1. экономиканы модернизациялаў шараятында есап системасының орны ҳӘМ ӘҲмийети реже


ӨНИМЛЕР (ЖУМЫС, ХЫЗМЕТЛЕР)ДИ ИСЛЕП ШЫҒАРЫЎ ҲӘМ САТЫЎ ҚӘРЕЖЕТЛЕРИ ҚУРАМЫ ҲӘМ ФИНАНСЛЫҚ НӘТИЙЖЕНИ ҚӘЛИПЛЕСТИРИЎ ТӘРТИБИ ҲАҚҚЫНДАҒЫ РЕЖЕ



Download 1,39 Mb.
bet51/89
Sana23.02.2022
Hajmi1,39 Mb.
#179353
1   ...   47   48   49   50   51   52   53   54   ...   89
Bog'liq
1 Канигликке кирис лекция тексти Тазасы 120520143629

7.ӨНИМЛЕР (ЖУМЫС, ХЫЗМЕТЛЕР)ДИ ИСЛЕП ШЫҒАРЫЎ ҲӘМ САТЫЎ ҚӘРЕЖЕТЛЕРИ ҚУРАМЫ ҲӘМ ФИНАНСЛЫҚ НӘТИЙЖЕНИ ҚӘЛИПЛЕСТИРИЎ ТӘРТИБИ ҲАҚҚЫНДАҒЫ РЕЖЕ
реже:
1.Finansliq na`tiyjelerdi qa`liplestiriw.
2.O`nimler(jumislar, xizmetler)din` islep shig`ariw o`zine tuser bahasina kiritiletug`in qa`rejetler qurami.
3.Da`wir qa`rejetleri.
4.Xojaliq jurgiziwshi sub`ektlerinin` islep shig`ariw xojaliq xizmeti na`tiyjesinde alinatug`in da`ramatlar.


Таяныш сөзлер: finansliq na`tiyje, o`nimler, jumislar, xizmetler, o`zine tuser baha, qa`rejetler qurami, da`wir qa`rejetleri, xojaliq jurgiziwshi sub`ektler, da`ramatlar.
1.Finansliq na`tiyjelerdi qa`liplestiriw
(Финанслық нәтийжелер ҳаққында есабат көрсетпелери)
А. Улыўма көрсетпелер
Финанслық есабат кәрхананың хызмети ҳаққындағы мағлыўматлардың тийкарғы дереги болып есапланады.
Финанслық нәтийжелер ҳаққындағы жаңа есабат формасын алдыңғысына (1995 жылға шекем) қарағанда өзгериўин төмендегилер өз ишине алады: базар қатнасықларында финанслық есабаттан жаңа пайдаланыўшылар, дәслепки акционерлер, сондай-ақ басқа да инвесторлардың жүзеге келиўи, кәрхана менежерлериниң жаңа мағлыўматларға болған талапларының жүзеге келиўи; финанс базарларының тийкарғы талаплары ҳәм хожалықты басқарыў мүтәжликлерине жуўап беретуғын пайда ҳаққындағы есабат дүзилисин ислеп шығыў ҳәм соған усағанлар.
Пайда ҳәм зыянлар ҳаққындағы жаңа есабат формасын әмелде қолланыў менен байланыслы болған өзгерислер төмендегилерден ибарат:
- буннан кейин сатылған өнимниң өзине түсер баҳасына тек ғана усы есабат дәўиринде сатылған өнимлерге тийисли өндирис түриндеги қәрежетлер қосылады. Қалған қәрежетлер операцион қәрежет статьялары бойынша дәўир қәрежетлерине қосылады;
- илгери кәрхана қараўында қалған пайда есабынан қапланған статьялар ҳәзир қәрежет статьялары есапланады, бирақ кәрхананың салыққа тартылған базасынан шегирилмейди.
Б. Финанслық нәтийжелер ҳаққындағы есабат сыртқы ҳәм ишки пайдаланыўшылардың талаплары
Қәрежетлердиң қурамы ҳаққындағы Реже финанслық есабатлар көрсеткишлери менен беккем байланысқан болып оның ишки ҳәм сыртқы пайдаланыўшылар ушын пайдалы екенлигине тиккелей тәсир етеди. Бул Реже кәрхананың жумыс хызмети нәтийжелилигин анықлаўшы бир қанша тийкарғы көрсеткишлерди есаплаўда материаллық есаплаўды тәмийнлейди.
Бул көрсеткишлер төмендегише:
1.Жалпы пайда (ЖП).
2.Өнимниң өндирислик өзине түсер баҳасы (ӨОТБ).
3.Сатыўдан алынған жалпы пайда (СЖП)
4.Дәўир қәрежетлери. (ДҚ)
5.Тийкарғы хызметтен алынған пайда(зыян),(операцон пайда ямаса зыян) (ТХ)
6. Финанслық хызметтен алынған пайда ямаса зыян. (ФП)
7. Әдеттеги хожалық хызметинен алынған пайда (зыян). (ӘХП)
8. Айрықша жағдайда пайда ҳәм зыянлар. (АЖП)
10. Салық төленгеннен кейинги сап пайда. (сап зыян) (СП)
Пайда ҳаққындағы есабаттан ишки пайдаланыўшы кәрхана менеджерлериниң талаплары бир-бирине байланыслы еки тийкарғы топар факторлары менен белгиленеди: басқарыў қарарлары нәтийжелигин асырыў ўазыйпалары ҳәм сыртқы пайдаланыўшылар талаплары.
В. Нәтийжелик көрсеткишлериниң анализи.
Санлы көрсеткишлерден тысқары, пайда ҳаққындағы есабат, есабаттан пайдаланыўшылар ҳәм финанслық базарлар ушын зәрүр болған қатар көрсеткишлерди есаплаў ҳәм анализлеў имканятын береди. Буларға тийкарынан нәтийжелилик көрсеткишлери киреди.
Нәтийжелилик коэффицентлери компания хызметиниң қаншелли пайдалылығын көрсетеди. Бул коэффициентлер алынгған пайданың сарпланған қәрежетлерге болған қатнасын ямаса алынған пайданың сатылған өним көлемине болған қатнасын есаплаў жолы менен табылады.
Көбирек пайдаланатуғын көрсеткишлер болып кәрхананың барлық активлериниң нәтийжелилиги, меншик капиталының нәтийжелилиги, өним (жумыс,хызмет)лерди сатыўдың нәтийжелилиги есапланады.
Барлық активлердиң нәтийжелиги (АН) сап пайданы (СП) кәрхана активлериниң (А) орташа жыллық қунына бөлиў жолы менен табылады. АН=СП*А. Бул коэффициент 1 с пайда алыў ушын фирмаға неше с зәрүр болғанлығын көрсетеди. Бул көрсеткиш кәрхананың бәсекеге турарлығының тийкарғы индикаторларының бири болып есапланады.
Бәсекелеслик дәрежеси анализленип атырған кәрхананың барлық активлери нәтийжелилигин орташа тараў коэффицентине салыстырыў жолы менен анықланады.
Өним (жумыс, хызмет)лерди сатыў нәтийжелилиги пайданы сатылған өним(жумыс, хызмет)лердиң көлемине бөлиў жолы менен анықланады.
Өнимлерди сатыў нәтийжелиги (СН) пайданы сатылған өнимлердиң (жумыс, хызмет) муғдарына бөлиў жолы табылады. Өнимлерди (жумыс, хызмет)сатыў нәтийжелилигиниң еки тийкарғы көрсеткишлери бар: сатыўдан алынған жалпы пайда бойынша есаплаў (СЖЫ)*СН=СЖП:СЖТ, бул жерде пайда СЖТ-сатыўдан алынған жалпы түсим ҳәм сап пайда (СП) бойынша есаплаў СН(с)=СП:СЖТ.
Биринши көрсеткиш кәрхананың баҳаны дүзиў сиясатындағы өзгеристи, сатылған өнимлердиң өзине таяр баҳасын қадағалаў қәбилетин көрсетеди.
Финанслық мағлыўматларды анализлеўдиң әҳмийетлери болып сап пайданың өнимлерди сатыўдан түскен жалпы түсимге болған қатнасы есапланады.
Меншик капитал нәтийжелилиги (МКН) сап пайданы меншик капиталдың (МК) орташа жыллық суммасына болған қатнасы менен анықланады. МКН=СП:МК. Меншик капитал устав капиталы, қосылған капитал, резерв капиталы ҳәм топланған пайда жыйындыларынан ибарат. Меншик капиталдың нәтийжелик көрсеткишлери мүлкдор тәрепинен инвестиция етилген капиталдан пайдаланыў нәтийжесин анықлаў ҳәм бул қаржыны басқа қымбатлы қағазларға қойғанда қанша дәрамат алыўын сапластырыў имканиятын береди.
Г. Финанслық нәтийжелер ҳаққындағы есабатты дүзиў тәртиби.
Финанслық нәтийжелер ҳаққындағы есабат 3-санлы ББМС «Финанс нәтийжелер ҳаққындағы есабат» қа сәйкес ағымдағы бухгалтерия мәмлекетлери бойынша дүзимлери.
Өзбекистан Республикасы Финанс Министрлиги тәрепинен белгиленген финанслық нәтийже ҳаққындағы есабат N2 формада жүргизиледи.
Есабаттың 010 - қатары 90 «Тийкарғы (операцион) хызметтен алынған дәраматлар счетының тийисли (9010-9030) счетларынан алынады. Бул счетлардың суммасынан 9040- «Сатылған товарлардың қайтарылыўы» ҳәм 9050 «Қарыйдар ҳәм буйыртпашыларға берилген шегирмелер» счетының суммасы шығарып тасланады.
020 - қатар суммасын дүзетиў ушын 91 «Сатылған өнимлердиң өзине түсер баҳасы» счетының тийисли счетлары (9110-9130)дан алынады.
030 - қатар суммасын табыўы ушын 010 - қатар суммасынан 020 қатар суммасын айырып таслаў керек.
040-043-қатарлары суммасы 9410 «Сатыў қәрежетлери», 9420 «Ҳәкимшилик қәрежетлер», ҳәм 9430 «Келеси жылларда салыққа тартылатуғын базадан шегирилетуғын есабат дәўири қәрежетлери» счетларының тийисли мағлыўматларынан алынады.
043 - қатардың «дәрамат» деген ханасына жазыў ушын мағлыўматларды 93 «Тийкарғы хызметтен алынған басқа да дәраматлар» счетының тийисли счетларынан алынады. 050 - «Тийкарғы хызметтен алынған пайда (зыян) қатарының суммасын табыў ушын 030 қатар суммасынан 040 қатар суммасын айырыў керек.
060-067 - қатарлардың дәрамат бөлеги. 95- «Финанслық хызметтен алынған дәраматлар» счетының тийисли счетларынан алынады, қәрежетлер бөлеги 96 «Финанслық хызмет бойынша қәрежетлер» счетының тийисли счетларынан алынады.
070 «Улыўма хожалық хызметинен пайда (зыян)» қатарының суммасын табыў ушын 050- қатар суммасына 060- қатар суммасын қосыў (дәрамат болса) ямаса айырыў (қәрежет болса) керек.
080-083 қатарлардың дәрамат бөлеги 9710 «Айрықша жағдайдағы пайда» счеттан қәрежетлер бөлеги 9720 «Айрықша жағдайдағы қәрежетлер» cчетынан алынады.
090- Пайда (зыян)дан салық төлегенге шекемги улыўма финанслық нәтийже қатарының суммасын табыў ушын 070 қатар суммасына 080- қатар суммасын (дәрамат болса) қосып ямаса (қәрежет болса) айырыў керек.
Бул мағлыўмат 9900 «Ақырғы финанслық нәтийже» счетының суммасына тең болыўы керек.
Д. Салыққа тартылатуғын базаны анықлаў тәртиби.
Кәрхана есабат дәўириндеги барлық дәрамат ҳәм қәрежетлерин есаплап шығып салыққа тартылғанға шекемги болған пайдасын анықлағаннан соң алынған нәтийжеге салық нызамшылығына дүзетиўлер киритиў керек.
Салыққа тартылатуғын базаны анықлаў схемасының улыўма көриниси төмендегише:



Салыққа тартылғанға шекемги болған пайда ямаса зыян

+


Удайы жеңилликке

+


Ўақытша жеңилликке

=


Салыққа тартылатуғын база

Демек, салыққа тартылатуғын пайданы (дәраматты) табыў ушын 130 - (пайдадан салық төлеўге шекемги улыўма финанслық нәтийже) қатар суммасына 1 ҳәм 2 - бөлимге тийкарынан дүзетиў киритиў керек. Қосымша салыққа тартылатуғын қәрежет статьялары қәрежетлер қурамы ҳаққындағы Нызамның 1 ҳәм 2 бөлимлеринде берилген. Бул бөлимлер бойынша салыққа тартылатуғын қәрежетлер 20,23,25,94 счетлардың тийисли счетларында есапқа алыныўы мүнәсебети менен оларды айрықша ведомостда топарлаў зәрүр. 013 баланстан тысқары счет.


Келесиде салыққа тартылатуғын базадан шегирилетуғын есабат дәўири қәрежетлерине ийе болған кәрханалар, бундай қәрежетлер есабын 013 «Ўақытша салық жеңилликлери (түрлери бойынша) бойынша қәрежетлер» баланстан тысқары счетында жүргизеди. 013-счет бойынша аналитик есапты тийисли регистрларда сондай шөлкемлестириў керек, ол салыққа тартылатуғын базадан шегирилетуғын қәрежет статьялары, қәрежетлер қурамы ҳаққындағы Нызамға қарап есаплап шығарылған суммасы ҳәм олардың салыққа тартылатуғын базадан шегириў мүддетлери ҳаққындағы мағлыўматлар менен тәмийинленсин.

Download 1,39 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   47   48   49   50   51   52   53   54   ...   89




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish