|
|
bet | 54/89 | Sana | 23.02.2022 | Hajmi | 1,39 Mb. | | #179353 |
| Bog'liq 1 Канигликке кирис лекция тексти Тазасы 120520143629
3.Da`wir qa`rejetleri
(Дәўир қәрежетлериниң ҳәм финанслық хызмет қәрежетлериниң есабы)
Республика кәрханалары 1995 жылдан баслап қәрежетлер есабын 1995 жыл январ айында тастыйықланған «Өнимлерди (жумыс, хызмет) өндириў ҳәм сатыў қәрежетлериниң қурамы ҳәмде финанслық нәтийжелерди дүзиў тәртиби ҳаққындағы нызам» тийкарында жүргизе баслады.
1999 жылдың 5-февралында тастыйықланған әмелде жаңаланған «Өнимлерди (жумыс, хызмет) өндириў ҳәм сатыў қәрежетлериниң қурамы ҳәмде финанслық нәтийжелерди дүзиў тәртиби ҳаққындағы Нызам» исленип шығарылды.
Нызамда бухгалтерия есабы ҳәм есабы бойынша әмелдеги норматив ҳүжжетлерди инабатқа алған ҳалда өнимлердиң (жумыс, хызмет) өзине түсер баҳасына қосылатуғын қәрежетлерди бир түрде белгилеўди тәмийинлеў мақсетинде исленген.
Нызам қәрежетлерди бухгалтерия есабы ҳәм салыққа тартыў мақсетинде удайы парықларды инабатқа алып исленген.
Салыққа тартылатуғын баҳа бухгалтерия пайдасынан парықланады, кәрхана қәрежетлериниң бир бөлеги салық нызамшылығына қарап салыққа тартылатуғын баҳаны кемейттирмеўи керек ҳәм салық ушын салыққа тартылатуғын базаны дурыс анықлаў мақсетинде оны бухгалтерия пайдасына қосыў керек.
Нызамға қарап барлық қәрежетлер төмендегише топарларға бөлинеди.
- өнимлердиң өндирислик өзине түсер баҳасына қосылатуғын қәрежетлер;
- өнимниң өндирислик өзине түсер баҳасына киргизилмеген, бирақ 94 «Дәўир қәрежетлери» счетына киргизилип есапбат дәўири ақырында 9900 «Ақырғы финанслық нәтийже» счетының дебетине өткерилетуғын қәрежетлер.
- хожалық жүргизиўши субъекттиң финанслық хызмети бойынша қәрежетлер;
- хожалық жүргизиўши субъекттиң әдеттеги хызметинен тысқары ҳәдийселер ҳәм операциялар нәтийжесинде жүзеге келетуғын айрықша жағдай зыянлары;
Дәўир қәрежетлерин есапқа алыў ушын счетлар жобасында 94 «Дәўир қәрежетлери есабы» счеты белгиленген болып онда 4 счет бар:
9410 «Сатыў қәрежетлериниң есабы»
9420 «Админстративлик қәрежетлердиң есабы»
9430 «Басқа да операцион қәрежетлердиң есабы»
9440 «Келеси салыққа тартылатуғын базадан шегирилетуғын есабат дәўири қәрежетлери есабы».
Дәўир қәрежетлери дегенде тиккелей өндирис процесси менен байланыслы болмаған төмендеги қәрежетлер түсиниледи: өнимлерди сатыў бойынша қәрежетлер, басқарыў ҳәм улыўма хожалық бағдарындағы басқа да қәрежетлер. Сатыў қәрежетлериниң есабы 9410-счетында төмендеги қәрежетлер есапқа алынады.
- Темир жол, ҳаўа, автомобил, теңиз, дәрья, ат арба транспортларында тасыў қәрежетлерди; Бул қәрежетлерге жүк тасыў менен байланыслы болған қәрежетлер, сондай-ақ бийкар турып қалған тарнспорт қураллары ушын төленген жәриймалар көрсетиледи;
- саўда ҳәм улыўма аўқатланыў кәрханаларының айланыс қәрежетлери, соннан:
- Нызманың 1, 2 бәнтинде санап өтилген, административлик басқарыў аппараты ислеўшилериниң мийнет ҳақыларынан тысқары, өнимлерди сатыў менен байланыслы болған мийнет ҳақы қәрежетлери;
- мийнет ҳақы фондынан ажыратпалар:
- ижара ҳақылары, саўда мүтәжликлери ушынпайдаланылған имаратлар, қурылмалар ҳәм ханаларды сақлаў ҳәм дүзетиў қәрежелери:
- Нызамның 1.4 бәнтине сәйкес тийкарғы қуралларды ҳәм материал емес активлердиң амортизациясы:
- санитар кийимлер, асхана дәстүрханлары, асхана ыдыс табақлары тозыўы:
- газ, жанылғы, электр энергиясы қәрежетлери:
- саўда рекламасы қәрежетлери:
- тасыў, сақлаў ҳәм сатыў ўақтында товарлардың норма әтирапындағы ҳәм оннан артықша жоғалыўлары:
- ораў-жайластырыў материаллары:
- мал-мүлкти мәжбүрий қамсызландырыў қәрежетлери:
- мийнетти қураў ҳәм техника қәўипсизлиги қәрежетлери;
- арнаўлы кийимлердиң тозыўы
- сатыў базарларын үйрениў бойынша белгиленген нормативлер әтирапындағы ҳәм оннан артық қәрежетлер (маркетингке, рекламаға сарыпланған қәрежетлер):
9420-»Административ қәрежетлер» төмендеги қәрежетлер бойынша есапқа алынады.
