- шеп аяққа отырып қолларды алдыға созыў оң аяқты туўры услаў; 2-ДҲ қайтыў; 3-оң аяққа отырыў шеп аяқты туўры услаў; 4-ДҲ қайтыў; 6-8 мәрте
|
|
ДҲТТ аяқлар желке кеңлигида 1-қолды полға тиреп отырыў; 2-аяқларды артқасермеп артқа таслаў; 3-аяқларды жыйнап отырыў; 4-ДҲ қайтыў; 4-6 мәрте
|
|
ДҲТТ қоллар белде 10 мәрте шеп аяқта, 10 мәрте оң аяқта, 10 мәрте еки аяқты қосып секириў;
|
|
Арнаўлы шынығыўлар
|
|
Аяқты алмастырып жуўырыў 3 мәртеден
|
|
Дизени жоқарыға кәтерип жуўырыў 3 мәртеден
|
|
Аяқты артқа жиберип жуўырыў 3 мәртеден
|
|
Аяқтан аяққа секирип жуўырыў 3 мәртеден
|
|
3-басқыш тийкарғы бглим 40-45 минут
|
Ҳәрекетли ойынлар спорт тури болып шынығыўларды бириктириўши, жуўырыў, жүриў, секириў ҳәм ылықтырыў.
Ҳәрекетли ойын инсан организмине ҳәр тәреплеме тәсир қылады. Ҳәр тәреплеме физикалық таярлық жас өспиримлердиң организмин иске масласыўын арттырыады. Ҳәрекетли ойынлар шынығыўлары күшти, тезликти, шыдамлылықты раўажландырады. Бундай ҳәрекетшеңлик еркин пикирди тарбиялайды. Усындай физикалық таярлық жас өспиримлерди ҳәр тәреплеме тарбиялаўда көмеклеседи. Ҳәрекетли ойын шынығыўларын кеңирек пайдаланып адам организмине тәсирин ҳәм иске уқыплылығын арттырады.
Жүриў. Турмыста күнделикли ҳәрекетлерди ҳәр қыйлы жастағы адам организмине тәсири ҳәм булшық етлерин иске қосылып раўажландырыў ушын керекли, жүрек қон тамыр ҳәм дем алыў органларин раўажландырыў ушын, қан айланыў системасын жақсылап зат алмасыў, кислородты жеткерип бериўди тәмийтнлейди.
|