Өндирис қәрежетлериниң есабы ҳәм өним өзине түсер баҳаны есаплаўдың норматив усылы. Хожалықда материал, мийнет ҳәм финанс (қаржы) ресурсларынан рационал емес пайдаланыўды өз ўақтында алдына алыў, өндиристеги шийки резервлерди излеп табыў шийки хожалық есабы нәтийжелерин анықлаў «Өндирис қәрежетлерин норматив усылнда жүргизиўдиң ўазыйпалары» болып есапланады.
Бул усылдың тийкарында өним жумыслар ҳәм хызметлердиң бир бирлигине сарпланатуғын, техник тәрепинен тийкарланған жумыс ўақтын , материал қун ҳәм пул қаржыларын қәрежет нормасы жатады.
Өндирис қәрежетлериниң нормалары бул басқарыўдың тийкарғы қуралы болып есапланады. Олар кәрхананың техникалық ҳәм шөлкемлесиў раўажланыўын көрсетеди, оның экономикасында ҳәм хызметин ең әҳмийетли нәтийжеси тәсир етеди.
Сменалы жумыслар жобасын дүзиў, жумыс жайларына материлларын жибериў, орынланған жумыслар ушын мийнет ҳақы төлеў ҳәм ҳәзир пайдаланып атырған нормаларға тийкарланып әмелге асырылады. Олар тийкарында детал, узел ҳәм өнимлер бойынша ҳәр айда норматив өзине түсер баҳа дүзиледи.
Жобалы нормалар шереклик (квартал) ҳәм жыллық жобаларда нәзерде тутылып, шөлкемлестириў-техник илажларды өндириске енгизиўден көрилетуғын нәтийжелерди есапқа алған ҳалда жобаластырған дәўирде күтилип атырған нормалар тийкарында есаплап шығылады.
Норма өзгерислерин туўры ҳәм өз ўақтында есапқа алыў кәрхана баслықларына шөлкемли техник илажлары. жаңа техника ҳәм технологияны енгизиў, мийнет өнимдарлығы енгизиў, мийнет өнимдарлығын асырыў жобаларын орынланыў үстинен қадағалаў, сондай-ақ, егер өзгериў қәрежетлердиң асыў терепине садыр болса, бул кемшиликлерди жоқ қылыў имканының береди.
Нормаларды өзгериў хабарнамасы төмендеги бөлимлер тәрепинен ҳүжжетлестириледи:
а) материал қәрежетлери бойынша технология бөлими:
б) материаллық ресурслардың баҳалық өзгериўи бойынша жоба бөлимлери.
в) жумыс ўақты нормасын өндирилген буюм ушын белгиленген нормасын хызметкөрсетиў қун өзгериўи бойынша мийнет ҳәм жумыс ҳақы бөлими;
г) деталл, узел, ярым таяр өнимлерди ислетиў өзгерислери бойынша конструкторлық бөлими:
д) жанылғы ҳәм энергия қәрежетлери нормаларын өзгериўи бойынша бас энергетика хызмети.
Нормалардың өзгериўи технологик ҳәм техник ҳүжжетлеирне хабарнама келип түскен ўақтында киргизиледи, норматив өзине түсер баҳасын хабарнама алынғанан кейинги айдың басына киргизиледи. Өзгерислердиң себеплери өним өзине түсер баҳасын пасейтириў тапсырықларын есаплап шығыўда қолланылатуғын техник - экономикалық факторлардың тийкарғы топарлар бойынша қолланылады.
I. Өндиристиң техник дәрежесин асырыў.
II. Өндирис ҳәм мийнетти шөлкемлестириўди жақсылаў.
III.Өндирис көлеми ҳәм структураларының өзгериўи.
IV.Тәбийиғый ресурслардан пайдаланыўды анықлаў.
V. Өндиристи раўажландырыў.
Кәрханада норматив калькуляцияны өндириў ушын жоба-экономика бөлиминиң жанында норматив бюро (топар) шөлкемлестириледи.
Бул жерге тийисли бөлимлерден норма ҳәм номативлер келип түседи. норматив инфорациялар фонды дүзиледи, норматив калькуляция, нормаларды өзгериўи туўрысында есабат, нормалардан асырыў расчет ҳәм есабаты дүзиледи.
Жумысларды ҳәм өндирис қәрежетлери есабын норматив усылында жүргизилгенде кәрханабөлимлери арасында бурчларды бөлистириў дүзилисин келтиремиз:
1. Конструкторлық бөлими деталлар ҳәм жыйымлар сызылмалар ислеп шығады деталларды өз-ара алмасыў карталары деталл ҳәм узеллерди арнаўлы еситиў.
2. Технология (техник) бөлими Деталларды өтиў маршрутларын ислеп шығарады: үскене түрлери кесиў режими: иструмент турлери, қадағалаў өлшеў (үскенелери) әсбаплары, шийки зат материаллар ҳәм жумыслар разряды, технологик карталары ҳәм пишиў карталары (лимиты)ни дүзеди.
3. Мийнет ҳәм жумыс ҳақы бөлими ўақыт ҳәм жумыслар разряды, жумыслар орны ҳәм штатлар бойынша операцион нормаластырылған карталар ислеп шығады. Бул бөлим қасында мийнет нормативлери бюросы шөлкемлестирилип , ол деталлар, өзгерислер ҳәм аўысыўлар бойынша кодлар ислеп шығады.
4. маркетинг бөлими зәрүр көлеминдеги ҳәм түрдеги товар материаллар қуны менен үзликсиз ҳәм бир нормада тәмийнлеп турады .
Лимит-забор каталар жазады. Складларды нормал ислениўин, өлшеў тартыў үскенелери менен тәмийинлениўин қадағалайды. Материаллар бойынша номен клатура ценин ислеп шығады.
5. Техник қадағалаў бөлими. Брак өними классификаторын ислеп шығады, (өндиреди) детал, узел ҳәм өнимлер таярлаўда қадағалаў точкаларын орнатады. Қабылланатуғын шийки зат, материаллар, ярым таяр өнимлер үстинен қадағалайды, брактың себеплери ҳәм айыпдарлар кодын ислеп шығады.
6. Жоба-экономикалық бөлим. Өним бойынша жоба калькуляция саны материалларға номенклатура ценник дүзеди, кери қәрежетлер F тин есаплап шығады. Бул бөлим қасында жийма нормативлер бюросы дүзилип, ол калькуляция нормадан аўысыў ҳәм нормалардың өзгериў суммаларын олардың себеплерин анализлейди: кәрхананың басқа бөлимлери менен биргеликде келеси есабат айы ушын норматив калькуляциясын дүзеди.
Бас механик ҳәм инструментал бөлими. Жанылғы ҳәм барлық түрдеги энергия қәрежетлери номасын өндиреди. Инструментлер қәрежетлер нормасын өндиреди: норманың өзгериў себеплери кодын өндиреди.
8. Өндириўши цехлар. Техник ҳүжжетлер, барлық түрдеги шийки зат, товар материаллық қуны, инструментлер, норма бойынша үскенелер, штатлар ҳәм норма бойынша ис ҳақы кери қәрежетлер нормалары менен тәмийинленеди. Кәрхана бухгалтериясына өндирис қәрежетлери ҳәм есапланған ис ҳақы бойынша ҳүжжетлерди, материал есабатын дүзеди.
9. Бухгалтерия дәслепки ҳүжжетлерге тийкарланған норма, нормадан аўысыўы ҳәм норманың өзгериўи индекслерин есаплап шығады. Материаллар бойынша калькуляция дүзиўде қатнасады, сондай-ақ өзине түсер баҳа анализленеди.
Өндириске сарпланған материаллар есабы. Өндирис қәрежетлеринде материаллар, ярым таяр өнимилердиң салмағы үлкен. Соның ушын олардың нормаларға қарағанда артық ҳәм кем сарыпланыўы өним өзине түсер баҳасына тәсир қылады.
Материаллар сарпы бойынша дәслепки ҳүжжетлер материаллар есабы бөлимине бериледи. материаллар сарпыны қәрежетлер бағдары бойынша есапқа алыўда инвентар ҳәм партион усылларда ҳүжжетлестириў қолланылады.
Инвентар усылында бухгалтерия дәслеепки қәрежетлерге тийкарынан нормалардан аўысыўды есапқа алған жағдайда бухгалтерия сарпланған материаллар қунын есаплап шығады.
Материаллар қәрежетин есапқа алыў ушын партион усылы қолланылады. Бунда материаллар ҳәр бир пишилген партия ҳәм пишип болғаннан кейин тежелген ямаса артықша қәрежет анықланады ҳәм олардың себеплери ҳәмде айыпдарлары белгиленеди.
Норматив усылыда материаллар қәрежети есабын кеңнен көрип шығамыз. Материаллардан рационал пайдаланыў үстинен қадағалаўды цехтың жоба диспечерлик хызмети орынлайды. Буның ушын цех бойынша ай даўамында материаллардан пайдаланыў туўрысында есабат дүзеди.
Ҳәзирги базар экономикасы қатнасығында пайдаланылған материаллар қунын есаптан шығарыўдың басқа усыллардан ҳәм пайдаланыў мүмкин. Буллар АВЕКО ҳәм ФИФО усыллары болып есапланады.
АВЕКО-усылында материаллар орташа тартылған баҳада сарпланады.
ФИФО- усылында материаллар биринши кирим баҳада сарпланады.
Бул усыллардың ең қолайлысы ФиФо ҳәм АВЕКО усыллары есапланады.
Do'stlaringiz bilan baham: |