- Нызамның 1.2 бәндинде санап өтилген басқарыў хызметкерлерине тийисли болған мийнетке ҳақы төлеў қәрежетлери.
- Нызамның 1.3 бәндинде санап өтилген басқарыў хызметлерине тийисли болған социал қамсызландырыў ажыратпалары;
-хызметтеги жеңил автотранспортына ҳәм хызметтеги микроавтобусын сақлаў, жаллаў ҳәм ижараға алыў қәрежетлери;
-хожалық жүргизиўши суъбект ҳәм оның қурамлық бөлимлерин шөлкемлестириў ҳәм оларды басқарыў қәрежетлери;
- басқарыўдың техник қураллары, байланыс узеллери, сигнализация қураллары, есаплаў орайларын ҳәм өндириўге тийисли болмаған басқарыўдың басқа техник қуралларын сақлаў ҳәм оларға хызмет көрсетиў қәрежетлери;
- ижаралық хызметлер көрсетилгенлиги ушын байланыс узеллерине ҳақы төлеў (АТС, уялы, пейжинг байланысы)
- қалалар аралық ҳәм халық аралық телефон сөйлесиўлери ушын белгиленген нормативлер көлеминде ҳәм олардан айрықша ҳақы төлеў;
- админстративлик-басқарыў мүтәжликлери ушын имаратлар ҳәм ханалар ижарасы ушын ҳақы төлеў;
-админстртивлик әҳмийетге ийе болған тийкарғы қуралларды сақлаў ҳәм оларды дүзетиў, сондай-ақ ескириў (амортизация) қәрежетлери;
-жоқары шөлкемлер ҳәм юридик шахслар бирлеспелери: министрликлер, ведомостволар, концернлер ҳәм басқа да қәрежетлерине ажыратпалар;
- басқарыў хызметкерлериниң хызмет сапарына жибериў бойынша белгиленген нормалар әтирапында ҳәм одан артықша қәрежетлер;
-белгиленген нормалар әтирапында ҳәм одан арттықша муғдардағы ўәкиллик қәрежетлери;
- улыўма аўқатланыў кәрханалары ҳәм басқаларға имаратларды тегинге бериў ҳәм каммунал хызметлер қунына ҳақы төлеў қәрежетлери;
-тиккелей өндирис процессине тийисли болмаған, тәбиятты қорғаў әҳмийетине ийе болған фондларды сақлаў ҳәм олардан пайдаланыў менен байланыслы болған ағымдағы қәрежетлер, соннан жол қойылатуғын нормалар әтипапында ҳәм олардан артықша патас затлардың қоршап турған орталыққа шығарылғанлығы ушын төлемлер.
Басқа да операцион қәрежетлердиң есабы 9430 счетының төмендеги счетларда жүргизиледи.
9430 «Басқа операцион қәрежетлер» Жоқарыда келтирилген счетларда төмендегилер есапқа алынады;
-кадрларды таярлаў ҳәм оларды қайта таярлаў қәрежетлери, жаңа шөлкемлестирилген хожалық жүргизиўши субъектте ислеў ушын нормалар әтирапында ҳәм олардан айрықша кадрлар таярлаў ҳәм қайта таярлаў буған кирмейди.
- проект ҳәм қурлыс -мантаж жумысларында шала жумысларды бийкарлаў қәрежетлерин қаплаў, сондай-ақ объект қасындағы складқа шекем транспортда тасыўдағы бузылыўлар коррозияға қарсы қорғаныў, келип шыққан ревизия қәрежетлери ҳәм соған усаған басқа қәрежетлер жеткерип бериў ҳәм жумысларды орынлаў шәртлери болға юридик шахслар есабына усы қәрежетлер шала жумыслар шикасланыў ямаса зыян көриў ушын жуўапкер болған жеткизип бериўши ямаса басқа хожалық жүритиўши субъектлер есабына өндирилиўи мүмкин болмаған дәрежеде әмелге асырылады;
- мәсләҳәт ҳәм хабар хызметлерине ҳақы төлеў ;
-аудиторлық хызметлерине ҳақ төлеў соннан хожалық жүритиўши субъекттиң қатнасыўшылардың бириниң ташаббуси бойынша өткизилетуғын аудиторлық хызметлерине ҳақы төлеў;
-өзиниң хызмет көрсетиўши өндириси ҳәм хожалықларды сақлаўдан зыянлар;
-ден саўлықты қорғаў ҳәм ислеўшилердиң өндирис процессине тиккелей қатнасыўы менен байланыслы болмаған дем алыўларды шөлкемлестириў илажлары;
-хожалық жүритиўши субъектлер тәрепинен өним өндириў менен байланыслы болмаған жумысларды (қаланы абаданластырыў, аўыл хожалығына жәрдем бериў) орынлаў қәрежетлери;
- компенсация ҳәм қошаметлеў түриндеги төлемлер;
- Өзбекистан Республикасы ҳүкимети қарарларына қарап компенсация төлемлери;
Do'stlaringiz bilan baham: |
|
|