Туребеков М


Баронлар олигархиясының орынлаўы



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet43/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   39   40   41   42   43   44   45   46   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

Баронлар олигархиясының орынлаўы. 
Кароль өлгеннен соң жас 
баласы Генрих III (1216-1272-жыллары) елди басқарады. 1258-жылы ол 
баронлардан Италияға топылысты талап етеди. Олар әскерий қурал менен 
келип королдан сиясий реформа өткизилиўин талап етеди. Июньда Оксфордта 
баронлардың олигархиясын мойынлайды. Елдеги басқарыўды 15 баронға 
тапсырып ҳәм олардың рухсатысыз кароль жумыс ислей алмаған.
1263-1267-жыллардағы гражданлық урыс
.
 
Генрих III баронлардың 
шешимин тыңламады. Нәтийжеде гражданлық урыс басланды. Оппозицияның 
басында Монфор турды. Ол баронлардан басқа рыцарларға, еркин дийханларға 
ҳәм қала халқына сүйенди. 1264-жылға урыста кароль армиясы (Льюсе 
жанындағы) жеңиледи. Генрих III ҳәм оның үлкен баласы Эдуард тутқынға 
түседи. Монфор 1265-жылы елдеги ири баронлардан басқа ҳәр графлықтан 2 
рыцар, ири қалалардан еки адамды шақырады. Бул парламенттиң басланыўы 
еди. 1267-жылы Эдуард пленнен қашып урысады ҳәм онда жеңеди.
XIII-XIV әсирлердеги парламент ҳәм сословиялық монархияның 
пайда болыўы. 
Эдуард I (1272-1307-жыллар) түсында парламент қалиплеседи. 
Усы ўақыттан баслап сословиялық монархия басланады. Елдеги еркин 
дийханлар ҳам қаланың жарты халқы қатнаспады. XIV әсирдиң биринши 
ярмында еки палатаға бөлинеди. Жоқарғы палатада лордлар, баронлар ҳәм 
төменги палатада рыцарлар ҳам қаланың ўәкиллери қатнасады. 
Англияның Уэльсти, Шотландияны ҳәм Ирландияны басып 
алыўшылық урыслары
. 1282-1283-жыллары Англия Уэльсти жаўлап алады. 
Оның жерлерин өзиниң баронларына бөлип береди. Шотландияның корольи 
Александр 1286-жылы өлгеннен соң Англия басып алады. Ол жерде дәслеп 
вассол ретинде ҳәм 1295-жылы биротола Англия басқарыўына өтеди. 1306-
жылы улыўма халықлық урыс басланады. Нәтийжеде 1314-жылы шотландлар 
жеңеди. 1328-жылы Англия Шонтландияның ғарезсизлигин мойынлайды. 


118 
Ирландияға англичанлар жаўлап алыўшылық сиясаты даўам етеди ҳәм 
бир мәмлекет болып бирлесиўине тосқынлық жасайды.
Аўыллардағы экономикалық ҳәм социаллық өзгерислер
. XIV әсирдиң 
екинши шерегинде аўылларда дийханлардың жеке еркинлик процесси даўам 
етти. XIV әсирдиң ортасына келип дийханлардың класслық гүрестиң 
экономикалық жақтан керекли қысымы нәтийжесинде, ири феодаллар 
барщинадан бас тартты. Усыған байланыслы жалланба рабочий кушине усыныс 
күшейеди. Аўылдағы қарама-қарсылықты. 1348 жылғы чума эпидемиясы 
кушейтирип жибереди. Чума эпидемиясы халықты санының шерегин алып 
кетеди. XIV әсирдиң рабочий нызамлары атағына ийе болған бир қанша 
нызамлар шығарылған. Бул нызамлықтың (1349-жыл) бириншисинде жеке 
жерге ийе емес ҳәм күни көриўге имканияты аз болған 12 жастан-60 жасқа 
шекем болған еки жыныстағы ҳәмме адамлар чума эпидемиясынан бурынғы 
төлем менен жалланыўы ҳаққында жазылды. Жалланыўдан бас тартыўға ҳәм 
ўақтынан бурын кетип қалған рабочийлар түрмеге қамалған. Кейин 1351, 1361 
ҳәм 1358 жыллары бир қанша статиялар шығарылған. Бул кейинги статиялары 
алдынғы нызамлықларды тастыйықлаған.
 
Аўылда класслық гүрестиң шийеленисиўи ҳәм қалаларда социаллық қарама-
қарсылықлар. 
Сеньор реакциясы ҳәм рабочий нызамлары Англия 
аўылларында класслық гүрести шийеленистирди. XIV әсирдиң ортасына келип 
англичан дийханлары киши стихиялық ҳәрекетлерден үлкен массалық ҳәм 
шөлкемлескен ҳәрекетлерди ири қалалар масштабында өткерди. XIV әсирдиң 
ортасында феодаллар класынан жарлыларды қорғаған қарақшы Робин Гуд 
ҳаққында халық балладалары пайда болады. Халық массасын жүз жыллық 
урыс бурынғыдан ҳәм жарлыланыўына әкелди. 
Ширкеўди реформаластырыўдағы қозғалыслар. 
XIV әсирдиң ортасына 
келип католик ширкеўинде реформа өткериў ушын ҳәрекетлер ҳәўиж алады. 
Бул ҳәрекетке қатнасқан бир қанша группалардың ширкеў реформасындағы 
өзлериниң қызығыўшылықлары бар еди. Жүз жыллық урыста Францияны 
(1309- жылы) қоллап турған батикан сиясаты ҳәм Англичан короллерин 
ширкеўге болған ҳәрекетлерин активлестирди. Бай ширкеў мәмлекетлик 


119 
салықларды төлемеўи англичан ҳүкиметин ширкеўди папа қол астынан 
шығарыўға умтылды. Тартып алынған ширкеў жерлери есабынан феодаллар 
өзлериниң ийеликлерин кеңейтиўге ҳәм доходларын ҳәрекет етеди. Буны 
рыцарлар ҳәм қала турғынлары қоллады. Әсиресе католик ширкеўине 
қарсылық дийханлар ҳәм қала жарлылары арасында күшли еди. Бундай 70 
жыллық улыўмалық анти ширкеўлик атмосферада Оксфорд университети 
профессоры Джон Виклеф (1320-1384-жыллары) XIV әсирдиң 60-70-жыллары 
шығып сөйледи. Ол папаның Англиядан собор жыйнаўына ҳәм ҳүкимет 
жумысларына араласыўына ҳуқыкы жоқ екенин, ал керисинше ширкеў ҳәм 
оның басшылары пухаралық ислерде ҳүкиметке бойсыныў кереклигин 
дәлийллеп берди. Буннан профессор Англия королиниң ширкеў жерлерин 
конфискациялаўға ҳуқықлы екенлигин көрсетипеди. Ҳүкимет Виклефти ҳәр 
жақлама 
қоллады. 
Виклефтиң 
көз-қараслары 
рыцарлар 
ҳәм 
қала 
турғынларының қызығыўшылықларына туўра келди. Виклефти әўели қоллаған 
ҳүкимет ҳәм кейин көтерилислерден қорқып оннан бас тартты. Ал 1381- 
жыллары Виклифтиң тәлийматы еретиклердики деп жәрияланды. Халық 
арасынан шыққан диншиллерден таланты менен ҳәм көз-қарасының 
күшлилиги менен Джон Болл көзге түсти. Ол ширкеў десятинасын жоқ етиўге 
ҳәм ширкеў жерлерин тартып алыўды талап етти. 
 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   39   40   41   42   43   44   45   46   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish