Туребеков М



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet59/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   55   56   57   58   59   60   61   62   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

Цара Ромыняска (Валахия) ҳәм Молдавия князьлықларының пайда 
болыўы. 
XIV әсирдиң басында Карпатлардан қублаға Дунайға шекем 
жайласқан бир қатар воеводлықлар Кымпулунг пайтахты болған бир 
мәмлекетке жәмлести. 1324-жылы бул мәмлекеттиң уллы воеводы Басараб I ши 
болды. Бул мәмлекет Цара Ромыняска (румынлар ели) деп аталды. Оның басқа 
атамасы – Валахия. Болгария ҳәм Сербия жәрдеми менен бул мәмлекет 1352-
1364- жыллары Басараб I диң баласы Николастың тусында, венгер 
феодалларына ҳәм әсиресе католик ширкеўине қарсы турды. 
Молдаван жерлери XIV әсирдиң ортасына шекем алтын Орда ҳәкимлиги 
астында болды. Кейин ала ол қысқа ўақыт даўамында Венгер корольлығына 
ғәрезли болды. Венгер феодаллары зулымлығына қарсы Богдан бояры 
басқарған дийханлар көтерилди. Венгер воеводы 1359-жылы Молдавия 
ғәрезсизлигин жәриялады. Бирақ Молдавияның толық суверенлигин сақлап 
қалыў қолдан келмеди. Богданның улы Лацку 1365-1373- жыллары Польша 
королиниң вассалы болыўға мәжбүр болды. Ол католик динин қабыллады ҳәм 
пайтахта Серетеде епископлықты дүзди. Тийкарғы масса ҳәм боярлардың 
көпшилиги проваславия динин қабыллаған еди. Соның ушын олар венгер ҳәм 
поляк феодалларына қарсы шықты. Бул исте оларды Валахия қоллап 
қуўатлады. Бул байланыслар валах мырзасы Мирчениң 1386-1418- жыллары 
басқарған дәўиринде беккемленди. 
 


170 
Валахия ҳәм Молдавияның экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўы

XIV-XV әсирлерде Валахия ҳәм Молдавияда экономиканың раўажланыўы 
байқалады. Дийханшылық, әсиресе жузимгершилик, бағшылық, мал 
шарўашылығы, өнерментшилик, саўда раўажланды ҳәм жетилисти. Ески 
қалалар өсиўин даўам етти. Жаңа қалалар пайда болды. Краковтан Львов ҳәм 
Сучаву арқалы Қара теңизге шығатуғын молдавия саўда жолы халық аралық 
әҳмийетке ийе болды. Дәраматлар орайлық ҳәкимиятты беккемлеўге 
жәрдемлести. Жердиң барлығы феодаллардың қолларында болды. Олардың 
жоқары қатламын боярлар ҳәм төменги қатламын -майда хызметкер адамлар 
қурады. Олардың екеўи де мырзалардың вассаллары болды. Крепостной 
дийханлар натураллық оброк төлеген ҳәм барщинада ислеген. XV әсирде 
дийханларды крепостнойларға айландырыў процеси дерлик тамамланды. 
Соның менен бир қатарда дийханлардың қарсылық ҳәрекетлери күшейди. XIV 
әсирдиң ортасында дийханлар көтерилислериниң толқыны Трансильванияны 
бойлап өтти. 1408-жылы Тимошоар дийханлары көтерилис жасады. 1434-1435-
жыллары Фагараша ҳәм Марамуреша ўалаятларының дийханлары көтерилди. 
1437-жылы пүткил Трансильвания ҳәм арқа-шығыс Венгрияда дийханлар 
ҳәрекетлери жүз берди. Оның орайы Альпарей аўылы болды. Олар қалаларды 
ҳәм сарайларды басып алды ҳәм жеңиске еристи. Белгиленген төлемлерди 
төлегеннен кейин бир феодалдан екинши феодалға еркин өтиў ҳаққында 
дийханлардың талапларын феодаллар мойынлауға мәжбүр болды. Ўақыттан 
утыў ушын венгер ҳәм немец феодаллары питимге қол қойды. Ҳүжимге өтиўге 
таярлықлар баслады. Бирақ 1437-жылы олар және жеңилиске ушырады. 1438-
жылдың ақырында ғана феодаллар көтерилисти бастырды. 1490-1492-жыллары 
Молдавияның шығыс тәрепинде көтерилислер жүз берди. Муха басқарған 
дийханлардың 10 мыңлық армиясы Молдавиядан Галиция жерине атланды. 
Жол-жөнекей олар молдаван боярларын, поляк панларын өлтирди ҳәм
олардың жайларын өртеди. Көтерилис Польша короли ҳәм Тевтон ордени 
рыцарьларының бирлескен күшлери жәрдеминде бастырылды. Валахия, 
Молдаван ҳәм Трансильванияда феодаллық мәмлекеттиң дүзилиўи 
қәлиплеседи. 


171 
XIV-XV әсирлерде Валахия, Молдавияда орайлық князьлық ҳәкимият 
беккемлене баслады. Мәмлекетлик аппарат қайта шөлкемлестирилди, князьлық 
армия күшейди, жаңа қалалар ҳәм корғанлар салынды. Ҳәр бир князьлықтың 
басында мырза турды. Бирақ ҳақыйқатлығында валах ҳәм молдаван 
госпадарьлары өз сиясатында боярлардың пикири менен есапласыўы мәжбүр 
болды. Уллы боярлар қолында жоқарғы ҳүкиметлик уйымлар ҳәм лаўазымлар 
болды. Жергиликли баскарыўды алып барған киши боярлар оларға 
бағынатуғын еди. 
Трансильвания XI әсирден баслап Венгрия үстемлиги астында болды. XIV-
XV әсирлерде феодаллардың артықмашылықлары анағурлым кеңейди. Венгер 
короли найыбының трансильван воеводасының ҳәкимлиги дворянлар сейми 
менен шекленди. Трансильваниядағы феодаллардың басым көпшилигин, 
қалалық патрициаты венгерлер ҳәм немецлер қураған. Дийханлардың тийкарғы 
массасын қураған вальхлардың жағдайы басқаша еди. Олардың ўәкиллери елди 
басқарыўға қатнасқан жоқ. Цары Румыняски, молдавияның, поляк ҳәм венгер 
феодалларына қарсы гүреси. 
1389-жылы Косово майданында серб әскерлерин қыйратып, түрклер 
Дунайдың шеп жағасына шықты ҳәм арқаға қарай жол алды. Венгер короли 
Люксембург пенен шәртнама жасасқан валах госпадари Мирченниң әскерлери 
түрклер үстинен 1394 жылы жеңиске еристи. Бирақ, көп узамай ўақытша Цару 
Ромыняски ийелеп алған түрк күшлери қысымы астында Мирче Түркия 
султанын вассалы болыўга мәжбүр болды. 1444-жылы валах әскерлери 
трансильвон воеводасы Янош Хуньядиниң тәрепинде Варна қасындағы 
саўашқа қатнасты. Кейин ала Влад Ценеш 1456-1462- жыллары валах 
әскерлери түрклер үстинен бир қатар жеңислерге еристи.
Түрклерден басқа, Молдавияға батыстан венгер короли ҳәм арқадан 
поляклар қәўип туўдырып турды. Хәкимиятты беккемлеген Александр Добрый 
тусында 1400-1452- жыллары жағдай және шийеленисти ҳәм тахт ушын гүрес 
Молдавияда узақ ўақыт даўам етти. Стефан III 1457-1504-жыллары 
хызметкерлер-дворянларға, қала халқына ҳәм еркин дийханларға сүйене 
отырып Уллы боярлардың қарсылығын жеңди. Ол шексиз ҳәкимликке ийе 


172 
болғаннан кейин ҳәм тахт ушын гүрес тоқтады. Ол өзиниң барлық 
қарсыласлары менен келисимге келди. Польша менен келисимге келип, ол 
1467- жылы Венгер короли Хуньяди армиясын қырды ҳәм оны питим жасаўға 
мәжбүрледи. 
1475-жылы сан жағынан Стефан армиясынан үш есе көп болған Мехмедтиң 
12 мыңлық түрклер армиясы Васлуй қасында жеңилиске ушырады. Сол жылы 
және бир неше рет жеңилип қалды. Бирақ күшлер тең емес еди. 1484-жылы 
түрклер түслик қорғанларды Килия ҳәм Белгорадты басып алды. Оның үстине 
1489-жылы поляк короли Казимир IV түрклерге қарсы дүзилген шәртнаманы 
бузып ҳәм Молдавияға атланыўда таярлықлар көре баслады. Усылардың 
барлығы Стефан III түрклер менен келисим дүзиўге мәжбүрледи. Бул 
келисимге муўапық ол түрклерге ҳәр жылы 4 мың дунай төлеп турыўы лазым 
еди. Ол венгер короли менен өз келисимин тастыйықлады. Усы ўақытлары 
Стефан III ниң Москва менен де қатнасықлары беккемленди. 1497-жылы Ян I 
Альбрехт баскарган поляк армиясы Козьма тоғай жанында (Ҳәзирги Черновцы 
қаласы) қыйратылды. 1499-жылы Молдавия ҳәм Польша арасында жаңа 
парахатшылық шәртнамаға қол қойылды. 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   55   56   57   58   59   60   61   62   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish