%збекстан республикасы жо№ары



Download 148,54 Kb.
bet4/33
Sana23.02.2022
Hajmi148,54 Kb.
#127476
TuriЛекция
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   33
Bog'liq
509 (1)

Солай етип, сӛздиң предметлик -затлық мәниси оның лексикалық мәниси болады да, ал оның белгили бир грамматикалық формада болыўы, грамматикалық хызметти атқарыўы грамматикалық мәниси деп аталады.
Қарақалпақ тилинде сӛздиң грамматикалық мәнисиниң практикалық жақтан әҳмийети оғада уллы. Егер сӛз грамматикалық жақтан тарийхый танылған белгили бир формаға ийе болмағанда, турмыстың ҳәр қандай тәреплери ҳаққында пикир джүргизиў туўралы ойлап та болмас еди, егер сӛз бир-бири менен грмматикалық байланысқа түсиў қәсийетине ийе болмағанда, бизиң тил менен қатнас жасаўымыз мүмкин болмаған болар еди.
Жуўмақлап айтқанда, ҳәзирги заман қарақалпақ тилинде сӛз объектив шынлықтың қандай да бир қубылысын (предметти, ҳәрекетти, олардың белгилериниң атамасын т.б.) билдиреди. Мысалы: пахта, ӛндирис, пилле, салы, тынышлық, жақсы, жаман, узын, ерте, кеш, жасаў, ӛндириў тағы басқалар. Мине бул оның предметлик-затлық мазмунын қурап, лексикалық мәнини пайда етеди. Ал енди сол сӛз арқалы билдирилетуғын қубылыслардың белгили бир предметке, ҳәрекетке ямаса олардың белгилерине тийислилиги, сондай-ақ олардың бир-бирине қатнасы ҳәм байланысы сӛздиң грамматикалық мәниси болып есапланады.
Қарақалпақ тилинде сӛздиң лексикалық мәниси менен грамматикалық мәнилери арасында оғада тығыз байланыс болады. Бул байланыс сол сӛзлер арқалы билдирилетуғын ойдан келип шығады,айтылайын деген ой сӛздиң лексикалық мәниси менен грамматикалық мәнилери арасындағы бирликти дӛретеди, усыған қарай, яғный атылайын деген ойға қарай гәптеги сӛзлер де, олардың грмаматкиалық байланысыў формасы да ӛзгереди. Мәселен, бизиң жоқарыдағы келтирилген мысалымызда билдирилетуғын ой кептердиң уяға қоныўынан ибарат. Егер сӛйлеўшиниң ойы кептер ҳаққында емес, ал қустың басқа бир түри, айтайық, шымшық ҳаққында
болғанда, онда кейингиге байланыслы уяға, қонды деген сӛзлер менен грмматикалық байланыста шымшық деген сӛз кирген болар еди. Егерде айтыўшының ойы кептер ҳәрекетиниң болымлы жағдайы емес, ал болымсыз жағдайы ҳаққында болғанда, онда қонды деген сӛздиң грамматикалық формасы азырақ ӛзгериске түсип, қонбады болар еди. Ал егерде еле қонбаған, бирақ қонатуғын болса, қонды деген фейилдиң ӛткен мәҳәли қонады болып, келер мәҳәл формасын қабыл еткен болар еди. Ӛз гезегинде мине бул нәрсе айьылайын деген ой менен сол ой билдирилетуғын гәптеги сӛзлердиң лексикалық ҳәм грамматикалық мәнилери арасында тығыз байланысты, бирликти де кӛрсетеди.
Қарақалпақ тилинде сӛздиң лексикалық мәниси менен грамматикалық мәниси арасындағы байланыс тилдеги мына фактлардант да кӛринеди. Мәселен, бил-билим, оқы-оқыўшы, сабыр- сабырлы. адым-адымлы деген түбирлес сӛзлердиң лексикалық мәнилери бирдей емес. Усаған қарай олардың грамматикалық мәнилери де ӛзгерип отыр. Бунда бил, оқы деген сӛзлер фейил сӛзлер болған болса, лексикалық мәнилериниң ӛзгериўи менен олар атлық мәниге кӛшип отыр, сабыр, адым деген сӛзлер атлық болса, лексикалық мәнилериниң ӛзгериўи менен олардың грамматикалық мәнилери де ӛзгерип, келбетликке айланып отыр т.б.
Сӛзлердиң лексикалық мәнилери менен грамматикалық мәнилери олардың ишки мазмуны ҳәм сыртқы формасы арасындағы бирлик сыпатында хызмет қылады. Олар бир-биринен ғәрезли болады.
Мине сол лексикалық бирлик, бир-бири менен байланыслылық ҳәм бир-биринен ғәрезлилик қарақалпақ тилинде сӛздиң лексикалық мәниси менен граммтикалық мәниси арасында жүдә анық сезилетуғынлығын байқаймыз.
Солай етип, ҳәзирги заман қарақалпақ тилинде сӛздиң усындай түрли мәниси, яғный лексикалық мәниси менен грмамматикалық мәниси кӛзге түседи.
Қарақалпақ тилинде сӛздиң лексикалық мәнилериниң типлери. Улыўма тил билиминде, сондай-ақ қарақалпақ тилинде сӛз бенен оның мәнилерине байланыслы мәселелерд шешиўде сӛздиң лексикалық мәнилериниң қандай түрлери бар екенлигин анықлаў оғада үлкен әҳмийетке ийе. Сонлықтан биз қарақалпақ әдебий тилинде сӛздиң лексикалық мәнилериниң түрлери ҳаққында сӛз етиўимиз керек.
Сӛздиң лексикалық мәнилериниң түрлерин анализлеў мәселеси усы күнге шекем тил билиминде еле де болса изертлеўди талап ететуғын мәселе болып киятыр. Кӛпшилик жағдайларда сӛздиң мәнилери туўралы пикир дүргизилгенде, оның туўра ҳәм аўыспалы мәнилери, кӛп мәнилилиги, сӛздиң контекст пенен байланыслықы т.б. туўралы кӛбирек сӛз етиледи.
Ҳәзирги заман қарақалпақ тилинде де сӛздиң лексикалық мәнилериниң сол үш типи кӛзге түседи. Мәселен, адам, сулыў, ойнаў қусаған сӛзлер предмет, қубылыс ҳәм олардың белгилери менен тиккелей байланыслы лексикалық мәнилерге ийе. Олар басқа сӛзлер менен еркин ҳәм кең түрде қолланыла алады. Мысалды: киши пейил адам, жақсы адам. шаққан адам, искер адам; узын ағаш, узын бойлы, узын кӛйлек, узын пальто, топ ойнаў, шахмат ойнаў, биллиард ойнаў, әстен ойнаў т.б. Ал гейпара лексикалық сӛз мәнилери тек белгили бир сӛз дизбегиниң ишинде ғана кӛнинеди, басқа сӛзлердиң мәнилери менен еркин түрде байланыса бермейди, олардың мәнилери қарақалпақ тилиниң лексикалық системасындағы айырым ишки законлылықлар менен белгиленеди. Мәселен, телегей, мӛлдир, дүт усаған сӛзлердиң мәниси телегей теңиз, мӛлдир суў, дүт тоғай усаған фразеологиялық сӛз дизбеклеринде ғана кӛринеди. Олар басқа сӛзлер менен еркин түрде қолланыла алмайды, ал шекленген сӛз дизбегинде ғана қолланылады. Бундай мәнилер
қарақалпақ тилинде фразеологиялық байланысқан лексикалық мәнилерди қурайды.
Сӛздиң лексикалық мәнилериниң үшинши типи функционаллық-синтаксислик шекленген мәниден ибарат. Оның функциональлық -синтаксислик шекленген деп аталыўының себеби сонда, ол синтаксислик функцияларға байланыслы белгили бир контексте ғана қолланылады. бул мәни эмоциональлық-экспрессивлик характерге ийе болап келеди. Мысалы:

  1. Барып турған кӛбик!-деди ол терис бурылып. (қарақалақ халық ертеклеринен)

  2. Ғарқ-ғарқ күлдиӛлимине қуўанып,

Гүркилдесип ҳарам ойлы доңызлар
(Д.Назбергенов.ҒПушкин).
Бул мысаллардағы кӛбик, доңызлар сӛзлериниң усы контекстеги мәнилери сиетаксислик шәртли мәнилер болып табылады. Кӛбик, доңызлар сӛзлери бул жерде предметтиң дәслепки тиккелей атамасы мәнилерин аңлатып турған жоқ, ал сол контекстиң мазмунына баланыслы екинши мәнилерде қолланылып тур.

Download 148,54 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   33




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish