Туребеков М



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet8/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

Уллы Карл тусында Франк мәмлекетиниң территориясының кеңейиўи
.
Мәмлекеттиң ең қудиретли дәўири Пипинниң баласы уллы Карлдин басқарған 
дәўирине туўры келеди (768-814-жыллар). Өз дәўириниң билимли адамы 
болған, әдебиятқа ҳәм поэзияға қызыққан. Латын, грек тиллерин билген, 
бирақта жазыўды билмеген. Ири феодаллардың мәпин қоллаған мәмлектлик 
искер болып, крепостной халыққа қатал болған. Ол мәмлекеттиң шегараларын 
бир қанша кеңейтип 774-жылы Италияға топылыс жасап лангобардлардың 
короллигин қыйратады ҳәм өз мәмлекетине қосып алады. 777-жылы араб 
Испаниясына атланысы сәтсиз болады. Бул атланысқа арналып «Роланд 
ҳаққында жыр» жазылған. 801-жылы араблардан Барселона тартып алынған 
ҳәм бул жерде Испания маркасы дүзиледи. 804-жылы болса Саксония 
қосылады.
777-жылы Саксон руў-қәўим ақсақалы Уллы Карл ҳәкимияты мойынлады. 
Сакслар алғашқы жәмийетлик дүзимниң соңғы басқышында жасайтуғын еди. 
Оларды үш социаллық қатлам бар еди. 1. Руў - қәўим ақсақаллары-эделинглер. 
2.Әпиўайы еркин адамлар фрилинглер. 3.Ярым ғәрезли адамлар лаццилер. 
Тоқтаўсыз гүреслер нәтийжесинде олар ески диний исенимин қайта тиклейди. 
782 –жылы Карл сакслерди саўашта жеңеди, 4500 саксониялы тутқынларды 
өлимге буйырады ҳәм «Саксония иси туўралы буйрық» шығарылады. Ол 
бойынша аз-да болса ширкеў ҳәм королге қарсы ҳәрекет ислегенге өлим 
жазасы көрсетилген, жәнеде халыққа ширкеўдиң пайдасына десятина салығы 
енгизиледи. Тез арада Карлге қарсы саксонлардың урысын басқарған Видукинд 
христиан динин қабыл етеди ҳәм Карл тәрепке өтеди. Карл тәрепке өткен 
Саксониялы басшыларға ол ҳәр қыйлы сыйлықлар ямаса жер берген. 
Сакслердиң бир топары ишки районларға көширилген. Сакслердиң жерлерине 


25 
франклер мәкан басады. Сакслердиң жерлери мәмлекеттиң қурамына кирип 
графлықларға бөлинген.
788-жылы аварлар франк мәмлекети жерлерине топылады. Бул урыс 803 –
жылға шекем даўам етеди. Бирақта қубла славянлардың князи Войнамир менен 
аўқамлықта франклер аварлардың орайлық қорғанын 796-жылы басып алады. 
Жоқарыда көрсетилген атланыслардың нәтийжесинде франк мәмлекетиниң 
жерлери қубла-батыста Барселонаға ҳәм Элбаның ортаңғы ағысына, шығыста 
Вена тоғайларына, Лаба бойларына қублада арқа Италия жерлерине шекемги 
созылып жатты. Мәмлекеттиң жерлери өзиниң көлеми бойынша ески Батыс 
Рим империясының жерлерине шамаласады. Оған уқсап қурамына ҳәр қыйлы 
дәрежеде раўажланған ҳәр түрли халықлар, қәўимлер кирген. Карл өзине 
император атағын алыў колайлы ўақытты күтип жүрди ҳәм усындай ўақытлары 
әззи ҳәм бос папа Лев III Рим ақсүйеклериниң бир топарларының қарсы 
гүресинен қашып Карлге барады ҳәм оннан жәрдем сорайды. Карл оған 
исенимли қорғаўшылар берип өзи Римге атланыс жасайды. Буған жуўап 
ретинде папа 800-жылы Римдеги әўлие Петр соборонда франк королине 
император тажын кийгизеди. Бул ўақыя Карл менен Византияның ортасында 
келиспеўшиликке алып келди. Себеби Византия императоры өзин жеке Рим 
империясының мийрасхоры деп есаплайтуғын еди. Карл өзиниң өмириниң 
соңғы жылларын таза пайтахт Ахен қаласында өткизеди. Мәмлекеттиң арқа-
батыс Бретан ҳәм қубла-батысында Испан жери дүзиледи. Карл шығыста 
Дания жери оннан қубларақта Балтик бойы славянларынан қорғаныў ушын 
Саксония қорғаныў шегарасы ҳәм оннан арыда Эльбадан Дунайға шекемги 
қорғаныў қурылыслары пайда болды. Дунайдың ортаңғы ағысында Шығыс 
ямаса Панония жери (Австрия) дүзиледи. Оннан қублаға қарай Арқа Италияга 
шекемги қорғаныў шегарасы болған. 
IX-әсирдиң басында Карл тек ғана империяның ишинде ғана емес ал оның 
сыртында да үлкен абыройға ийе еди. Оның менен Англиядағы англо-сакс 
короллери есапласып отырды. Шотландия, Австрия ҳәм Ирландияның 
короллери оннан пана изледи. 812-жылы Византия императоры Карлдың 
император екенлигин мойынлады. Бирақта оның мәмлекети сыртқа қудиретли, 


26 
үлкен мәмлекет болып көрингени менен оның ишки әззилиги ҳәм 
бирлеспегенлиги жасырынып турар еди. Ондағы халықлар ҳәм қәўимлер 
экономикалық жақтан бир-бирине тығыз байланыста емес еди. Олар ҳәр тилде 
сөйлеген ҳәм социал-экономикалық раўажланыўы бир қыйлы дәрежеде емес 
еди. Империяның ҳәлсизлиги жаўлап алыўшылардың (Франклердиң) 
жергиликли халықты аяўсыз езиўи нәтийжесинде оларға жек көриўшилик 
нәтийжесинде күшейип барады. Сонлықтан Карл өмириниң көпшилик ўақтын 
атланыста өткизеди. Империяның бирлиги Карл өлгенен 30 жыллар даўамында 
турды, соң жоғалып барады. 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish