|
|
bet | 55/89 | Sana | 23.02.2022 | Hajmi | 1,39 Mb. | | #179353 |
| Bog'liq 1 Канигликке кирис лекция тексти Тазасы 120520143629
Xojaliq jurgiziwshi sub`ektlerinin` islep shig`ariw xojaliq xizmeti na`tiyjesinde alinatug`in da`ramatlar. Өнимлерди, жумыс ҳәм хызметлерди сатыўдан алынған жалпы пайда (зыян) есабат дәўирдиң ақырында сатыўдан түскен сап түсим менен сатылған өнимлер жумыслар ҳәм хызметлердиң ҳақықый өзине түсер баҳа арасындағы парқы муғдарында анықланады.
Таяр өнимлер, товарлар, орынланған жумыс ҳәм көрсетилген хызметлер, алынған дәраматлар, сондай-ақ сатылған товарлардың қайтарылыўы, сатыў қунынан шегирмелер ҳаққындағы мағлыўматлар төмендеги счетларда сәўлеленеди:
9010 «Таяр өнимлерди сатыўдан алынған дәрамат»
9020 «Товарларды сатыўдан алынған дәраматлар»
9030 «Орынланған жумыслар ҳәм көрсетилген хызметлерден алынған дәраматлар»
9040 «Сатылған товарлардың қайтарылыўы»
9050 « Қарыйдар ҳәм буйыртпашыларға берилген шегирмелер»
Жоқарыда келтирилген 9010,9020 ҳәм 9030 счетлар транзит счетлар есапланып, көбейиўи кредитинде, кемейиў дебетинде сәўлеленеди. 9040 ҳәм 9050 счетлары контрпассив счет болып 9010, 9020 ҳәм 9030 счетлар суммасын корректировкалап (дүзетип) турады.
Кәрхананың жуўмақланыўшы баланслық пайдасы (зыяны) есабат дәўириниң ақырында 9900 «Ақырғы финанслық нәтийже» счетында анықланады. 9010, 9020 ҳәм 9030 - счетларының кредит қалдықлары есабат дәўириниң ақырында төмендеги проводкалар менен 9900 счетына өткизиледи.
Дт. 9010, 9020, 9030- счетлар
Кт. 9900 «Ақырқы финанслық нәтийже»
9040 ҳәм 9050 - счетларда сатылған товарлардың қайтарылыўы, шәртнама шәртлерине сәйкес сатыўдан шегирме, сондай-ақ сатылған өнимлерден брак өнимниң анықланыўы нәтийжесинде қунынан шегирме ҳәм соған уқсағанларды есапқа алыў ушын белгиленген.
9040- счеттың дебетинде айланыслар төмендеги жағдайларда сәўлеленеди.
- буйыртпашы ҳәм қарыйдарларға усы товарлар қуны қайтарылғанда:
Дт. 9040 «Сатылған товарлардың қайтарылыўы»
Кт. 5010, 5110, 5210- счетлары.
- кредитке сатылған товарлар қайтарып алынғанда:
Дт. 9040 «Сатылған товарлардың қайтарылыўы» Кт. 4010 « Қарыйдарлар ҳәм буйыртпашылардан алынатуғын счетлар» ямаса 4110 «Айрықша балансқа ажыратылған бөлимлерден алынатуғын счетлар»
Қайтарып складқа қабылланған өним ҳәм товарлардың өзине түсер баҳасына қызыл сторно усылында төмендегише проводка бериледи:
Дт. 9110, 9120, 9130 счетлар
Кт. 2810, 2910,2920 счетлар
Қайтарып алынған өним ҳәм товарлар бойынша есапланған ҚҚС суммасына төмендегише проводка бериледи:
Дт. 6410 «Бюджетке төлемлер бойынша қарыздарлық»
Кт. 5110 «Есапласыў счеты» ямаса 4010 ямаса 4110 счеты.
Есабат дәўириниң соңында 9040 «Сатылған товарлардың қайтарылыўы» счетының дебет сальдосы төмендеги проводка менен Ақырғы финанслық нәтийжеге өткизиледи:
Дт. 9900 «Ақырғы финанслық нәтийже».
Кт. 9040 «Сатылған товарлардың қайтарылыўы:
Сатылған таяр өним, товарлар, орынланған жумыслар ҳәм көрсетилген хызметлердиң өзине түсер баҳасы ҳаққындағы мағлыўматлар төмендеги счетларда сәўлеленеди:
9110 «Сатылған таяр өнимлердиң өзине түсер баҳасы»
9120 «Сатылған товарлардың өзине түсер баҳасы»
9130 «Орынланған жумыслар ҳәм көрсетилген хызметлердиң өзине түсер баҳасы.
Тийкарғы хызметтен алынған басқада дәраматлардың есабы. Кәрханаларда өнимлерди, жумыслар ҳәм хызметлерди сатыўдан алынған жалпы пайдадан тысқары тийкарғы хызметтен алынатуғын басқа да дәраматлар да болыўы мүмкин.Бундай дәраматлар келип түсиў дерегине қарап төмендеги счетларда есапқа алынады:
9310 «Тийкарғы қураллардың есаптан шығарылыўынан алынған пайда»
9320 «Басқа да активлердиң есаптан шығарылыўынан алынған пайда».
9330 «Өндирилген пения (өсимлер), жәрийма ҳәм неустойка»
9340 «Өткен жыллардың пайдалары».
9350 «Қысқа мүддетли ижарадан алынған дәрамат»
9360 «Кредиторлық ҳәм депонент қарызларды есаптан шығарыўдан алынған дәраматлар».
9370 «Хызмет көрсетиўши хожалықлардан алынған дәраматлар»
9380 «Қайтарылмайтуғын финанслық жәрдем»
9390 «Басқа да операцион дәраматлар»
9310 «Тийкарғы қураллардың есаптан шығарылыўынан алынған пайда» cчетында тийкарғы қуралларды сатыў ҳәм басқа көринистеги есаптан шығарылыўдан алынған пайда есапқа алынады. Бул ўақытта төмендеги проводка бериледи:
Дт. 9210 « Тийкарғы қураллардың есаптан шығарылыўы».
Кт. 9310 «Тийкарғы қураллардың есаптан шығарылыўынан алынған пайда.
9320 «Басқа да активлердиң есаптан шығарылыўынан алынған пайда» счетында материаллық емес активлер, баҳалы қағазлар ҳәм соған усаған басқа да активлерди сатыўдан алынған пайда суммасы төмендеги проводка менен сәўлеленеди:
Дт. 9220 «Басқа да активлердиң есаптан шығарылыўы».
Кт. 9320 «Басқа да активлердиң есаптан шығарылыўынан алынған пайда»
9330 «Өндирип алынған пения, жәрийма, неустойка» счетында шәрнама шәртлерин бузғанлығы ушын өндирилген ямаса қарыздар тәрепинен келип түскен жәриймалар, пениялар, ўақтында төленбеген қарызлар ҳәм басқа түрдеги жаза жәриймалары, сондай-ақ келтирилген зыянларды өндириў бойынша дәраматлар сәўлеленеди.
9340 «Өткен жыллардағы пайдалары» счетыда есабат жылында анықланған алдыңғы жылларға тийисли пайда сәўлеленеди.
Өндирис ҳәм өнимлерди сатыў менен тиккелей байланыслы болмаған операциялардан рента дәраматы, хожалық жүргизиўши субъектлерге қараслы асқаналардан түсимлер, жәрдемши хызметлерден дәраматлар ҳәм соған усаған басқа да дәраматлар 9390- счетда есапқа алынды. Бул счетда ыдыс операцияларынан алынған төмендеги дәраматлар сәўлеленеди: жаңа ыдыслардың прейскурант баҳасы менен карыйдарлардан қайтарып алынған ыдысларды тапсырыў баҳасы арасындағы парқы; өним жибериўши тәрепинен ыдысларда қабыллаўда гиреў қуны менен ҳақыйқый өзине түсер баҳасы арасындағы парқы, көп мәртебе айланыўшы ыдыслардың дүзетиўи ҳәм ескириўи менен байланыслы болған қәрежетлер суммасының өним жибериўшилерге қайтарылыўы.
Бундай түсимлер киримге алынғанда 9390 «Басқа да операцион дәраматлар» счеты кредитленип төмендеги счетлар дебетленеди.
2010 «Тийкарғы өндирис», 2310 «Жәрдемши өндирис» - тамамланбаған өндиристеги артықша шыққан материаллар қунына; 2510 «Улыўма өндирислик қәрежетлери» улыўма өндирислик складларда артықша шыққан материаллар қунына;
1060 «Ыдыс ҳәм ыдыслық материаллар счеты- ыдыс ҳәм ыдысбап материаллары бойынша алынған пайда суммасына;
1010-1090 (материалларды есапқа алатуғын) счетлар-инвентаризация нәтийжесинде артықша шыққан материаллар киримге алынса;
5010 «Миллий волютадағы пул қаржылары» счеты инвентаризация нәтийжесинде кассада артықша шыққан пул қаржылары киримге алынса.
9360 «Кредиторлық ҳәм депонентлик қарызларды есаптан шығарыўдан түскен дәраматлар» счетында наразылық мүддети өткен кредиторлық ҳәм депонентлик қарызларды есаптан шығарыўдан алынған дәраматлар есапқа алынады.
9470 «Хызмет көрсетиўши хожалықлардан алынған дәраматлар» счеты-коммуналлық алынған пайда суммасынан;
Бундай түсимлер киримге алынғанда 9360 «Кредиторлық ҳәм депонентлик қарызларды есаптан шығарыўдан алынған дәраматлар есапқа алынады.
Бундай түсимлер киримге алынғанда 9360 «Кредитор ҳәм депонент қарызларды есаптан шығарыўдан түскен дәраматлар счеты кредитленип төмендеги счетларда дебетленеди.
6720 «Депонентленген мийнет ҳақы» счеты наразылық билдириў мүддети өткен депоситлик қарызлары есаптан шығарылғанда;
6990 «Басқада миннетлемелер» счеты-анаразылық мүддети өткен алимент қарызлары есаптан шығарылса;
6960 «Наразылық бойынша төленетуғын счетлар» счеты-өндирип алыў мүддети өткен наразылық бойынша төленетуғын қарызлар суммасы есаптан шығарылса;
5010 «Миллий валютадағы пул қаржылары» ямаса 5110 «Есапласыў счеты», 5210 «Мәмлекет ишиндеги валюта» счетлары-зыянға өткизилген төлеўге қәбилетсиз дебиторлық қарызлар суммасы өндирилип алынса. Соның менен бирге баланстан тысқары 007»Төлеўге қәбилетсиз дебиторлардың зыянға өткизилген қарыз» счетынан шығарылады.
9350 «Қысқа мүддетли ижарадан алынған дәрамат» счетында оператив ижараға берилген мүлкден алынған дәрамат есапқа алынады.
9380 «Қайтарылмайтуғын финанслық жәрдем» счетында пул қаржылары ҳәм пул эквивалентлери қайтарып бермеў шәрти менен алынған дәраматлар есапқа алынады. Бундай пул қаржылары киримге алынғанда 5110 «Есапласыў счеты» ҳәм 5210 «Мәмлекет ишиндеги валюта счетлары» дебетленип, 9380 «Қайтарылмайтуғын финанслық жәрдем» счеты кредитленеди.
Басқа да операцион хызметтен алынған дәраматлар 9390 «Басқа да операцион дәраматлар» счетында есапқа алынады. Бунда түсимлер киримге алынады. 9390 «Басқада операцион дәраматлар» счеты кредитленип төмендеги счетлар дебетленеди:
6510 «Қамсызландырыў бойынша төлемлер» счеты мүлк қамсызландырыў органларынан түскен қамсыз төлемлер суммасына;
4910 «Гүманлы қарызлар бойынша резерв» счеты-шөлкемлестирилген жылдан кейинги жылға шекем пайдаланылмаған гүманлы қарызлар резервы суммасына;
6210 «Мүддети узайтырылған дәрамат» счеты кемис келиў суммасы айыпкерлерден өндирип алынғаннан соң жетиспеген материаллық қунлықлардың баланс қуны менен айыпдарлардан өндирип алынған қуны арасындағы парқы есаптан шығарылса;
2810 «Складтағы таяр өнимлер», 2910 «Cкладдағы товарлар» счетлары инвентаризация нәтийжесинде анықланған артықша өнимлер ҳәм товарлардың киримге алыныўы:
1010-1090 материаллық байлықларды есапқа алатуғын счетлар инвентаризация нәтийжесинде артықша шыққан ҳәм бийпул алынған материал қун суммасына:
6310 «Қарыйдар ҳәм буйыртпашылардан алынған аванслар» счеты өз ўақтында буйыртпашы ҳәм қарыйдарлардан талап етип алынбаған аванс суммасының есаптан шығарылыўы.
Бул түрдеги дәраматлар есабат дәўири ақырында төмендеги проводкалар менен Ақырғы финанслық нәтийжеге өткизиледи.
Дт. 9310 «Тийкарғы қураллардың есаптан шығарылыўынан алынған пайда».
Дт. 9320 «Басқа активлерди сатыў ҳәм түрли шығымлардан алынған пайда»
Дт. 9330 «Өндирилип алынған пения ҳәм неустойки
Дт. 9340 «Өткен жыллардағы пайдасы»
Дт. 9350 «Қысқа мүддетли ижаралардан алынған дәрамат»
Дт. 9360 «Кредиторлық ҳәм депонентлик қарызларды есаплаўдан шығарыўдан түскен дәраматлар».
Дт. 9370 «Хызмет көрсетиўши хожалықлардан алынған дәраматлар»
Дт. 9380 «Қайтарылмайтуғын финанслық жәрдем»
Дт. 9390 «Басқа да операцион дәраматлар»
Кт. 9900 «Ақырғы финанслық нәтийже»
Do'stlaringiz bilan baham: |
|
|