34
Император Юстинианның басқарыўы.
Юстинианның басқарған дәўиринде
Византия империясы ең гүллеген басқышына жетеди. Юстиниан Македонияда
туўылған болып 527-565-жыллары мәмлекетти басқарады. Оған ҳаялы Феодора
оғада үлкен жәрдем береди. Оның ишки сиясаты мәмлекеттиң орайласыўына
ҳәм экономиканың күшейиўине бағдарланады. Юстинианның басқарған
дәўиринде ҳуқыққа байланыслы мәмлекетлик реформа өткизиледи.
«Пухаралар ҳуқықы жыйнағы» дүзилип, ол 4 бөлимнен ибарат еди. 1.
Юстиниан кодекси, оған Рим императорлары Андрианадан Юстинианға
шекемги ҳәр түрли пухаралар ҳуқықының жыйнақлары кирген 12 томнан
ибарат. 2. «Дигестлер» ямаса «Пандекты». Оған белгили Рим юристлериниң
пикирлериниң жыйнақлары кирген (50 китаптан ибарат). 3. «Институтциялар»
қысқаша Рим пухараларының ҳуқықлары бойынша басшылық. 4.
«Новеллалар», Юстинианның 534-565-жыллардағы шығарғарылған жыйнағы
шығарылған. Ол жыйнақ жаңа нызамлар деп аталады.
Класслық гурес 532-жылғы «Ника» көтерилиси.
Салыктың көбейиўи,
халықтың турмыс дәрежесиниң төменлеп кетиўи, «ертеклер» деп
қуўдалаўлардың көбейиўи халық көтерилислериниң басланыўына алып келди.
Халық цирктеги атлы жарысларды ҳәм ҳәр түрли спорт ойынларын көретуғын
еди ҳәм бул жер социаллық – сиясий гурес орайы да болды. Халық ол жерде
басшыларды ҳәм императорларды ушыратыў ҳәм өз тилеклерин айтыў
мүмкиншилигине ийе еди. Жарыста ҳәр ири социаллық топардан шыққанлар
өзлериниң кийимлериниң түри менен бир-бирине айырылып турар еди.
1.Венетлер (көк)-сенатор аристократиясы ҳәм ири жер ийелериниң ўәкиллери
еди. 2.Прасинлер (жасыл)-саўдагерлер ҳәм ири өнерментлердиң ўәкиллери.
3.Левкие (ақ)-пухаралардың ўәкиллери. 4.Руси-қызыл реңдеги
кийим
кийгенлер. Көтерилис 532 -жылы 2-январьда қала иппадромында басланды.
Оны дәслеп прасинлер баслайды ҳәм бул ҳәрекетти венетлердиң бир топары
қоллап қуўатлайды. Төмендеги еки партияда бирлесип салықлардың муғдарын
азайтыўды талап етти. Олар мамлекетлик ҳәм белгили хызметкерлердиң
жайларын талай баслайды. Тез арада олардың импетраторға исенбеўшилиги
байқалды. Олар «ника» деп бақырысты (ника грекше-жеңис дегенди аңлатады).
35
Император ҳәм оның әтирапындағылар сарайға тығылады. Юстиниан
пайтахтан қашпақшы да
болады, бирақ ҳаялы Феодора оннан
көтерилисшилерге тез топылыўды талап етеди. Нәтийжеде
император
әскерлери Велисар ҳәм Мундом басшылығында көтерилисшилерге топылады.
30000 дай адам өлтириледи. Бул көтерилис бастырылған менен халық
көтерилислери даўам етти.
Юстинианның сыртқы сиясаты ҳәм урыслары.
Юстинианның сыртқы
сиясаттағы баслы идеясы бурынғы Рим империясын қайта тиклеў еди. Ол 534-
жылы Арқа Африкадағы вандаларға топылады ҳәм VI әсирдиң 40-жыллары
оларды бағындырады. Византия әскер басшысы Велисарий 535-жылы
Сицилияны ҳәм 536-жылы Римди ийелейди. Бирақ бул жерде оған қарсы халық
көтерилиси басланды, оған остготлар короли Тотила (551-552-жыллары)
басшылық етти. Олар Византия әскерлериниң үстинен жеңиске еристи.
Византия әскерлери 546--жылы Рим, Италияның үлкен бөлеги, Сицилияны,
Сардинияны ҳәм Корсиканы ийеледи. 555-жылы Италия толығы
менен
Византиялылар тәрепинен жаўлап алынды. 554-жылы «прагматикалық
санкция» деген ҳужжет бойынша Тотиланың ҳәмме реформасын бийкар
етилди. Юстиниан тағыда Испания вестготларына қарсы урыс алып барды ҳәм
оның қубла-шығыс бөлиминдеги бир қанша жерлерди ийелейди.
Шығыста ол Иран менен гүрес алып барды (540 жылдан 562-жылға шекем)
ҳәм парахатшылық келисими бойынша Лазика жери Византияға , ал
Грузияның Свантия ҳ.т.б. жерлери Иранға қарады. Византияның өзиде Иранға
ҳәр жылы салық төлеп турды. Дерлик ҳәр жылы славиянлар ҳәм «варвар»
қәўимлери де Византияға топылыслар жасап турады. Бул қәўимлердиң V-әсир
ақыры VI-әсир басында топар-топар болып империяның ишкерисине кириўи
басланады. VI-әсирдиң екинши ярымынан баслап Византияның ҳәлсиреўи
славянлардың ҳәм басқада варвар қәўимлериниң оның жерине жаңадан басып
кириўине жол ашып береди.
Do'stlaringiz bilan baham: