Туребеков М



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet56/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   52   53   54   55   56   57   58   59   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

Қалалар ҳәм бюргерлик
. Еллердиң экономикалық раўажланыўы ақырынлық 
пенен жүргизилиўи қалалардың салыстырмалы әззи болғанлығынан келип 
шықты. Өнерментшилик тийкарынан дийханлар өндириси басқышында калып 
койды. Саўда орайлары Х-XI әсирлерде ҳәлсиреп қалды. Ишки саўда төмен 
раўажланды. Натураллық алмасыў узақ ўақыт сақланып турды(мал. маўыты 
ҳәм басқа затлар). XII әсирдиң екинши ярымында XIII әсирде өнерментшилик
ҳәм саўда азы-кем раўажланды. Сыртқы саўда кеңейди.Онда балық, тери ҳәм 
жүн шығарылды. Норвегияда Брюгге, Голландияда Висбю, Сконтаға жыл 
сайын өткерилетуғын ярмаркилер арқа Европа саўдасында жүдә үлкен роль 
ойнады. Бир қатар Дания ҳәм Швеция қалалары корольлик хартиялар алды
ҳәм олар немис қалалық ҳуқықына уқсап азы-кем өзин-өзи басқарыў ҳуқықына 
ийе болды. Бул ўақытлары Скотгольмниң абыройы асады. Бирақ экономикалық 
жақтан әззи болған бюргерлик сиясий турмыста үлкен роль ойнаған жоқ. Оның 
үстине XIII әсирдиң орталарына келип Скандинавия саўдасында Ганза 
саўдагерлери барған сайын белгили орын ийелей баслайды. Олар балық, 
өнерментшилик буйымлар ҳәм мал-шарўашылық өнимлерин алып шығыўды 
өз қолларына алған. Швецияда темир ҳәм мыс кәнлерин ислеп шығарыўда
немис исбилерменлери жетекши роль ойнады. Швеция қалаларында 
муниципаллық кеңеслердиң ярымы немислерден қуралған. 
Немис саўдагерлери менен өнерментлери саўда ҳәм хожалықтың және де 
бир қатар тараўларын раўажландырыўға үлкен үлес қосты. Бирақ жергиликли 
бюргерликтиң, әсиресе Норвегиядағы бюргерликтиң раўажланыўына кесент 
жасады. Данияның Ганза менен урысы, Данияда Вольдемар IV Аттордог (1340-
1375- жыллары) ширкеў ҳәм рыцарлықтың қоллап қуўатлаўы менен король 
ҳәкимиятын беккемледи. Бурын жойтылған жерлер (соның ишинде Еконе) 
қайтарып алынды. Бирақ Дания королиниң Висбю қаласы менен Готланд 
атаўын басып алыўы арқа немис Ганзасы менен соқлығысыўға алып келди. 
Олар менен болған урыста 1367-1370-жыллары Дания жеңилиске ушырады. 
1370-жылғы Штрользунд питими ганзалыларға саўда артықмашылықларын 


159 
берди. Атап айтқанда, бажы салықлары муғдарын азайтты ҳәм олардың 
қадағалаўы астына Схонедеги төрт қорған өтти. Бул олардың Балтик 
теңизиндеги үстемлигин тастыйықлады. Шәртнамаға муўапық Дания короли 
Ганзаның келисимисиз тахтқа отырыўға рухсаты жоқ еди. 
Кальмар униясы
. Дания ҳәм Швеция жерлери арқа Герман князьлери 
тәрепинен тартып алыныў қәўипи астында турды. Скандинавия мәмлекетлери 
арасындағы бир неше рет жүз берген даў-жәнжеллерге қарамастан, немис 
князьлары Ганза тәрепинен келип турған қәўиплер Дания, Швеция ҳәм 
Норвегия феодалларын жәмлесиўге мәжбүрледи. Ол династиялық уния 
формасында жүз берди. Дания короли Вольдемар IV Аттерданың қызы ҳәм 
Норвегия королиниң ҳаялы Маргарита Дания тахтына өзиниң улы Олафты 
отырғызды. Оның аты менен Дания ҳәм Норвегияны басқарды. Олаф өлгеннен 
кейин еки мәмлекеттиң басына өзи шықты. 1389-жылы Швеция 
феодалларының қоллап қуўатлаўы менен ол Швеция үстинен де ҳәкимият 
алды. 1389-жылдың июнинде Швецияның Кальмарк қаласында болып өткен 
үш корольлик ўәкиллериниң жыйналысында Маргаританың жийен ақлығы 
Эрик Померанский Дания, Швеция ҳәм Норвегияның короли болып 
жәрияланады. Соның менен бир ўақытта үш мәмлекеттиң мәңги униясы 
ҳаққында акт ислеп шығылды. Буннан былай оның басында бир король турыўы 
тийис еди. Урыс жағдайында мәмлекетлер бир-бирине жәрдем көрсетиўи 
лазым болды. Бирақ олардың ҳәр қайсысында өз нызамлары сақланып қалған. 
Уния мәмлекетлик кеңеслерге тастыйықланыўға берилмеди ҳәм жеке сыпатқа 
ийе еди. Ис жузинде уния уш мәмлекетти тереңлестирген жоқ. Басқалаларға 
қарағанда Дания анағурлым раўажланған еди. Ол униядан анағурлым көп 
пайда көрди. Төмен раўажланған Норвегияның пайдасы бираз аз еди. Жүдә 
қудиретли мәмлекетти басқарып отырған. Маргарита 1412-жылы қайтыс 
болғанына шекем өзине садық болған Дания, немис феодалларын ширкеў ҳәм 
ири мәмлекетлик лаўазымларға қойды. Оларға Швеция ҳәм Норвегиядағы 
үлкен жерлерин берди. Салықтан азат етилген ири жер ийелериниң қатламы 
кеңейди. Кальмар униясы ири феодаллардың күшейиўине алып келди. Бирақ 
дәслепки ўақытлары ол король ҳәкимиятын анағурлым беккемледи. Король 


160 
Эрик немис саўдагерлериниң артықмашылықларын бираз ийелеўге еристи. 
Урыстан кейин Арқа теңизде Балтиканы басып өтетуғын кемелерден 
алынатуғын зунд салықлары енгизилди. 
Дийханлар жағдайының төменлеўи
. Уния дәўири дийханлардың феодаллық 
ғәрезлиги күшейиў дәўири болды. XIV әсирде Дания ҳәм Норвегия 
дийханларының көпшилик бөлеги феодаллардың жерлеринде иследи. Оларға 
рента төлеген. Ширкеў жүдә ири жер ийесине айланды. Салықлар муғдары 
өсти. Езиудиң күшейиўине дийханлар көтерилислери менен жуўап қайтарды. 
Стокгольм саўдагерлери, әсиресе Далекармияда 1434-жылы көтерилис 
басланды. Кәншилер ҳәм дийханлар салықлар муғдарын азайтыўды талап етти. 
Швецияға жүдә көп санда кирип келген даниялылар менен немислерге 
наразылықларын билдирди. Саўдагер көтерилисшилердиң басында кән ийеси 
рыцарлар арасынан шыққан Энгельбрект Энгельбрексон турды. Ҳәрекетке 
айырым феодаллар да қосылды. 1435-жылы қатламлық-ўәкиллик жыйналыс 
шақырылды. Швецияның қатламлық ўәкиллиги–риксдаг усылайынша пайда 
болды. Ол биротала XV әсирдиң екинши ярымында қәлиплести. Бирақ 
мәмлекет көсеми болып сайланған Энгельбректссон 1436-жылы сатқынлық 
пенен 
өлтиреди. 
Дийханлар 
көтерилиси 
бастырылды. 
Швециядағы 
ўақыялардың тәсири астында Норвегия, Финляндия ҳәм Данияда көтерилислер 
басланады. 1436-жылы Осло районында көтерилис жүз береди. 1441-жылы 
кейин ала тезлик пенен басқа ўалаятларға тарап кеткен. Көтерилис арқа 
Ютландияда дийханлар ҳәрекетин пайда етти. Соның менен бир қатарда 
феодаллар халық ҳәрекетлерин өз мәплерине пайдаланған. Король Эрик 
Даниядан қашыўға мәжбүр болған. Король ҳәкимияты және де әззиледи. 
Данияда қатламлар жыйналысы 1468-жылдан шақырыла баслады. Бирақ ол 
қаржы сиясаты үстинен қадағалаў жүргизбеди ҳәм жүдә сийрек шақырылды. 
Скандинавия еллери XV әсирдиң екинши ярымында Кальмар униясы ушын 
гүрес жуўмақлары Швеция ҳәм Норвегияда бир қыйлы болған жоқ. Норвегия 
бюргерлери әззи болды ҳәм Любек ҳәм Росток саўдагерлериниң 
исбилерменлик ҳәрекетлеринен шетте қалды. Ганза ҳәлсиреўи менен XV 
әсирдиң ақырында немис саўдагерлериниң орнын елден ағаш алып шығыўшы 


161 
голландлылар, сондай-ақ инглизлер, шотландиялылар ҳәм даниялылар
ийеледи. 
Швецияда унияны тарқатыў ушын гүрес ҳәр қыйлы социаллық күшлердиң 
өз-ара гүреси болды. Дворянлар ҳәм жоқарғы руўханыйлардың бир бөлеги 
Даниядан жәрдем изледи. Бюргерлер ҳәм дийханлардың қоллап-қуўатлаўына 
ийе дворянлардың екинши бөлеги унияға қарсы шықты. Азатлық гүреске 
сүйене отырып ҳәм Швеция ири феодалы Карл Кнутссон тахты ийелеп алды. 
Үзилислер менен ол 1448-жылдан 1470-жылға шекем ҳүкимлик етти. 1471-
жылы швед ақсүйеклериниң ўәкили Стен Стуре басшылығында бюргерлер 
менен дийханлар Брункеберг жанында Дания короли әскерлериниң үстинен 
жеңиске еристи. Қалалық кеңеслерден немислер шығарылды, Упсалада 
биринши швед университети дүзилди. 
Стенниң сиясаты Швециядан қымбат баҳалы металларда сыртқа 
шығарыўды шеклеўге бағдарланған еди. Темир ҳәм мысты сыртқа шығарыўды 
мәмлекетлик монополияға айланды. Мәмлекет тенге шығарыўды да өз қолына 
алды. Стуре ширкеўлик жер ийелеўди шекледи. Ол Швецияны Дания менен 
униядан шығарыў мақсет етип қойған жоқ ҳәм Швеция толық еркинлик 
алыўына тенденция байқалды. Бирақ уния рәсмий түрде 1523-жылға шекем 
сақланып келди. Х әсир даўамында Данияда да абыройлы бюргерлер пайда 
болды. Копенгаген король резиденциясына айланды. Жүз жыллықтың соңғы 
тоқсанында университет пайда болды. Ганзалылардың артықмашылықлары 
жоқ етилди. Аўыл хожалық өнимлери менен саўда жүргизиў Данияны 
экономикалық жақтан Швеция менен байланыстырды. 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   52   53   54   55   56   57   58   59   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish