5 – Лаборатория жумысы
РТ-80 түриндеги индукцион ток релесин сынаў
(жумыстың даўам етиўи - 4 саат)
Жумыстың мақсети
РТ – 80 түрдеги индукцион максимал ток релесин жумыс принципини ҳәм конструкциясын үйрениў. Тийкарғы техник параметрлерин ҳәм характеристикасини анықлаў.
Улыўма мағлыўматлар
а) дүзилиси
РТ – 80 сериялы релелер еки бөлимнен ибарат, индукцион элемент ҳәм электромагнит элемент (токлы кесим)
Индукцион элементтиң ислеўи токтың мәнисине байланыслы болған күтиў ўақты, электромагнит бөлеги токтың үлкен мәнислерде ислеўге мөлшерленген болып, токлы кесим деп аталады.
Релениң магнит өзеги (1-сүўрет) 16 қурамалы көриниси болып, орам 12, қысқа тутасыў орам 18, алюмин диск 17 ҳәм тормозлаўшы магнит 20 пенен бирге индукцион қабыл етиўши элементни пайда етеди. Сиртмоқ 15 ҳәм якор 9 менен биргеликде болса электромагнит қабыл етиўши элементти пайда етеди. Контактлар 6 ҳәм 7 орынлаўшы элемент болып хизмет етеди.
Қабыл етиўши ҳәм орынлаўшы элементлерди байлаўшы элемент червяк 3 дан ҳәм оқ әтирапында айланыўшы тисли сегмент 1 дан ибарат. Ричаг 8 арқалы тисли сегмент поводок 19 ға таянады. Винт 25 жәрдеминде поводок күтиў ўақты шкаласи 24 ниң керекли жайына беккемленеди.
Ҳәрекетлениўши рамка 23 ге алюмин дисктиң оқы золдир жәрдеминде орнатылады.
Рамканың бурылыў мүйеши винт 20 менен шегараланады. Рамканы басланғыш жағдайда пружина 22 услап турады.
Индукцион элементтиң ислеўи токты өзгертиў ушын орам 12 винтли етип жасалған. Бул винтлер үзип жалғаўға шығарып қойылған. Штепсель винт 14 лердиң жағдайына қарап ток уставкалары анықланады. Басқарыўшы винт 10 ҳәм уставка шкаласы 11 жәрдеминде магнит өзек пенен якордың оң тәрепм арасындағы аралықта өзгертип токлы кесимниң ислеў токын өзгертиўи мүмкин.
б) Илеў принципи
индукцион релениң ислеўи ушын кеминде 2 бир-биринен фазасы ҳәм майдан менен парқланыўшы магнит ағымы пайда болыўы шәрт. Бул шәртти орынлаў ушын магнит системасының қутбларига қысқа тутастырылған орамлар прессленген.
Релениң орамынан ток өтип атырғанда магнит ағым Ф1 пайда болады.
Электромагнит индукция нызамына тийкарланып Ф1 ағым қысқа тутасқан орамда Еқт э.ю.к. ҳәм ток Iқт ды, олар болса ағым Ф2 ды пайда етеди.
Ҳәр қайсы ағым дискде ток пайда етеди. Бул токлардың магнит ағым менен өзара тәсири нәтийжесинде айландырыўшы момент пайда етеди.
Бул жерде: - Ф1 ҳәм Ф2 ағымлар арасындағы фаза мүйеши
Ислеў токының 20-30 процентинде диск айланып баслайды. Айланып атырған дискке Майл ден тысқары барлық ўақыт магнит пенен байланыслы болған тормозлаўшы момент Мтрм , сегменттиң массасына байланыслы болған тормозлаўшы инерция моменти Мсүйкелиў лери тәсир етеди. Дисктиң айланыў частотаси мине усындай моментлер пайда етген күшлердиң турақлы турыўына байланыслы.
Реле орамынан индукцион элементтиң ислеў токына тең ток өткенде рамканы айландырыўшы күш пружинаның күшин жеңеди. Рамка диск пенен бирге саат стрелкасы бойынша айланады. Червяк тисли сегмент менен байланысады, тисли сегмент болса жоқарыға көтерилип 8 ричагты 4 шайин менен дүгистириледи. Нәтийжеде якордың оң тәрепи магнит өзекке тартылады, усы ўақытта 6 ҳәм 7 контактлар жалғанып, реле ислейди.
Релениң орамындағы ток қаншелли үлкен болса, соншелли диск тез айланады, тисли сегмент тезрек жоқарыға көтериледи, реле тезрек иске түсебереди.
Орамдағы ток асқан сайын электромагнит моментде алдынғы токтың квадратына пропорционал болып асабереди, магнит өзек тойына баслағаннан кейин моменттиң көтерилиўи пәсейеди.
1-сүўрет. РТ-80 ток релеси
Буған сәйкес рәўиште релениң ислеў ўақты алдын бирден кемейеди, кейин өзгермес болып қалады (релениң характеристикасына қараң).
Релениң орамынан электромагнит элементтиң ислеў токына тең ямаса оннан үлкен то өтсе, онда якордың оң тәрепи магнит өзекке туўрыдан-туўры тартылады. Реле күтиў ўақтысыз ислеп характеристикани кесгендей болады. Соның ушын электромагнит элемент “токлы кесим” дейиледи.
Кесимниң ислеў токи винт 10 жәрдеминде орнатылады, оның шкаласындағы санлар кесимниң ислеўи токи индукцион элементтиң ислеў токынан неше мәрте үлкенлигин көрсетеди (2 ден 8 ге шекем).
Реле орамындағы ток кемейсе ямаса жоқ болса релениң барлық бөлеклери алдынғы ҳалына қайтады.
Do'stlaringiz bilan baham: |