32
«қоңсылар» жәмәәти еди. Оған кең ҳуқықларға ийе, үлкен емес жерлерге ийе
дийханлар қурап ҳәм аўылларда узақ мүддеттеги аренда таралды.
5. Қул мийнети аўыл хожалығында дерлик пайдаланылмады. Ал батыста
болса қул мийнети ҳәмме хожалық тараўында кеңнен пайдаланылған. Әсиресе
Грецияда, Киши Азияның батысында, Сирияда, Египетте ҳ.т.б.
IV-VI әсирлерде Византияда қулларға пайдаланыўға
аз-маз жерлер
берилген. Бул қул ийелеўшилик дүзиминиң кризисин пәсеңлестириўге тәсирин
тийгизди. Батысқа қарағанда кең көлемде колонат кең таралады. Олар
тийкарынан 2 категорияға бөлинеди: еркин адамлар (георглер) ҳәм
«приписных» адамлар. Бириншиси ҳүқықый ири меншик үйи, мал-мүлки,
ҳәттеки онша үлкен емес жерге ийе адамлар топары кирген. Екиншиге мүлкке
ҳуқықы жоқ, хожайинниң жеринде жасаўшы, салық төлеў дүзимине кирген
адамлар топары есапланады. Калонлар жерден пайдаланғаны
ушын затлай
өним төлеген, гейпара ўақытлары хожайын ушын бийпул атыз жумысларын
ислеген.
Қалалар, өнерментшилик ҳәм саўда.
IV-V әсирлерде Византия өзин қалалар
ели деп айтыўға ҳақылы еди ҳәм өнерментшиликтиң саўданың раўажланыў
дәрежеси бойынша батыс Римнен алдында турады. Темирдиң, алтынын,
мыстың, мрамордың ҳәм басқада рудалардың қоры таў-кән өндирисиниң ҳәм
оған байланыслы мийнет қуралларының көбейиўине тәсир еткен. Қурылыс
усыллары, шийшеден затлар ислеў, тоқымашылық әсиресе жиңишке
талшықлы, жүн, жәнеде IV әсирден жипек гезлемелерин тоқыў кең таралады.
Усы ўақытлары батыста қалалар қулай баслады, ал шығыста болса саўда ҳәм
өнерментшилик орайы сыпатында раўажланыўы даўам етеди. Олардың ишинде
биринши орында Константинополь қаласы еди. Ол безениў затларын соғыўда,
қолдан китап жазыўда данқы шықты. Теңиз кемесазлықтың, саўданың
раўажландырыўына мүмкиншилик туўдырды. Византия саўдагерлери
Ҳиндистанға, Цейлонға, Қытайға, Қубла Эфиопияға, Арабияға, Иранға, Орта
Азияға ҳәм басқа еллер менен байланыслар жасады. Шығыстан пилле, пил
сүйеги, алтын, қымбат бахалы таслар, жемчуг, бурыш ҳ.т.б. алып келинди.
Византия жер орта теңизинде саўдада баслы орын тутты.
Византия
33
саўдагерлериниң факториялары Неополда, Равенде, Карфагенде де болған.
Қара теңиз бойларындағы ҳәм Кавказ еллери менен саўда жүргизди.
Византияның алтын теңгеси (солид) халық-аралық саўдада үлкен рол ойнады.
Константинополди батыс пенен шығыстың ортасындағы «алтын көпир» деп те
атайды. Египетте Александрия, Сирияда Антиохия ҳәм арқа Мессопотамияда
Эдесса ири экономикалық орайлардың бири болды.
Мәмлекет батыс Рим империясы қулағанан кейин Византия оның жеке
мийрасхоры болды, ҳәм христиан дүньясында үстемлик етиўге умтылды. Карл
империясы дүзилгенге шекем батыстан «Варвар»
корольликлери номинал
жағдайда
Византия
императорларының
басқарыўын
мойынлады.
Императордың қол астында үлкен ҳуқықый ҳәм атқарыў ҳәкимияты болды.
Ҳақыйқатында императордың басқарыўы сенат, мәмлекетлик кеңес,
қалалардың еркин пухараларының шөлкеми, ширкеў усаған мәкемелер
тәрепинен, бир қанша шекленетуғын еди. Орайлық басқарыў император
таярлаған басшыларға ийе бир-неше мекемелерге бөлинген.
Ерте Византияда
Римниң салық салыў тәртибин қолланыўын даўам етти. Әскерий шөлкемлерде
Рим империясы армиясы тәртибинде дүзилди. Бирақ Византия армиясының
көпшилик бөлегин әсиресе флотта жергиликли еркин халықтан қуралған еди.
Батыс Римде «варварлар» көпшиликти тутқанлығы белгили.
Do'stlaringiz bilan baham: