72
Бетонныӊ физикалық-механикалық, деформатив қәсийетлери, суўыққа шыдамлығы ҳәм
басқа эксплуатация қәсийетлери микро ҳәм макрокомпозит структурасына тиккелей
байланыслы болады.
Бетон араласпасы таярланған дәслепки пайытда қайта ислеў-қәлиплеў, тығызластырыў
сыяқлы процесслер аӊсат болады. Бетон ўақыт ӛтиўи менен қатыўы нәтийжесинде жүдә
қатты тас материалға айланады ҳәм оны қайта ислеў жүдә қыйынласады.
Рационал қурамда таӊланған бетон араласпасында микрокомпозит 15-20% кӛлемди,
майда ҳәм ири толтырғышлар болса 80-85% кӛлемди ийелейди. Ири толтырыўшылар пайда
еткен комплексти каркас, микрокомпозитти болса матрица деп қараў мүмкин.
Минерал байланыстырыўшылар ҳәм толтырғышлардыӊ түрин ӛзгерттирип,
беккемлиги, деформатив қәсийетлери, түрли эксплуатация шароитларына сәйкес келетуғын,
орташа тығызлығы түрлише болған жүдә аўыр, жеӊил, жүдә жеӊил, отқа шыдамлы, радиация
нурын ӛткизбейтуғын ҳәм басқа бетон түрлерин жаратыў мүмкин.
Бетон қурамына цемент массасына салыстырғанда 0,01-1,0% полимер қосымшалар
киритип, араласпа ҳәм қатқан ҳалдағы қәсийетлерин ӛзгерттирсе болады. Бетонға 15-40%
аралығында (цемент массасына салыстырғанда) бети арнаўлы усылларда активлестирилген
дисперс
материаллар, мәселен, кварц ҳәм қурамында кварц болған минералларды киритип
бетонға жаӊа қәсийетлер бериў ҳәм портландцементти тежеў мүмкин.
Бетонды байланыстырыўшы ҳәм толтырғыштыӊ түрине, орташа тығызлығына ҳәм
ислетиў тараўына қарай классификациялаў мүмкин.
Бетон байланыстырыўшыныӊ түрине қарай тӛмендегише классификацияланады:
цементли, силикатлы, гипсли, аралас байланыстырыўшылы, арнаўлы байланыстырыўшылы
ҳәм басқалар.
Толтырыўшылардыӊ түрине қарай бетонныӊ тӛмендеги түрлери бар:
Тығыз, геўек, арнаўлы таярланған толтырғышлар. Арнаўлы толтырғышларға отқа
шыдамлы, химиялық орталықларға шыдамлы, радиация нурларын қайтарыўшы ҳәм басқалар
киреди.
Әпиўайы аўыр бетон ушын толтырғышлар сыпатында жергиликли табийий таслар-
шағал, чақиқ тас, қумлар ҳәм санаат шығындылары-даналы металлургия шлаклары ҳәм
басқалар ислетиледи.
Орташа тығызлығына қарай бетон тӛмендегише классификацияланады: жүдә аўыр
бетон-орташа тығызлығы 2500 кг
м
3
артық. Жүдә аўыр
бетонлар магнетит, барит, шойын
қырындысы ҳәм басқа аўыр толтырғышлар тийкарында таярланады. Бундай бетонлар
арнаўлы қорғаўшы конструкциялар ҳәм қисмлар таярлаўда ислетиледи. Аўыр бетон-орташа
тығызлығы 2200-2500 кг
м
3
болып, аўыр таў жыныслары тийкарындағы қум, шағал, чақиқ
тас ислетилип алынады. Аўыр бетон имарат ҳәм иншаатлар ушын конструкциялар таярлаўда
ислетиледи. Жеӊиллестирилген бетон-орташа тығызлығы 1800-2200 кг
м
3
болып,
темирбетон конструкциялар таярлаўда ислетиледи. Жеӊил бетонныӊ орташа тығызлығы 500-
1800 кг
м
3
болып, түрли усылларда алынады: а) геўек табийий ҳәм жасалма толтырыўшылар
(керамзит,
аглопорит, пемза ҳәм т.б.); б) ячейкалы бетонлар (газбетон, кӛбикбетон); в)
қумсыз таярланатуғын тығыз ҳәм геўек толтырыўшылар тийкарындағы бетонлар. Жүдә
жеӊил бетонныӊ орташа тығызлығы 500 кг
м
3
кем болып, геўек толтырыўшылар тийкарында
ямаса ячейка пайда етиў усылында алынады. Бундай бетонлар ыссылық изоляциясы
материалы сыпатында ислетиледи.
Улыўма бетонлар орташа тығызлығы 400 ден 4500 кг
м
3
аралығында ӛзгериўшеӊ
болып, олардыӊ геўеклиги, беккемлиги де сәйкес түрде үлкен аралықда ӛзгереди.
Ислетилиў тараўына қарай бетонлар конструкцион (колонналар, балкалар,
плиталар
ҳәм басқ.), гидротехникалық (тўғонлар, каналлар қурыў ушын), дийўал ушын ҳәм жеӊил
жаппалар ушын мӛлшерленген бетон, жолушын ҳәм аэродром қапламалары ушын бетон,
арнаўлы бетонлар-химиялық ҳәм биологиялық орталықларға шыдамлы, отқа шыдамлы,
радиацион орталықлардан қорғаўшы ҳәм басқа түрлерге бӛлинеди.
73
Бетон имарат ҳәм иншаатлар қурылысында тийкарғы конструкцион материал болып,
монолит ямаса жыйналмалы темирбетон ҳалында ислетиледи. Бетон таярлаўда тийкарынан
жергиликли компонентлер ислетилгени ушын ӛзине түсер баҳасы арзанға түседи.
Ислеп
шығарыў технологиясыныӊ қурамалы емеслиги бетонды тиккелей киши цехларда, қурылыс
майданларында таярлаў, механизацияластырыў ҳәм автоматластырыў мүмкинлиги, ол
тийкарындағы буйым ҳәм конструкциялар ислеп шығарыўды жоқары технологиялар
дәрежесине кӛтериў имканиятын жаратады. Бетон араласпасы қәлиплерге қулайлы
жайласыўшаӊ масса болғаны себепли қәлеген қурамалы формадағы конструкция ҳәм
қисмларни таярлаў мүмкин.
Цементли бетонныӊ тийкарғы кемшилиги, оныӊ созылыўдағы беккемлик шегарасыныӊ
тӛменлиги болып, қысылыўдағыға салыстырғанда 10-15 мәрте кем. Соныӊ ушын бетон
тийкарында конструкциялар таярланғанда созылыў бӛлеги
полат арматуралар менен
күшейттириледи.
Do'stlaringiz bilan baham: