141
сатқынлық ролин атқарған. Лондадан басқа, жаңа ҳүкиметке және де
еки
чомпи, майда өнерментлерден үш приор ҳәм үш «семиз» пополонлар кирген.
Үш жаңа цехлар ҳәм соның ишинде чомпи цехы дүзилди. Чомпилер цехына 9
мыңға жақын адам кирди. Екинши цехқа бояўшылар, тоқыўшылар ҳәм
басқалар, үшинши цехқа кийим тигиўшилер ҳәм шулық тоқыўшылар кирди.
Микме ди Лондо жәрдеми менен «семиз» пополонлар көтерилисшилерди
қыйратыўға таярланды. Чомпилар жаўызлық репрессияларға дуўшар болды.
Бирақ 1382-жылға шекем «семиз» пополонлар ҳәкимияты толық өз қолларына
алыўға жүрексинбеди ҳәм оны цехлар өнерментлери менен бөлисти. Чомпилер
көтерилисиниң
жеңилиске
ушыраўының
себеби
жеткиликсиз
шөлкемлескенлигиниң ҳәм оның класслық ғәрезлигиниң нәтийжеси
болды.ўалаят
Папа ўалаяты. Рим республикасы.
Өзиниң теократиялық жобаларын иске
асырыў ушын Иннокентий III ҳәм оның шәкиртлери Европаның бир қатар
мәмлекетлерин өз тәсирине бағындырыўға, екиншиден, Италияда өз
мәмлекетин Папа ўалаятын беккемлеп, өзлерине сиясий көз-қарасларын
күшейтиўге урынған. Иннокентий III Папа ўалаятындағы итальян ҳәм
немис
феодалларының жерлерин басып алады ҳәм ис жүзинде Сицилия
корольлигинде ҳәкимиятты ийелейди. XIV әсирдиң басына келип, папа
мәмлекетиниң қурамына ири ҳәм бурын ғәрезсиз қала-мәмлекетлер (Болонья,
Рим ҳ.б.) киреди. Тиренадан Адриатик теңизине шекем жайласқан папа
жерлери Италияны екиге бөлип таслайды. Бирақ экономикалық жақтан Папа
ўалаяты бурынғыдай Ломбардия ҳәм Тосканадан төмен болады.
XIII әсирдиң ақырынан баслап папалықтың абыройы кескин төменлейди.
Усы ўақытлары Батыс Европада қәлиплесип атырған ири орайласқан
мәмлекетлер папаға бағыныўдан бас тартты. Бонифаций VIII ниң
француз
монархиясы менен гурестеги жеңилиси папа ҳәкимиятының ўалаятында да
ҳәлсиреўине алып келди. 1309-жылы папа резиденциясының Авиньонға
көширилиўи ис жүзинде папа куриясының француз сиясатына бағынғанлығын,
папаның феодаллар ҳәм ширкеў ўалаяты қалалары үстинен қадағалаўды
жойытқанын аңлатты. Бул Рим қалалық коммунасының бир қанша күшейиўине
142
мүмкиншилик берди. XIV әсирдиң басында Рим пополонлары Арлоттини
«халық капитаны» етип жәриялады. Оның буйрығы менен қаладан ири
феодаллар шығарылды ҳәм ол олардың сарайлары қулатылды. 1347-жылы
пополонлар ҳәм феодал ақсүйеклери арасындағы гүрес қайта басланды.
Пополонлар ҳәрекетин Кола ди Ринцо басқарды. Ол Римниң бурынғы
қудиретин қайта тиклеў ҳаққында әрман еткен. 1347-жылдың майында Кола
Римнен ири феодаллар-баронлардың кетиўинен пайдаланып, Рим қалаларының
жәрдеми астында бир топар қуралланған тәрепдарлары
менен капитолийдеги
ҳүкиметлик имаратларды басып алды. Кола өзин «еркинлик, парахатшылық
ҳәм әдилликтиң трибуны, қудиретли Рим империясының қутқарыўшысы» ҳәм
Римди республика деп жәриялады. Папаны пухаралық ҳәкимияттан айырды.
Оған жуўап ретинде папа оны еритик-үстем дин қәделерине қарсы адам деп
жәриялады. Салықлардың саны қысқартылды. Туўысқан трибуна ҳәм Рим-
дүнья басшысы деген жазыў менен жаңа теңге шығарылды. Кола барлық
итальян қалаларын оның пайтахты сыпатында Римниң дөгерегине жәмлеўге
шақырды. Бирақ бир-бири менен бәсекилес болған ҳәм ғәрезсизликлеринен
айырылып қаламан деп қорыққан қалалық республикалары Римге бағыныўдан
бас тартты. Рим жерлеринде крепостной ҳуқықты сақлап қалды ҳәм қайсар
баронларға аңсатлық пенен кеширим берди. Нәтийжеде ол халықтың исенимин
жойтып алды ҳәм Римде феодаллардың ҳәкимияты қайта тикленди. 1347-
жылдың ақырында Кола Римнен қашыўға мәжбүр болды. Кейин ала 1354-
жылы ол және Римде папаның ўәкили сыпатында пайда болды. Халықтың
қоллап-қуўатлаўы менен ол және де ҳәкимиятты басып алды. Бирақ ол
жалланба армиясын сақлаў ушын салықларды көбейтеди. Рим халқы көтерилис
жасайды ҳәм оны өлтиреди.
1378-жылы папа тахты қайтадан Римге көширеди. Оның ҳәкимияты әззи
болады. Папаның тахтына бир неше папалар талабан болады. XV әсирдиң
ақыры-XVI әсирдиң басына келип, папалар өз мәмлекетиниң кең аймағы
үстинен ҳәкимиятты қайта орнатады. Папалық мәмлекет феодаллық
итальян
князьлигиниң бирине айланады.
143
Түслик Италия ҳәм Сицилияның экономикалық раўажланыўы.
Сицилия
корольлиги XIII-XV әсирлери хожалық жүргизиў жағынан арқа Италия ҳәм
Тосканыдан сезилерли артта қалды. Феодалласыў процесси XIV әсирдиң
басына жуўмақланды. Ерте дәўирлердегидей қалалар тек ғана өнерментшилик
өндириси, жеке базар орайлары болып қалмастан, Византия ҳәм Леванта менен
дәлдалшылық орайына айланады. Сицилия корольлигинде дийханлар жерге
байланып қалған еди. Оларды жер менен қосып сатыўға ямаса аўмастырыўға
мүмкин еди. Дийханлар нызам ҳәм корольлик суд қорғаўына ийе емес еди.
Жеке ғәрезлик белгиси ретинде олар феодалларға неке қурыў ҳәм жер көлемин
мийрасхорлыққа айландырыў ушын салық төлеген. Тийкарғы рента
натураллық ямаса ақшалай оброк болған. Жылына бир неше күн даўамында
дийхан барщинада ислеп бериўи тийис еди. Олар мәмлекетлик салық ҳәм
ширкеў десятинасын төлеген.
XIII-XV әсирлерде Сицилия корольлигиниң аграр дүзилисиниң өзгешелиги
ярым еркин ҳәм еркин дийханлардың анағурлым қатламы сақланып қалыўында
болды. Бул дийханлар ерте заманнан кушли аўыллық қәўимлерге бирлескен.
Олар қорғанларда жасаған. Жигерли гүрес нәтийжесинде
олар жерлерден
сеньорды қуўып шығарған. Қәўимлик өзин-өзи басқарыўды талап еткен. Жеке
еркин дийханлардың екинши топары өзлерине жеңилликлер алып феодалларға
тийисли болған бос жерлерде қоныс басқан. Олар ўақытша ямаса мийрасхор
эмфитевтлер болған.
Do'stlaringiz bilan baham: