1. экономиканы модернизациялаў шараятында есап системасының орны ҳӘМ ӘҲмийети реже


Buxgalteriya esabın sho`lkemlestiriw ha`m ju`ritiwdi ta`rtipke salıwshı normativ hu`jjetler



Download 1,39 Mb.
bet31/89
Sana23.02.2022
Hajmi1,39 Mb.
#179353
1   ...   27   28   29   30   31   32   33   34   ...   89
Bog'liq
1 Канигликке кирис лекция тексти Тазасы 120520143629

2.Buxgalteriya esabın sho`lkemlestiriw ha`m ju`ritiwdi ta`rtipke salıwshı normativ hu`jjetler
Бухгалтерия есабы ҳаққындағы Нызам ҳәр түрли мүликшилик формасындағы барлық кәрханалар, мекемелер ҳәм шөлкемлердеги есапты тәртипке салыў тек бир мәмлекет тәртибин тәмийинлейди, бухгалтерия есабын жүргизиў стандартларына талаплпрды белгилейди ҳәмде Өзбекистан Республикасы бухгалтерия есабы системасын шөлкемлестириўде зәрүр болатуғын тийкарғы принциплерди нәзерде тутады.
Нызам тийкарында қосымша ҳуқықый зәрүрлик сыпатында мәжбүрий норматив инструкциялар жаратылады. Бул инструкциялар мүликдарлар, менеджерлер, инвесторлар, қарыз алыўшылар, кредиторлар, өнимди жеткерип бериўшилер, буйыртпашылар, мәмлекет органлары ҳәм жәмийетшилик мүмкин болған экономикалық қарарларды қабыллаўда пайдалы болатуғын исенимли финанслық есабат ушын арнаўлы бухгалтерия мағлыўматларын топлаў ҳәм тапсырыў имканмятын береди.
Кәрхана - бул жәмийетшилик мүтәжлигин қандырыў ҳәм пайда алыў мақсетинде өнимлерди өндириў, жумыс ҳәм хызметлерди орынлаў ушын белгиленген нызам тийкарында шөлкемлестирилген ғәрезсиз хожалық жүргизиўши субъект болып есапланады.
Өзбекистан Республикасы нызамшылығына тийкарланып кәрханаларға ғәрезсиз сыртқы экономикалық хызмет алып барыў ҳуқуқы берилген. Бухгалтерия есабының тийкарғы объекти болып тийкарғы ҳәм айланба қаржылардың ҳәрекети, жумысшылардың мийнети ҳәм оған ҳақы төлеў, есап кредит қатнаслары, өндирилген өним (орынланған жумыс ҳәм хызмет) лердиң ҳәрекети ҳәм олардың өзине түсер баҳасы, хожалық хызметиниң нәтийжелери есапланады.
Экономиканың хожалық жүргизиўдиң базар системасы принциплерине өтиўи, мәмлекет мүлкин меншиклестириў, республика экономикасына шет ел инвестицияларын енгизиў, түрли формадағы мүлклердиң хызмет көрсетиўи, баҳалы қағазлар базарының шөлкемлестирилиўи, ишки ҳәм сыртқы пайдаланыўшылар ушын бухгалтериялық информациялардың роли ҳәм әҳмийети сезилерли дәрежеде өсти.
Ишки пайдаланыўшылар, яғный - булар кәрхананың басқарыў хызметкерлери болып, олар өндирис ҳәм финанслық характердеги түрли қарарларды қабыллайды. Соның менен бирге есабат тийкарында кәрхананың кейинги жылғы финанслық жобасы дүзиледи, өним сатыўды көбейтиў ямаса кемейтиў, сатылатуғын товарлардың баҳалары, кәрхана ресурсларын инвестициялаў бағдарлары, кредитлерди пайдаланыўдың мақсетке муўапықлығы ҳәм басқалар ҳаққында қарар қабылланады.
Сыртқы пайдаланыўшылар - бул кәрхана қаржыларындағы өзиниң үлесин көбейтиў ямаса кемейтиў ҳәм компания басшылары тәрепинен ресурслардан пайдаланыў нәтийжелилигин баҳалаўға мүтәж болған кәрхана қаржыларының бар ҳәм потенциал мүлкдарлары; берилген кредитлардиң мақсетке муўапықлылығы ямаса мүддетти узайттырыўды баҳалаў ушын информациялардан пайдаланатуғын бар ҳәм потенциал кредиторлар; усы клиент пенен байланысының беккемлигин анықлаўшы товар жөнетиўши ҳәм қарыйдар; мәмлекет, салық органлары. Булар есабат ҳүжжетлерин, салық есаплаўдың дурыслығын тексереди, салық сиясатын белгилейди.
Өзбекистан территориясында бухгалтерия есабы ҳәм есабатының шөлкемлестириў тийкарын 1996-жыл 30-августта (жаңа редакциясы 2016 - жыл 13 - апрель) қабылланған «Бухгалтерия есабы ҳаққында»ғы Нызам, Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен 1999-жыл 5-февральда тастыйықланған «Өнимлер (жумыс, хызметлер)ди өндириў ҳәм сатыў қәрежетлериниң қурамы ҳәмде финанслық нәтийжелерди дүзиў тәртиби ҳаққындағы реже», өз қурамына 21-санлы бухгалтерия есабы миллий стандарты «Хожалық жүргизиўши субъектлер финанслық - хожалық хызметиниң бухгалтерия есабы счетлар жобасы ҳәм оны қолланыў бойынша реже» ҳәм қосылған түрде бухгалтерия есабының миллий стандартлары (БЕМС) шөлкемлестиреди. 21-санлы бухгалтерия есабы миллий стандарты 2004-жылдың 1-январынан баслап әмелде қолланыўы мөлшерленген.
Бул нормативлик ҳүжжетлер бухгалтерия есабын шөлкемлестириў ҳәм жүргизиўдиң улыўма қағыйдаларын белгилейди, сондай-ақ кимниң қараўында болыўы, мүлик түрлери ҳәм хызмет түрлерине қарамастан барлық кәрхана ҳәм шөлкемлерге тийисли болып есапланады.
Соның менен бирге кәрханалар сол нормативлик ҳүжжетлерге тийкарланып хожалық жүргизиўдиң шөлкемлестириў-ҳуқықый формаларын, тармақлардың өзгешеликлерин ҳәм хызмет характерлерин, ислеўшилердиң қәнигелигин ҳәм басқада ўазыйпаларды инабатқа алып бухгалтерия есабын ҳәм қадағалаўды шөлкемлестириў усылларын өзлери ғәрезсиз белгилеў ҳуқықына ийе.
Бундай ғәрезсизлик кәрхананың келеси есабат жылы ушын өзиниң есап сиясатын ислеп шығыўда әлбетте әмелге асырылады.
Бул есап сиясатында материаллық байлықларды таярлаў, сатып алыў, баҳалаў қағыйдалары ҳәм тәртиби, буйымлардың тийкарғы қураллардың қурамына киргизиў шәртлери, олардың тозыўы, таяр өнимлерди баҳалаў ҳәм сатыў тәртиби, бухгалтерия есабының пайдаланатуғын счетлар жобасын ислеп шығыў ҳәм басқалар белгиленеди.
Бухгалтерия аппараты ҳүжжетлердиң ислеп шығылыўын, бухгалтерия регистрларында есап жазыўларын ақылға муўапық алып барыўы ҳәм олар тийкарында басқарыў ҳәм финанслық есабатларды дүзиўди тәмийинлеўи зәрүр.
Бухгалтерия аппараты, әдетте төмендеги бөлимлерден қуралған:
- материал бөлими
- есапласыў бөлими
- өндирис - калькуляция бөлими
- улыўма бөлим.
Бухгалтерия есабының мақсети пайдаланыўшыларды толық, исенимли, өз ўақтында дүзилген финанслық ҳәм бухгалтерия есабының басқада информациялары менен тәмийнлеў болып есапланады.
Бул мақсетлерге табыслы ерисиў ушын бухгалтерия есабы төмендеги ўазыйпаларды шешиўи керек:
- бухгалтерия есабы счетларында активлердиң жағдайы ҳәм ҳәрекети, мүлкий ҳуқуқ ҳәм миннетлемелердиң жағдайы ҳаққында толық ҳәм исенимли мағлыўматларды дүзиў;
- нәтийжели басқарыў мақсетинде бухгалтерия есабы мағлыўматларын улыўмаластырыў;
- финанслық, салық ҳәм басқада есабатларды дүзиў.
Бухгалтерия есабын жүргизиў менен байланыслы болған басшылар, бухгалтерлер ҳәм басқада шахслар бухгалтерия есабын шөлкемлестириў ҳәм жүргизиўде бухгалтерия есабының төмендеги тийкарғы принциплерине таяныўы керек:
- бухгалтерия есабын еки жақлама жазыў усылында жүргизиў;
- үзликсизлик;
- хожалық айланыслары, актив ҳәм пассивлерди пулда баҳалаў;
- исенимлик;
- есаплаў;
- алдыннан көре билиў;
- формасынан мазмунының үстемлиги;
- көрсеткишлерди салыстырыў;
- финанслық есабаттың қалыслығы;
- есабат дәўиринде дәрамат ҳәм қәрежетлердиң сәйкес келиўи.
- актив ҳәм миннетлемелерди ҳақықый баҳалаў;
Бухгалтерия есабын жүргизиўдиң принциплеринен бири сыр сақланыўы болып есапланады. Бунда бухгалтерия есабы регистрларының мазмуны менен танысыў администрация рухсаты ямаса нызамшылықлар нәзерде тутылған тәртипте рухсат етиледи.
Бухгалтерия есабын шөлкемлестириў менен тиккелей байланыслы болған мәселе - бул бухгалтерия ҳүжжетлерин сақлаў мәселеси болып есапланады. Барлық бухгалтерия ҳүжжетлери ҳәм регистрлар, микрофилмлер ямаса компьютер есабының финанслық мағлыўматлары үш жылдан кем сақланбацды, финанслық есабатлар болса нызамшылық пенен белгиленген мүддет ишинде сақланбайды.
2000-жыл 26-майда Өзбекистан Республикасы Олий мәжлиси тәрепинен тастыйықланған жаңаланған «Аудиторлық хызмети ҳаққында»ғы Нызамға байланыслы төмендегилер ушын ҳәр жылы мәжбүрий аудиторлық тексериўиден өтиў белгиленген:
- акционерлик жәмийетлери;
- банк ҳәм басқа кредит шөлкемлери;
- қамсызландырыў шөлкемлери;
- юридикалық ҳәм физикалық шахслар қаржыларын жыйнайтуғын инвестиция ҳәм басқада фондлар;
- қаржылар дереги юридикалық ҳәм физикалық шахслардың ыхтыярый ажыратпаларынан ибарат болған қайырқомлық ҳәм басқа жәмәәт фондлары;
- қаржылар дереги юридикалық ҳәм физикалық шахслардың нызамшылық пенен белгиленген мәжбүрий ажыратпаларынан ибарат болған бюджеттен тысқары фондлар; - устав фондында мәмлекеттиң үлеси болған хожалық субъектлери.
Кәрхана, шөлкемлер ҳәм мекемелер аудитор компанияларын өзлери таңлап алыў ҳуқықына ийе. Бундай таңлап алыў мүликдарлардың яки акционерлик жәмийеттиң улыўма жыйналысы тәрепинен әмелге асырылады.
Мәжбүрий аудиторлық тексериўден бас тартыў хожалық субъектине ең кем хызмет ҳақының 100 ден 500 есеге шекем муғдарда жәрийма салынады.
Кәрханада ислеп шығарылған ҳәм қабылланған есап сиясаты 1-санлы БЕМС «Есап сиясаты ҳәм финанслық есабат» қа тийкарланған болыўы керек.
Бухгалтерия есабын халық аралық принциплер тийкарында жүргизиўге өткен Өзбекистан Республикасы кәрханалары биймәлел халық аралық экономикалық Бирге ислесиў жәмийетине толық ағза ҳуқықларына ийе болыўы мүмкин.
Буның нәтийжесинде Өзбекистан Республикасына инвестицияларды алып келиў жоллары аңсатласады. Өзбекистан кәрханаларының халық аралық базарларға шығыўы ҳәм оларда табыслы бәсекелесиў имканиятына ийе болады. Бир сөз бенен айтқанда, ҳәзирги заман, дүнья жүзи принциплерине жуўап беретуғын бухгалтерия есабы айрым кәрханалар экономикасын беккемлеп ғана қоймастан, путкил мәмлекет экономикасын беккемлейди.
Ҳәзирги заман бухгалтерия есабы, нәтийжели басшылық ислеў мақсетинде исенимли ҳәм өз ўақтында берилетуғын информацияларға мүтәж болған кәрхана менежерлери ушында зәрүр.
Соны айтып өтиў керек, бухгалтерия есабы тек өзи ушын шөлкемлестирилмейди, ол ажыратылған түрде ислемейди, сонлықтан ол базар экономикасының барлық инфрадүзилмесиниң әҳмийетли қурамлық бөлеги болып есапланады.
Раўажланған мәмлекетлерде бухгалтерлердиң кәсиплик бирлеспелери ғәрезсиз өзи - өзин басқарыўшы жәмәәт шөлкемлери есапланады. Олар өз қатарларының тазалығын, ағзаларының жоқары кәнигелигин ҳәм саўатлылығын өзлери тәмийнлейди, талабанларды таңлап алыў шәртлерин тастыйықлайды ҳәм имтиханнан табыслы өткенлерди бирлеспеге толық ағза болғанлығын ҳәм прфессионал деген атағын тастыйықлаўшы сертификат (диплом) лар береди.
Бундай машқалаларды шешиўде Республикада Өзбекистан бухгалтерлер ҳәм аудиторлар Ассоциациясы әҳмийетли ролди ойнайды. Ассоциацияның хызмети оның раўажланыўы биринши этаптан-ақ табыслы деп тән алыған еди ҳәм нәтийжеде 2000-жылдың май айында Өзбекистан бухгалтерлер ҳәм аудиторлар Ассоциациясы халық-аралық бухгалтерлер Федерациясы (IFAK) ағзалығына қабылланды. Бухгалтерлердиң халық-аралық Федерациясы хызмет көрсетпекте. Бул шөлкем Нью-Йоркта жайласқан болып дүнья жүзинде өз ағзаларын кеңейтириў ушын түрли хызметлерди орынламақта. Ҳәзирги күнде БХФ на дүньяның 89 мәмлекетинен 126 бухгалтерлер шөлкеми ағза болып, олардың қурамында еки миллион бухгалтерлер бар.
Олардың улыўма санынан 5,9 % илим билим тараўында, 9,5 % мәмлекет басқарыўында, 35,2 % улыўма практика ҳәм 49,4 % санаат ҳәм коммерцияда бәнт.
Бухгалтерлердың халық-аралық федерациясына ағзалық түрли дәрежеде болып, олар төмендеги категорияларға бөлинеди:
1. Толық ағзалық.
2. Өзиниң қәнигелиги бойынша толық ағзалық критериясына толық жуўап бермейтуғынлар ушын ассоциацияласқан ағзалық.
3. Халық-аралық шөлкемлердиң ассоцияласқан ағзалығы.
БХФ ның ағзалары оның тийисли стандартларына жуўап беретуғын болыўы тийис. Бул критерия төмендегилерден ибарат:
1. имтихан системасы арқалы талабанлардың кәсибин ҳәм қәнигелигин тексериў;
2. мәмлекеттиң ўәкиллик органлаынан тийисли ҳуқуқ алған жағдайда жәмийетшилик кәсиплик аўқамлары сыпатында бухгалтерлердиң кәсиплик бирлеспелерин дизиминен өткизиў;
3. бухгалтерлер кәсиплик аўқамларын ағзалыққа қабыллаўда процесстиң ашықтан-ашықлығы, тең ҳуқуқлығы ҳәм ҳәммесиниң айдынлығы.
Өзбекистан Республикасында тек бухгалтерге ғана емес, бәлки базар экономикасы талапларына жуўап беретуғын таяр бухгалтерия есабын шөлкемлестириў ҳәм жүргизиўдиң ҳалық-аралық принциплерин өзлестирген бухгалтерлерге талап асып бармақта.

Download 1,39 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   27   28   29   30   31   32   33   34   ...   89




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish