Туребеков М



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet49/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   45   46   47   48   49   50   51   52   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

Цех дүзилисиниң ыдыраўы ҳәм қалаларда капиталистлик қатнасықлардың 
пайда болыўы
. XIV әсирде арқа ҳәм орта Италияның раўажланған қала-
республикаларында капиталистлик қатнасықлар пайда бола баслады. Итальян 


137 
қалаларының цех өнерментлери усташылығының жоқары дәрежеси ҳәм 
жеткиликли дәрежедеги мийнет бөлисиў бул жерде ерте капиталистлик 
мануфактуралық өндирис пайда болыўының тийкары болды. Бул цехлардың 
«үлкен», «киши» цехларға бөлиниўинде, цехлар ишинде социаллық 
теңсизликтиң тереңлесиўинде, өз бетинше уста болыў мүмкиншилигинен 
айрылған мәңги жәрдемшиге яғный жалланба жумысшыларға айланған 
шәкиртлери менен уста жәрдемшилериниң езилиўиниң күшейтиўинде өз 
көринисин тапты. Цех дүзилисиниң ыдыраўы гедейлескен өнерментлерди 
саўдагерлер ямаса бай усталар тәрепинен езилиўине шараятлар дүзди. 
Арқа ҳәм орта Италия қалаларында капиталистлик қатнасықлар ерте 
раўажланыўының екинши себеби олар жерсиз қалып қойыўы менен 
даўамланған дийханлардың жеке азат етилиўи болды. Олар XIV әсирде 
қәлиплесип атырған жаңа социаллық қатлам-жалланба жумысшылардың 
тийкарын қурады. Мәселен, XIV әсирдиң 30-жылларында Флоренцияда 200 
ири маўыты (сукно) ислеп шығаратуғын устаханалар болған. Олар жылына 80 
мың данаға жақын маўыты ислеп шығарған. Олардың баҳасы улыўма қала 
бюджетинен үш есе көп болған. Маўыты ислеп шығарыўы менен 30 мыңнан 
аслам адам шуғылланған. Флоренцияда жалланба жумысшылардың улыўма 
саны 10 мың адамға жеткен. Оларды «чампи» деп атаған. Гедейлесип барған 
өнерментлер менен уста жәрдемшилери мийнеткешлердиң екинши отрядын 
қураған. Олар әсте-ақырын жалланба жумысшыларға айланған. Флоренция ҳәм 
басқа қала-республикаларында дийхан ҳәм өнерментлердиң бир топарынан 
жалланба жумысшылар классы пролетариат қәлиплесе баслады. Әпиўайы 
капиталистлик өндиристе жалланба жумысшылар тийкарға жумыс күшин 
қураған. Қол мийнети басым болған. Соның ушын ерте капиталистлик 
өндирис мануфактура деп аталды.
Итальян қалаларында монуфактуралық өндиристиң раўажланыўы қала 
ақсүйеклериниң байыўына алып келди. Жумысшылардың мийнет ўақты түски 
аўқатқа қысқа тәнепис пенен 14-16 саат даўам етти. Олар бақлаўшы қадағалаўы 
астында жумыс ислеген. Бақлаўшылар басқа қалалардан шақырылған. Олар 
жумысшылар «нызамсыз» аўқамларға бирикпеўин де қадағалап барған. Егер 


138 
жумысшы алдын ала алған ақшалары ушын ислеп бермесе, хожейин оны бир 
неше жыл түрмеге қамаўға ямаса дүрре менен жазалаўға ҳақысы бар еди. 
Жумысшылар дийўанаға бергендей айлық алып турған. Жаңа қатнасықлар 
мийнет 
өнимдарлығының 
анағурлым 
өсиўине 
ҳәм 
экономикалық 
раўажланыўына алып келди. Бул жаңа қатнасықлар ояныў уқсаған қүрамалы, 
әжайып қубылыстың – ерте буржуазиялық көз-қарастың ҳәм реалистлик 
искусствоның тийкарғы дереги болды.
 
XIII-XIV әсирлерде арқа ҳәм орта Италия қалаларының сиясий дүзилиси. 
Ерте капиталистлик қатнасықлардың қәлиплесиўине байланыслы Арқа ҳәм 
орта Италия қалаларында саўда-өнерментшилик халықтың-пополонлардың 
сиясий тәсири күшейе баслады. Феодаллық элементлер-гранедлардың роли 
пәсейди. Флоренция буның айқын мысалы болып табылады. 1250-жылы 
пополонлардың үстемлигин тастыйықлаған «биринши халық конституциясы» 
орнатылды. Қала халқына сүйенген жаңа лаўазымлы шахс-халық капитаны 
пайда болады. 1282-жылы Флоренцияны сайланған пополонлар ҳүкимети 
басқарды. Ол дәслеп «приорат» («приор»-цех ақсақалы), кейин ала «синьория» 
деп аталды. Приорат қурамына «әдиллик гонфалоньер (байлық көтериўшиси)» 
басшылығында 

адам 
кирген. 
Флоренцияда 
«әдиллик 
режеси» 
қабылланғаннан кейин. 1293-жылы грандларға анағурлым күшли соққы 
берилди. Режелерге муўапық, грандлар коммуналардың сиясий турмысына 
қатнасыўдан шетке шығарылды ҳәм пополонларға қарсы жынаятлары ушын 
өлим жазасына буйырылған. Бирақ цехлардың биреўине жумысқа кириў шәрти 
менен грандларға сиясий ҳуқықларынан пайдаланыў рухсат етилген. Усы 
ўақытқа келип пополонлардың өзлери бирден-бир социаллық қатлам болмаған. 
Бай саўдагерлер, устахана ҳәм банк конторалар ийелери «семиз халықты», ал 
майда саўдагерлер менен өнерментлер «арық халықты» қураған. Жалланба 
жумысшылар-чомпилер оннан да төмен турған. Флоренцияның турмысында 
«семизлер» жетекши роль ойнаған. Флоренцияның жоқарғы басқарыў уйымы-
синьория – «үлкен» цехлар ўәкиллеринен қуралған. Арықлар ҳәм жалланба 
рабочийлар қаланы басқарыўға қатнасыўдан шетлетилген. Венеция ҳәм 


139 
Генуяда барлық жумысларды мийрасхорлық патриархаты қураған бай 
саўдагерлер баскарған. 
Венецияның басында ҳәкимияты үлкен кеңес тәрепинен шекленген 
өмиринше сайланған дож турған. XIII әсирдиң ақырына бул кеңеске 27 
патрициялар шаңарақларынан 242 адам кирген. XIV әсирден баслап жаңа он 
адамнан ибарат кеңес дүзиледи. Бул кеңес барлық ҳүкиметлик мәкемелер 
ҳәттеки дож үстинен жасырын қадағалаў жүргизеди. XIII әсирде патрицилар 
олигархиясы үстемлик еткен Генуяда 1339-жылдан баслап тийкарынан 
пополонларға сүйенген дождың өмирлик лаўазымы орнатылады. Венеция ҳәм 
Генуя бәрҳәма өз-ара бәсекилес болған. 1261-жылы Византия империясы 
Генуяға 
Константинопольдағы 
ҳуқықларын 
қайтып 
береди. 
Генуя 
саўдагерлери жер орта ҳәм Қара теңизлери шығыс суўларында әҳимийетли 
пунктларды ийелеп алады, Қырымда бир қатар саўда факторияларын дүзеди.
XIII әсирдиң ақырына Генуя ҳәм Венеция арасындағы саўда бәсекиси 
ашықтан-ашық соқлығысыўға алып келди. 1296-жылы Курцола қасындағы 
саўашта Генуя флоты Венеция флоты үстинен ҳәм Кьоджа қасында Венеция 
Генуя үстинен жеңиске ериседи, Жер орта теңизиниң шығыс тәрепинде 
Венеция үстемлиги орнатылады. Генуя факториялары менен бир қатарда, 
Кавказ ҳәм Қырымда Венеция факториялары пайда болады. Венеция белсене 
сыртқы сиясатын алып барады. Шығыста түрклерге қарсы узақ жыллық 
урыслар жүргизди. Италияның өзинде ол өз жерлерин кеңейтти, Бремияны, 
Веронаны, Паруяны, Равенаны бағындырып алды ҳәм Арқа Италияда ең күшли 
мәмлекетлердиң бирине айланды.
Миланның феодалларға ҳәм архиэпископқа қарсы гүресинде қала 
пополонлары вальвассорлар «моттасы»-майда ҳәм орта дворянлар аўқамы 
менен бирикти ҳәм кейин ала оларға саўдагерлердиң патрициялар ақсүйеклери 
қосылды. XIV әсирде Милан өз жерлерин анағурлым кеңейтти, Орайлық 
Ломбардияның үлкен аймақларын қосып алды. Миланда Виспонтилар 
феодаллық қәўиминиң бирден-бир мийрасхорлық басқарыўы орнатылды. 
Солай етип, арқа ҳәм орта Италия қалаларында сиясий баскарыўдың ҳәр 
қыйлы түрлери қәлиплести. Пополонлар республикасы (Флоренция типи 


140 
бойынша). Патрициат олигархиясы (Венеция). Монархияға жақын Тирания 
(Милан); 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   45   46   47   48   49   50   51   52   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish