Көрсеткиш релелери реле қоғаўы ҳәм автоматластырыў схемаларында бул қурылмаларды ислеўин көрсетиў ушын ислетиледи. Олар өзгермес ҳәм өзгериўшең токда электромагнит принцип тийкарында орынланады.
Реле избе-из ҳәм параллел жалғанған болады. Избе-из жалғанған релениң орамы басында реле ҳәм аппаратлар орамы шынжырларға (мәселен өширгишти өшириў катушкасы) жалғанады ҳәм, сол шынжырдан өтип атырған токтан ислеп, оның жабылыўы фактын дизимнен өткереди. Қорғаўларда көбинше избе-из жалғанған релелер ислетиледи.
Ҳәзирги ўақытта кең ислетилетуғын РЭУ-11 түриндеги көрсеткиш релесиниң дүзилиси 3-сүўретде көрсетилген. Избе-из жалғанған релени усындай таңлаў керек, бул жерде оның орамындағы кернеў ағымы оператив ток дерегиниң 5-10% UНОМ дан асып кетпеўи керек, бул жерде орамда ток ислеў токтың 1,5 көрсеткишинен киши болмаўы керек.
Жумыс программасы
1.Үйренип атырған релелердиң дүзилиси ҳәм ислеў принципи ҳәмде паспортында мағлыўматлар менен танысың.
2. Ўақыт релесин сынаў схемаси менен танысың, оны жыйнаң ҳәм төмендегилерди анықлаң:
а) UНОМ да шкала бойынша барлық орнатпалар ушын релени ислеў ўақты;
б) релениң ислеў ҳәм қатыў кернеўи
3. Аралық релесин сынаў схемасы менен танысың, оны жыйнаң ҳәм төмендегилерди анықлаң:
а) релениң ислеў ҳәм қайтыў кернеўин:
б) UНОМ да ислеў ўақтын.
4. Көрсеткиш релеси менен танысың, сынаў схемасын жыйнаң ҳәм анықлаң:
а) релениң ислеў токин IРИ:
б) UНОМ да ислеў ўақтын
Жумысты орынлаў тәртиби ҳәм услубы
1. Ўақыт релесин магнит ҳәм контакт системаларын көрип шығың. Ўақытты өзгертиў усылы менен танысың ҳәм оның мағлыўматларын жазың.
2.1. Ўақыт релесин сынаў схемасы менен танысың (4-сүўрет). SA гилтти орта ҳалына, S тумблерди пәс өширилген ҳалына, 2 ТR автотрансформаторды–кернеўин минимал ҳалына туўры келетуғын ақырғы шеп ҳалына жайластырың.
4-сүўретде сүўретленген шынжырды жалғаң. Үзик-үзик линияларды жыйнаң, қалғанлары болса сынаўға таяр ҳалда.
2.2. Релениң ислеў ўақтын шкаладағы барлық орнатпа мәнислеринде анықлаң. Релени ислеў ўақты (күтиў ўақты) деп релеге кернеў берилген контактлардың жабылыўына шекемги болған ўақытға айтылады. Соның ушын, сынаў өкериў тәртибин төмендегидей тәмийнлеў зәрүр:
2.2.1. Шкалада минимал жайластырың. Буның ушын винт жәрдеминде қозғалмас контакты босатың ҳәм оны шкалада таңлаған орнатпа қарсысына туўры келетуғын ҳалына алып қойың.
2.2.2. SF автоматы жалғаб стендге кернеў бериң, SА1 гилтти «U» жағдайына өткериң ҳәм 2ТR автотрансформатор менен реледеги кернеўди 220 В ға шекем көтериң, SА1 гилтти орта ҳалына өткериң.
2.2.3. S тумблерди жалғаң, SА1ды «U» ҳалына өткериң. Бунда реле орамы ҳәм электросекундомер бир ўақытты кернеў астында болады. Релениң уставкаси менен анықланатуғын ўақыттын соң контактлар жабылады, секундомер орамы шынжыры шунтланади ҳәм ислемей қалады, яғный релениң ҳәрекетлениў ўақтын белгилейди. Секундомер көрсеткишин 1-таблицаға жазың, SА1 гилтти өшириң ҳәм секундомердағы гилт пенен оның көрсеткишин түсириң.
2.2.4. Усы орнатпада, тек ғана SА1 гилттен пайдаланып, тәжрийбени еки мәрте қайтарың.
2.2.5. Усыған тәжрийбелерди басқа ўақыт орнатпалары ушын өткериң. Орнатпаны өзгертиўден алдын реледеги кернеў SА1 гилт жәрдеминде түсириледи.
2.2.6. Тәжрийбени нәтийжелерди 1-таблицаға киритиң.
Орташа ўақыт tжумыс ҳәм күтиў ўақыт қәтелигин есаплаң.
tўР=f(tу); Δt=f(tу) ға тийкарғы график сызың:
2.2.7. SА1гилтти ҳәм S тумблерди өшириң
Do'stlaringiz bilan baham: |