Туребеков М



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet46/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   42   43   44   45   46   47   48   49   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

 
 
§ 6. XI-XV әсирлердеги Италия
 
XI-XV әсирлерде
 
Италия орайласыў жолы менен баратырған Англия ҳәм 
Францияға қарағанда көп санлы сиясий дүзилмелер ели болып қалды. Өзиниң 
экономикалық, сиясий мәдений өзгешеликлери менен ажыралып турған үш 
үлкен аўқамды арқа Италия, Тоскана, Папа ўалаятын, түслик Италия ҳәм 
Сицилияны көрсетиўге болады. 
Қалалар ели
. 300 мың кв м. ден ибарат Италияның кишигирим аймағында 
сол дәўирде 278 қала жайласқан еди. Тийкарынан олар епископлық орайлары 
болған. Соның ушын Италия қалалар ҳәм қалалық мәдений ели болып 
есапланған. XI-XII әсирлери арқа Италия ҳәм Тоскана қалаларында 
өнерментшилик ҳәм саўда тараўлары жақсы раўажланды. Милан, Пьяченце, 
Флоренция, Пизе, Сиемеде жуқа маўыты, Луккада шайы ҳәм Кремонда-зығыр 
ислеп шығарылды. Пиза, Генуя, Венецияда кемелер қурылды ҳәм Миланда 
қурал-жарақлар ислеп шығарылды. Италья қалаларының өнерментлери менен 
саўдагерлери цех корпорацияларына (артель) бирикти. XII әсирдиң ақырына 
Миланда өнерментлер корпорациясының аўқамы ҳәм Флоренцияда– ири цех 
корпорациялары пайда болады. Өнерментшилик ең раўажланыўы товар 
аўмасыўының жанланыўына алып келеди. Мәселен, Миланда жылына төрт 


130 
мәрте ярмаркалар өткериледи. Оларда Итальян ҳәм сырт ел қалаларының 
саўдагерлери қурал-жарақ, маўыты ҳәм шығыс товарларын сатады. Эмилия, 
Тосканы, Ломбардия сондай-ақ немец саўдагерлери Венецияға өзиниң 
товарларын алып келген. 
Тиккелей халық аралық саўда байланыслары раўажланған. Итальян 
қалалары, Алжир, Тунис, Марокко ҳәм Мысыр менен саўда жүргизген. Генуя 
Прованс, Каталония ҳәм арқа Африка, Венеция ҳәм Далмация жерлери менен 
саўда ислерин орнатқан. Крестлилер атланыслар барысында Италияның порт 
орайлары болған Анкона, Пиза, Венеция, Византия, Леванта (жақын шығыс) 
менен тығыз саўда байланысларын орнатқан. Ол жерлерге маўыты, дән ҳәм 
металл буйымларын алып барып турған. Ол жақтан пахта бояўлар алып 
қайтқан. Бул аўмасыў оларға жүдә үлкен дарамат алып келген. Солай етип, 
өнерментшилик ҳәм саўданың раўажланыўы итальян қалаларының 
экономикалық жақтан анағурлым дәрежеде өсирген.
 
Қалалардың феодал сеньорлар менен гүреси. 
Өнерментшилик ҳәм саўданың 
буннан былай да раўажланыўына ески феодаллық тәртиплер тосқынлық 
жасады. Барлық хожалық сиясий мәселелер қаланың руўханыйлар ҳәм феодал 
сеньорлар қолларында болған. Оттон I суд ҳәм салықларын жыйнаў, теңге 
шығарыў ҳәм сыртқы қатнасықлар ҳуқықларын соларға берген. Соның ушын 
қалалардың саўда-өнерментшилик халқы сеньорлар менен ашықтан-ашық 
гүрес жолына шыққан. Оларды сеньорлардың ҳәлсиреўинде ҳәм саўданың 
раўажланыўында мәпли болған майда рыцарлар қоллап қуўатлаған. 1035-жылы 
пополонлар ҳәм басқа халық Миланнан сеньор-архиепископты қуўып шыққан. 
Бир неше жылдан кейин ҳәм жигерли гүрес нәтийжесинде Милан ғәрезсиз 
коммуна болды. XII әсирдиң басына Болонья, Мантуя, Пиза, Кремона, Феррара 
ҳәм басқа қалалар юридикалық жақтан тастыйықланған сиясий еркинлик алды. 
Қалалық коммуналар
.
Итальян жәмийетиниң сиясий ҳәм ҳәкимшилик 
орайы қалалық коммуна болды. Олардағы ҳәкимият коллегиясы қолларына 
өтти. Олар саўдагерлер, вальвассарлар ҳәм капитанлар (ақсүйеклер) тәрепинен 
сайланды. Өнерментлер ҳәм майда саўдагерлер коллегияға жантастырылмады. 
Консуллар коллегиясы атқарыўшы уйым болды ҳәм ал нызам шығарыўшы 


131 
ҳәкимият исенимли шахслар кеңеси қолында болды. Айырым ўақытлары 
парламентте барлық сайлаў ҳуқықына ийе қалалылардың жыйналысы 
шақырылып турды. Ендигиден былай коммунаның барлық дәраматлары 
қаланың ықтыярында болады. Оның хожалық жүргизиў мүмкиншиликлерин 
күшейтти. Коммуналлық ҳәкимияты 
контадо
– аўыл округлерине де таралды. 
Солай етип, коммуна республикалық типтеги қала-мәмлекетке айланады. 
Флоренция, Сиена, Милан, Равенна, Пиза ҳәм басқа усындай қалалық 
республикалар болып табылады. Контадо үстинен қала ҳәкимиятының 
орнатылыўы феодаллардың күшин ҳәм ҳуқықларын ҳәлсиретеди. Олар түрли 
қарсылықлар көрсетеди, қалалылардың саўда кәрўанларына топылыслар 
жасайды ҳәм коммуна қарарларын орынлаўдан бас тартады. XII әсирде 
паполонлар грандлар (феодаллар) менен әскерий гүрес баслайды. Олардың
сарайларын қыйратады ҳәм өртейди, зорлық пенен қалаларға көширеди. 
Грандлар қалаларда сарайлар салады, айырым ўақытлары коммуналар менен 
келисимге келеди. Коммуналар феодаллық иерархияның ески системасын 
ыдыратады. Феодаллық қатнасықларды жоқ ете алмайды. Олар өзлери 
феодаллық сеньорларға айланады. Қалалардың жигерли раўажланыўы товар-
ақша қатнасықларының күшейиўине себепши болды. Бул аграр дүзими 
эволюциясына алып келеди. 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   42   43   44   45   46   47   48   49   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish