Туребеков М



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet61/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   57   58   59   60   61   62   63   64   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

Византия XII әсир ақырында
. XII әсир ақырына империяның ишки сиясий-
жағдайы турақсыз болады. Мануил I өлгеннен кейин жасы жетпеген Алексей II 


175 
тусында ҳәкимиятты регентша Мария Антиохокая басшылығында сарай 
хызметкерлери ийелеп алады. Мария ашықтан-ашық итальянларға қәўендерлик 
етеди. Оларда өзиниң халқына қарсы тирек излейди. 1182-жылы көтерилген 
халық бай итальян кварталларын қыйратады. Халық ҳәрекетинен пайдаланған, 
Андронин I Комнин 1183-1185-жыллары ҳәкимиятты ийелеп алады. Ири 
феодаллардың қәлеўине қарсы ҳәкимиятқа келген Андронин I майда жер 
ийеллернен ҳәм саўдагерлерден өзине тирек излейди. Император салықлар 
муғдарын тәртипке салады. Лаўазымларды сатыў қадаған етиледи. Саўда ҳәм 
өнерментшилик бираз жанланады ҳәм дийханлардың жағдайы жақсыланады. 
Бирақ реформалар ярым жарты алып барылған. Империяның қәлиплескен 
мәмлекетлик дүзилиси бурынғысынша қалған. Салықлар жүдә ауыр болған. 
Андронин 
венециялықлардың 
артықмашылықларын 
қайта 
тиклеген. 
Константинополь саўдагерлери бундай сиясатқа наразы болған. Пайтахт 
ақсуйеклери менен феодаллық аристократлар Андронинге қарсы үсти-үстине 
көтерилислер жасаған. Бурын бәсекилес феодаллық топарлар императорға 
қарсы бириккен. Андроник жаўызлық террор менен жуўап берген. 1185-жылы 
Сицилиялық норманнлар империяға және басып кирген. Фессалоникти басып 
алған ҳәм қыйратқан. Императорға қарсы тил бириктириледи. Оны тутқынға 
алып жаўызларша өлтиреди. Алексей I ҳийлекерлик пенен павликианлардың 
басшыларын 
тутқынға 
алады 
ҳәм 
олардың 
тийкарғы 
күшлерин 
қуралсызландырады. Көсемлери түрмелерде өледи. Қалғанларының мүликлери 
тартып алынады ҳәм олар жаңа жерлерге көшириледи. 
Усының менен бир ўақытта богомильликтиң тәсири күшейеди. Бул ағым 
священник Богамильдиң атынан келип шыққан. Оның тәлийматы тийкарынан 
езилген дийханлардың ҳәм қала гедейлериниң жырын жырлаған. Олар аскетик 
турмыс кеширген ҳәм жабық қәўимлерде жасаған. Олар ҳәкимиятқа 
бағынбаўға ҳәм мырзаларға хызмет етпеўге шақырған. Богомиялилер 
жаўызларша қуўдаланған. Олардың басшысы Василий 1111-жылы тирилей 
өртелип жиберилген. XII әсирде киши Азияда бир қатар көтерилислер жүз 
береди. Қалаларда ҳәм әсиресе Константинопольде жағдай аўырласады. 
Ҳәдден тыс үлкен салықлар өнерментшилик ҳәм саўданың раўажланыўына 


176 
кесент жасайды. Константинополь турғынлары 1181, 1182, 1185 ҳәм 1186-
жыллары көтерилислерге шығады. Бирақ олар бәрҳама бастырылып турады.
 
Византия XIII-XV әсирлерде, төртинши крест атланысы ҳәм Латын 
империясы. 
XIII әсирдиң ең басында ишки гүреслерден ҳәлсиреген Византия 
кретоносецлердиң аңсат олжасына айланды. 1204-жылы ҳүжимлер астында 
Константинополь қулайды. Оның орнына император Балдуин Фландрский 
басшылығында 1204-1205 жыллары Латын империясы дүзиледи. Патриарх 
тахтын Венецияның тәрепдары католик прелаты Томазо Морозини ийелейди. 
Православ ширкеўи Латын империясында Рим папасының бириншилигин 
мойынлаўы тийис еди. Константинопольди ийелеп алып жеңимпазлар 
Византия уқсаған жүдә үлкен мәмлекет дүзиў ҳаққында әрман еткен. Сол 
ўақытлары Балкан славян жерлери Батыс Европа феодалларына тийисли еди. 
Бирақ Фракия, Македония, Фессалияның бир бөлеги, орта Грецияның шығыс 
бөлеги, Пелопоннес, Эгей ҳәм Ионий теңизлериниң атаўлары ҳәм киши 
Азияның арқа-батыс бөлегиниң бир қатар пунктлери басып алынған еди. 
Пүткил Балкан ярым атаўына ҳәм пүткил киши Азияға өз ҳәкимиятының 
таратыў олардың қолларынан келмеди. Балканның жергиликли славян ҳәм грек 
халқы қатты қарсылық көрсетти. Гүрести болгар патшасы Калоян басқарды. Ең 
ири саўда венецианлыларға тийисли еди. Андрианополь, Мрамор теңизиндеги 
портлар, Эгей теңизиниң атаўлары, Крит ҳәм Константинополь кварталлары 
ири саўда орайлары болады. Латын империясында феодаллық бөлшеклениў 
ҳүким сүрди. Лянлерде вассалитлер системасы енгизилди. Дийханлардың 
ғәрезлиги күшейди. Басқыншылар тәрепине өткен Византия феодаллары өз 
жерлерин сақлап қалды. Латын басып алыўлары Византияның экономикалық 
ҳәлсиреўине алып келди. Басқыншылар греклердиң дин исенимлери менен 
санаспады. Грек мәмлекетлери Никей, Эпир ҳәм Болгария басқыншыларға 
қарсылық көрсетиў орайларының айланды. Никей империясы 1222-1254 
жыллары киши Азиядан латын рыцарьларын қысып шығарды. Францияны 
бағындырды ҳәм Әмир деспотатын өзиниң вассалына айландырды. 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   57   58   59   60   61   62   63   64   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish