Ӛз сӛзлик қатлам
Ҳәр қандай тилдиң сӛзлик қурамының тийкарын кӛрсететуғын сӛзлик қатлам сол тилдиң ӛз сӛзлери болып табылады. Олар сол халықтың пүткил раўажланыў тарийхы менен бирге жасап
2 Маҳмуд Қошғарий, Девону луғотот турк, Тошкент, 1963, 13-бет.
киятырған, оның миллий ӛзгешелигиниң сӛзлик қурамдағы тийкарғы кӛринисинен дерек беретуғын лексикалық бирликлердиң топарынан турады. Тилдиң сӛзлик байлығының дәслепки иргеси әне усы сӛзлерден қаланған, оның еклеси раўажланыўы да усы сӛзлердиң дӛгерегинде пайда болған.
Қарақалпақ тилиниң ӛз сӛзлик қатламы дегенде биз оның тийкарғы тәбиятын кӛрсететуғын, қарақалпақлардың пүткил раўажланыў тарийхы менен бирге жасап киятырған, сӛзлик қатламдағы миллий ӛзгешеликлериниң тийкарғы кӛринислеринен дерек беретуғын сӛзлериниң жыйнағын түсиниўимиз керек. Мәселен, бас, көз, күн, таў, жер, суў, ешки, сыйыр, ийт, бузаў, қуўаныш, жақсы, жаман, көк, ал, бар, кел, кет, кеш, ерте, сен, мен, ол, ата, ана, қыз, ул, бес, алты, жүз усаған сӛзлер сол ӛз сӛзлик қатламының элементлеринен ибарат.
Сӛзлик қурам ишки дереклер тийкарында байығанда мине усындай ӛз сӛзлериниң семантикалық ҳәм грамматикалық усыллар арқалы кем-кем толықтырылыўы, ал сыртқы дереклер тийкарында байығанда, сол сӛзлериниң үстине басқа тиллерден сӛзлердиң қосылыўы, сондай-ақ, басқа тиллерден аўысқан сӛзлердиң тийкарында қарақалпақ тилине тән сӛз жасаў усыллары арқалы жаңа лексикалык бирликлердиң пайда болыўы иске асады. Сол арқалы тилдиң сӛзлик байлығы удайы кеңейип отырады.
Ӛз сӛзлик қатламға киретуғын сӛзлерди белгилеўде мына нәрсеге де итибар бериўимиз керек. Тилимизде басқа тиллерден ўысқан кӛпшилик сӛзлерден қарақалпақ тилине тән сӛз жасаў усыллар, мәселен, қосымталар қосылыў арқалы екинши бир мәнили сӛзлер дӛрейтуғынлығы белгили. Ал, енди бундай сӛзлерди ӛз сӛзлик қатламға киргиземиз бе ямаса қосымта қосылған сӛз түбириниң басқа тиллик шығысын есапқа алып, аўысқан сӛз деп қараймыз ба
Кӛпшилик тил илимпазлары бундай сӛзлерди де ӛз сӛзлик катламга киргизиуди макул кӛреди. Мәселен, орыс лексикологларының бири Н.М.Шанский бул туўралы мынадай деп жазады: Мәселен, ямщик, аэросани, газетный, этюдник, штурмовшина, зацементировать ҳәм т.б. усылларға усаған сӛзлер орыс сӛзлери емес, ӛзге тиллерден аўысқан сӛзлер, ӛйткени қурылысында ӛзге тиллерден аўысқан сӛзлер, ӛйткени қурылысында ӛзге тиллик түбирлер бар /ям-татар тилинен, этюд-француз тилинен, штурм-немец тилинен, цемент-латын тилинен/ деў оғада надурыс болар еди3.
мақул.
Дурысында да, бундай сӛзлерди ӛз сӛзлик қатламның бирликлери сыпатында қараған
Қарақалпақ тилинде басқа тиллик шығысқа ийе сӛз түбирлеринен қарақалпақша
қосымталардың жәрдеми менен дӛреген сӛзлердиң саны оғада кӛп. Мәселен, тәжикше-парсыша шығысқа ийе пахта сӛзинен пахташылық, пахталық, хош сӛзинен хошласыў, араблық шығысқа ийе суўрет сӛзинен сүўретши, шайыр сӛзинен шайырлық, хабар сӛзинен хабарласыў, итальянлық шығысқа ийе карниз сӛзинен карнизши сӛзи пайда болған.
Сондай-ақ, шет тилден аўысқан базы бир сӛзлер қарақалпақша сӛзлер менен бирге жуп сӛзлердиң бир бӛлеги сыпатында да қолланылады. Мәселен, күш-қуўат, саў-саламат сӛзлериниң екинши бӛлеги араб тилинен аўысқан, бирақ олар қарақалпақша күш, саў сӛзлери менен жупласып қолланып, пүтин бир жыйнақлаўшы екинши мәнилерди аңлатып тур.
Бундай сӛзлерди де ӛз сӛзлик қатламда қараў керек. Қарақалпақ тилиниң ӛз сӛзлик қатламының негизин улыўма түркий тиллерине ортақ сӛзлер қурайды, ӛйткени қарақалпақ тили генеалогиялық жақтан түркий тиллериниң қатарына киреди. Сонлықтан да бул топарды қурайтуғын тиллердиң лексикасында улыўма орталықтың, усаслықтың болыўы нызамлы нәрсе. Бурын бир түркий тил болған ӛзбек, қазақ, қырғыз, қарақалпақ, уйғыр, азербайджан, түркмен, ноғай, татар, башқурт, чуваш, якут ҳәм т.б. тиллер, әлбетте, ӛз алдына айырым тил болып бӛлинип шыққанда, олардың ҳәр қайсысының лексикасында ортақ сӛзлер ҳәр бир тилдиң ӛзиниң тарийхый дәўирлер даўамында раўажланыўының барысында айырым фонетикалық ӛзгерислерге ушырағаны болмаса, тийкарынан түпкиликли тийкарын сақлап кӛремиз.
Қарақалпақ тили лексикасында улыўма түркий топарлас тиллер ушын ортақ, фонетикалық жақтан гейпара ӛзгерислерге ушыраған менен де негизи бир сӛзлер.
Ҳәзирги қарақалпақ әдебий тилиниң лексикасында улыўма түркий тиллер ушын ортақ ӛзлик қатламның тийкарын қурайтуғын сӛзлердиң мынадай түрлерин ушыратыўға болады:
3Н. М. Шанский. Лексикология современного русского языка. М., 1964, 70-бет
Мийнет етиў қуралларының атын кӛрсететуғын сӛзлер:
Do'stlaringiz bilan baham: |