Ӛзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги Қарақалпақ мәмлекетлик университети


Кеӊейиўши ҳәм киришмайдиган цементлер



Download 4,19 Mb.
Pdf ko'rish
bet77/290
Sana03.04.2022
Hajmi4,19 Mb.
#526039
1   ...   73   74   75   76   77   78   79   80   ...   290
Bog'liq
ОМК

Кеӊейиўши ҳәм киришмайдиган цементлер. 
Кеӊейиўши цемент кӛп компонентли 
болып, актив компонент сыпатында 3CaO·Al
2
O
3
·3CaSО
4
·32H
2
O келтириў мүмкин. 
Кеӊейиўши цемент гилтопырықлы цемент (70%), гипс (20%) ҳәм жоқары тартипли 
калций гидроалюминаты (10%) порошок
 
ҳалда араластырылып алыныўы мүмкин. Бул түри 
тез қатады ҳәм суў орталығына шыдамлы болады. 
Гипсгилтопырықлы кеӊейиўши цемент жоқарыгилтопырықлы клинкер ямаса шлак ҳәм 
табийий гипсти араластырып майдалап ямаса дәслеп майдалап кейин араластырып алынады. 
Бул цемент суўда кеӊейеди, қурғақ шароитда болса киришмайди. 
Кеӊейиўши портландцемент (КПЦ) клинкер 58-63%, гилтопырықлы клинкер (шлак)-5-
7%, гипс –7-10%, актив минерал қосымшалар –23-28% компонентлерди биргеликте майдалап 
түйип алынады. КПЦ дан таярланған цемент тасы жоқары тығызлық ҳәм беккемликке ийе 
болып, пуў менен қысқа ўақыт исленгенде тез қатады. КПЦ суўлы шароитда 3 сут 
даўамында кеӊейеди. 
Зорығыў пайда етиўши цемент 
- портландцемент-65-75%, гилтопырықлы цемент-13-
20%, гипс-6-10% қураўшылардан ибарат. Оныӊ дисперслиги 3500 см
2

г кем болмаслығы 
керек. Усы цемент қатып атырған пайытда үлкен ишки зорығыў пайда етиў есабынан 
арматураны тарангланишига алып келеди. Бундай цементлердиӊ
 
қатыў басланыўы 30 мин 
кейин ҳәм ақыры 4 саатдан кем болады. Оныӊ қысылыўдағы беккемлиги 1 сут 15 МПа, 28 
сут болса –50 МПа болыўы керек. 
Усы цемент тийкарындағы араласпалар ҳәм бетонлар жарықлар пайда етпегени ушын 
газ, бензин, ҳәм т.б. ӛнимлер сақлаў складларында, басым астында ислейтуғын суў 
иншаатларында ислетиледи. 
Тӛмен температурада кҥйдирилген цемент
-биринши мәрте Ӛзбекстанда профессор 
Б.И.Нуделман тәрепинен ойлап табылған болып, алинитли цемент деп аталады. Алинитли 
цемент шийки заты қурамына калций хлорид (СаCl
2
) дузы қосылады. Шийки зат қурамына 
СаCl
2
қосылыўы, цементти писириў температурасын 1100-1200
0
С ға шекем пәсейттиреди. 
Алинит цементин таярлаў үлкен муғдарда энергия сарпын тежейди ҳәм экономикалық 
нәтийжелиликти асырады. 
Алинит цементи қурамында қалған хлор ионлары ол тийкарында таярланған 
темирбетон конструкциялар арматурасын жемириўи мүмкин. Бундай тәсирди кемейттириў 


71 
мақсетинде цемент ямаса бетон қурамына түрли түрдеги металлдыӊ хлорлы коррозиясын 
огохлантирувчи ингибиторлар қосыў зәрүр. 
Сулфоминерал цементлер САС-фосфатлы тӛгинлер ислеп шығарыўда шығынды 
есапланған фосфогипс тийкарында профессор Т.А.Отақўзиев жаратқан технология 
тийкарында ислеп шығарылады. 
Тез қатыўшы жоқары беккемликдеги әпиўайы ҳәм ақ сулфоминерал цементлер 
фосфогипсге каолинит глинасы, байытылмаған темирли бокситлер ҳәм ҳәктаслар 
араластырып таярланған шийки затты 1200-1250
0
С температурада күйдирип алынады. САС 
цементлерди күйдириўде жанылғы сарпы 30% кемейеди, айланба хумдонныӊ ӛнимдарлығы 
25% артады. САС цементи тийкарындағы материаллар атмосфера, суў орталығына, суўыққа 
шыдамлы болады, бирақ композицион материал қарылып атырғанда суўдыӊ сарпы бираз 
кӛбейеди. 
САС цементин әпиўайы портландцемент пенен 40-60% муғдарда араластырып жоқары 
беккемликтеги ҳәм жүдә тез қатыўшы цементлер ҳәм олар тийкарында қурылыс 
араласпалары ҳәм бетонлар таярлаў мүмкин. 

Download 4,19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   73   74   75   76   77   78   79   80   ...   290




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish