Туребеков М



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet53/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   49   50   51   52   53   54   55   56   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

.
 
Пиреней ярым атаўының үшинши ерикли корольлиги 
Португалия болған. Оның сиясий ҳәм социаллық раўажланыўы Кастилияға 
уқсап келген. Реконкистада әҳмийетли роль ойнаған руўханый-рыцарьлық 
орденлери ҳәм соның ишинде Ависса руўханый-рыцарьлық ордени бул жерде 
үлкен абыройға ийе болған. Соның ушын Португалияда феодаллардың, 
ширкеўдиң, руўханый-рыцарлык орденлериниң ири жер көлемлери менен бир 
қатарда көплеген қала ҳәм еркин дийханлар общиналары болған. Олардың 
юридикалық статусы тастыйықланған. XIII әсирде қалалар раўажланады. XIII 
әсирдиң ортасында оның пайтахты болған Лиссабон анағурлым әҳмийетке ийе 
болады. Усы ўақытта Португалияның қубласында реконкиста тамамланады. 
Корольлик ҳәкимияты ҳәм кортеслер

XII-XIII әсирлерде Пиреней ярым 
атаўының барлық корольликлеринде монархиялар қәлиплеседи. Корольлик 
ҳәкимият қатламлар ўәкиллериниң кортеслердиң жыйналысы менен 
шекленеди. Қатламлар оларда бөлек мәжилислер өткерген. Кастилия 
кортеслеринде үш палата руўханыйлар, дворянлар ҳәм қалалар палаталары 
болған. XV әсирге шекем қалалардың ўәкиллери айырым дийханлар 
общиналарының ўәкиллери менен бирликте жыйналыслар өткерген. Киши ҳәм 
орта дворянлықлардың ири феодаллардан бөлек мәжилислер өткериўи Арагон 
кортеслериниң өзгешелиги еди. Бул жерде кортеслер төрт палатадан-жоқарғы 
ақсүйеклер, киши, орта дворянлықлар, руўханыйлар ҳәм қалалар 
палаталарынан ибарат еди. Португалия, Каталония ҳәм Валенсияда да 
кортеслер болған. Олар монархиялық ҳәкимияттың ҳәрекетлерин шеклеген. 
Тахты ийелеў бойынша даў мәселелерин шешкен, ишки ҳәм сыртқы сиясатқа 
тәсир жасаған. 
Класслық 
гүрестиң 
кескинлесиўи

Мәмлекетлерде 
товар-ақша 
қатнасықларының раўажланыўы феодалларға ғәрезли дийханлардың езилиўин 
күшейтеди. Еркин дийханлар да анағурлым дәрежеде сеньорлар ҳәкимияты 
қысқысына ушырады. Ҳүкимет тәрепинен 1437-жылы бастырылған 
Кастилиядағы «эрмандиналардың» көтерилиси айрықша белгили болды. XIV-


152 
XV әсирлери дийханлар көтерилислери Балеар атаўларында жүз береди. Бул 
жерде дийханларға саўдагерлер тәрепинен езилген қала гедейлери қосылды. 
XV әсирдиң бир неше он жыллықлары даўамында Каталонияда массалық
дийханлар ҳәрекетлери орын алды. Олар жеке ғәрезликти ҳәм жарамсыз 
дәстүрлерди бийкар етиўди талап етти. 1462-1472-жыллары Каталонияның 
арқа тәрепинде ҳақыйқый дийханлар урысы жүз берди. Қатнасыўшылар
әскерий отрядларға бөлинеди. Олардың арасында әскерий зәрүрликлер ушын 
төлемлер жыйналды. Оның басында гедей Вернтальят турды. Каталония 
ақсүйеклери ҳәм қалалары менен қарсылас болған. Арагон короли Хуан II 
көтерилисти өз мақсетлерине пайдаланды. Вернтальят ҳәм оның дийханлар 
армиясы жәрдеми менен Хуан II Каталония үстинен өз ҳәкимиятын 
беккемледи. Ол Вернтальятқа бай жер көлемлерин бөлип шығарды. Виконт 
атағын береди. Дийханларды да азы-кем жер қыйтықлары менен жубатты. 
Бирақ бул қарарларды кортес көп узамай бийкарлады. 1484-жылы Каталонияда 
Педро Хуан Сала деген дийхан басшылығы астында жаңа күшли көтерилис 
басланады. Солдатлар қәлемеўсизлик пенен дийханларға қарсы шықты. 
Саланың тутқынға алыныўы ҳәм өлтирилиўи ҳәрекетти тоқтатпады. 1486-
жылы ҳүкимет көтерилисшилери менен келисимге келиўге мәжбүр болды. 
Каталонияда пухаралардың жеке ғәрезлигин бийкарлайды. Бул жағдай 
Гвадалупа интенциясында тастыйықланған еди. Жарамсыз дәстүрлерде 
бийкарланды. Бирақ ол ушын үлкен пара төленди. Дийханлар жеке еркинликке 
ийе болды ҳәм жерлерден өзлериниң көшпели мүлки менен кетиўге ҳақылы 
еди. Бирақ олардың жерлери сеньорлардың меншигинде қалды. 
Кастилия ҳәм Арагонның бирлесиўи

Ширкеў, қала ҳәм майда дворянлар 
менен аўқамға сүйене отырып ҳәм саўдадан келип түскен үлкен дәраматларға 
ийе болған, Кастилия ҳәм Арагонның корольлик ҳәкимияты XIV-XV әсирлери 
ири феодаллардың сиясий ҳуқықларына шешиўши ҳүким баслады. Олар бираз 
еркинликлеринен айырып таслады. XV әсирдиң ақырына ол ири феодаллардан 
теңге ислеп шығарыў ҳәм жеке урыслар жүргизиў ҳуқықларынан айырды. Көп 
жерлерин тартып алды. Король сондай-ақ руўханый-рыцарлар орденлериниң 
жерлерин ийеледи. 1479-жылы Арагон менен Кастилия Фердинанд Арагонский 


153 
ҳәм Изабелла Кастильская ерли-зайыплылар ҳәкимлиги астында бирден-бир 
мәмлекетке бирлести. 1480-жылы Кастилия қалалары өз-ара кәраматлы 
эрмандада аўқамын дүзди. Ол феодаллар менен гүресиў ушын өзиниң 
милициясын шөлкемлестирди. Ел ишинде өзиниң орнын беккемлеп ҳәм
Испания короли Гранада әмирлигине соққы берди. Ол араблардың 
Испаниядағы соңғы жерлери еди. 1492-жылы Гранада жеңилиске ушырайды. 
Португалиядан басқа пүткил Пиреней ярым атаўы Испания корольларының 
қолына түседи. Испанияда абсолют монархия орнатылды. Ири феодаллар 
сиясий еркинлигин жойтады ҳәм сарайлық аристократларға айланады. 
Кортеслар өзиниң бурынғы әҳмийетин жоғалтады ҳәм олар сийрек 
шақырылады. Басқарыўға бюрократиялық түс ене баслайды. 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   49   50   51   52   53   54   55   56   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish