Туребеков М


арқа ҳәм орта Италияда крепостной ҳуқықтың



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet48/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   44   45   46   47   48   49   50   51   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

 
арқа ҳәм орта Италияда крепостной ҳуқықтың
 
сапластырылыўы
. А
рқа ҳәм орта Италия дийханларының көпшилик бөлеги 
XIII әсирдиң басына жеке еркинликтен пайдаланған. XIII әсирде бул жерде 
дийханларды жеке азат етиў процесси тамамланады. Буған тийкарынан 
қалалық коммуна сиясаты жәрдем етти. Олар өз аймақларында крепостной 
ҳуқықты бийкарлаў бойынша арнаўлы декретлер жәриялады. «Бейиш анты» 
декрети. Бойынша 400 феодалға тийисли 6 мыңға шамалас крепостнойлар азат 
етилди. 1289-жылы крепостной ҳуқық ис жүзинде Флоренцияда бийкар етилди. 
Қалалардың азатлық сиясаты бир неше себеплер менен белгиленди. 
Феодаллардың экономикалық ҳәм сиясий ҳәлсизлениўи менен. Салық 
төлеўшилер ҳәм әскерий миннетлилер саны көбейиўи менен. Қалалық 
ҳәкимияты тәрепинен баҳалары ретлестирилген аўыл хожалық өнимлери менен 
қалаларды тәмийинлеўде феодаллардың монополиясы жоқ етилиўи менен. 
Қалалардың өнерментшилик өндирисин жумысшыларға болған өсип 
баратырған талапларын қанаатландырыў зәрүрлиги менен. 
Барлық бул қубылыслар прогрессив болғаны менен, олар дийханлардың 
жағдайын жақсылаўға алып келмеди. Себеби азат етилгенде дийханлар 
өзлериниң жерден пайдаланыў дәстүрий ҳуқықынан айырылатуғын еди. XIII 
әсирдиң ақырына арқа ҳәм орта Италияның көпшилик дийханлары еркин 
болған. Олардың бир топары қалаларға кеткен ҳәм қала усталарының 
жәрдемшилери ҳәм жалланба жумысшылар болған. Екинши топары 
ижарашыларға айланған. Апостол туўысқанларының дин қәделерине қарсы 
қарсы ҳәрекетлери ҳәм Дальчино көтерилиси дийханлардың аўыр жағдайы 
олардың арасында қарсылық ҳәрекетлериниң таралыўына алып келди. Жийи 
олар үстем дин қәделерине қарсы ҳәрекетлер алып барды. XII-XIII әсирлерде 
елде бир неше онлаған үстем дин қәделерине қарсы секталар болған. Олардың 
арасында улыўма европалық ҳәм итальян секталары болған.
Апостол туўысқанлары 1260-жылы Парм округиниң бурынғы дийханы 
Сиегарелли тәрепинен дүзилген, қадаған етилиўине қарамастан, бул ҳәрекет 
дерлик барлық Италияға таралды. Олар 1300-жылдан кейин айрықша көзге 
тасланды. Бул жылы Сегарелли өлтирилип ҳәм сектаның басшылығына арқа 


136 
Италияның таўлы районлары апостоликлериниң көсеми Дольчино келеди. 
Дальчино папалардың, кардиналлардың, руўханыйлардың ҳәм монахлардың 
өлимин алдын ала болжайды. «Жерде қудай тааланың мың жыллық 
патшалығы» басланыўынының анық мүддетлерин белгилейди. Дальчино 
ўақтындағы апостоликлердиң теориясы төменлердиң ҳәрекети болып 
табылады. 1304-жылдың басында Дальчино өзиниң шәкиртлери менен 
Пьемонта таўының қасларында ҳәм Бедил дәрьясының алабында пайда 
болады. Оның жанлы үгитлерин көплеген адамлар жыйнайтуғын еди. 
Ҳәрекеттиң кең ең жайыўы жергиликли феодалларды шоршытады, ҳәм олар 
бул ҳәрекет пенен гүресиў ушын лига дүзеди. 1305- жылы апостоликлер 
феодаллардың бирлескен әскерлерин қыйратады. Бирақ көп узамай олар 
таўларға 
кетиўге 
мәжбүр 
болады. 
Феодаллар 
менен 
турақлы 
соқлығысыўлардан кейинги ашаршылық ҳәм қыстың қатты суўықлары 
көтерилис жасаған апостоликлерди қыйралыў алдына алып келди. Күнлердиң 
биринде тири қалған апостоликлер Цебелло таўына жетеди ҳәм тез арада 
қорған қурады және қамал басланады. 1306-жылы папа көтерилисшилерге 
қарсы крестли атланыс жәриялайды. 1307-жылдың мартында Рим папасы 
улыўма ҳүжим баслайды. Саўаш үш күн даўам етеди. Жүзлеген 
көтерилисшилер набыт болады, қалғанлары тутқынға алынады ҳәм азапланып 
өлтириледи.
 
XIV әсирдиң екинши ярымы – XV әсирдеги дийханлар ҳәрекетлери. 
Дийханлардың ҳәрекетлери салықларды бийкарлаў ямаса пәсейтиў ҳәм 
езиўдиң аўыр түрлерине қарсы гүрес сыпатына ийе болады. 1382-1387- 
жыллары дийханлар көтерилислериниң ең ирилериниң бири жүз береди. Ол 
елдиң арқа-батыс тәрепин ийелеп алады. Дийханлар ақсүйеклердиң 
сарайларын өртеген ҳ.т.б. Бирақ дийханлар ҳәрекетлериниң арасында байланыс 
болмаған. Калабрияда 1459-жылы дийханлар урысы жүз береди. Оған 20 
мыңдай адамлар қатнасады. 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   44   45   46   47   48   49   50   51   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish