Туребеков М



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet38/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   34   35   36   37   38   39   40   41   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

Екинши атанақлылар атланысы. 
XI әсирге келип мусылман кинязликлери 
аўқамласа баслады ҳәм сонлықтан атанақлылар өз жерлеринен айырыла 
баслайды. 1114--жылы Масул басқарыўшысы Эдессаны басып алады. Буған
жуўап ретинде екинши атланыс басланған. 1147-1149 жыллары атланыстың 
баслы руўхлантырыўшысы болып католик аббаты Бернар Клервоский шығып 


106 
сөйлейди. Француз (Людовик VII) ҳәм немец (Конрад III) короллериниң 
атланыслары сәтсиз тамамланады.
Үшинши атанақлылар атланысы.
XII әсир екинши ярымында Мысыр, 
Сирияның бир бөлими ҳәм Месопотамия бирлеседи. Бирлескен мәмлекеттиң 
басында султан Салаҳатдин турады. Ол 1187-жылы Иерусалимди ийелейди. 
Бул ҳәрекет III атланысқа себепши болады. Оған (1189-1192 жыллары) 
Германия (Фридрих I Барбаросса), Франция (Филипп II Август) ҳәм Англия 
(Ричард I Арыслан жүрек) короллери басқарып турған. Французлардың 
атланыста өз-ара келиспеўшилиги даўам еткен. Атанақлылар Палестинаға 
келип Акраны қайта басып алыўға урынады . Бирақ әмелге аспады. Тек олар 
Салахаттийннен бурынғы ийелеген Яффаға шекемги жағалық жерлерди сақлап 
қалыўға келисти Египеттиң қол астында қалғанларға үш жылға шекем 
Иерусалимге ийелеўге барыўға ҳәм саўдагерлергеде усы мүддетке шекем саўда 
ислеўге рухсат береди. Енди Иерусалим королигиниң пайтахты Акра болады. 
Төртинши атанақлылар атланысы
(1202-1204-жыллары). Атланыс папа 
Иннокентий III (1198-1216-жыллары) шақырығы бойынша басланады. 
Дәслепки рет атланыс Египетке қарсы басланыўы керек еди. Бирақ ол атланыс 
Константиннопльди басып алып ҳәм Византияны қулатыў менен 
жуўмақланады. 
Атанақлылар әскерий флотының болмағанлығынан Венециядан жәрдем 
сорайды. Венеция болса олардан хызмети ушын 85000 гумис франк сорайды. 
Олар бул баҳаға келиседи. Бирақ олар бул пулды бериўге шамасы келмейтуғын 
еди. Сонлықтан Венеция олардан төлей алмаған муғдарының есабынан 
Дальмацияның Задар қаласын басып алыўын талап етеди. Себеби ол қала 
Венеция саўдагерлериниң таласласы еди. Нәтийжеде олар 1202 -жылы Задарды 
басып алып 1203-жылы жазда Константинопльди камал етеди. Қаланы ийелеў 
менен атанақлылар Византияның ярымын ийелеп тийкарынан өзлериниң 
Латын империясы дүзип, (1204-1261-жыллары) Балкан ярым атаўын толық 
ийелейди. Басқаларға қарағанда Венеция көплеген жерлерди жаўлап алады 
(Константинопльдиң бир бөлимин Адрианоплди, Мрамор теңизи жағасындағы 
қолтықлар Эгей теңизиниң бир қатар атаўларын, Крит атаўын ҳәм 


107 
Пелопонестиң қубла – батысын). Латын империясы көп жасайды ҳәм 1261-
жылы Никей императоры Михаил Палеолог Генуялылардың жәрдеминде 
Константинопльди ийелейди ҳәм Визатия империясын қайта тиклейди. 
Соңғы атанақлылар атланыслары.
XIII әсирде бир неше атланыслар 
болдады. Бирақта олар Шығыстаны сиясий-админстративлик жағдайларды 
өзгерте алмайды. Бесинши атланыс ўақытында (1217-1221-жыллары) немец, 
англичан, голланд ҳәм венгр атанақлылары Египеттеги Дамиет қорғанын 
ийелейди. Атланыслардың ишки келиспеўшиликлери олардың ҳәм жақсы 
басқарыўдың болмағанлығынан олардың атланыслары сәтсиз тамамланып 
изине қайтып кетиўине мәжбүр болады. VI –атланыста (1228-1229-жыллары) 
император Фридрих II (немец) басқарып оның ләшкерлериниң қурамында 
немец, англичан, француз ҳәм италиян рыцарлары бар еди. Олар Сирияға 
атланыс жасап онда Египет пенен Дамасктиң ортасындағы урыстан 
пайдаланады. Султан менен келисим дүзип Иерусалимди ҳәм Палестинаның 
бир қатар қалаларын ийелеў белгиленеди. Бул ушын атанақлылар Султанның 
шығысқа атланысларына жәрдем бериўи белгиленди. Бирақта мусылманлар 
жәрдем бериўге шәрт болды. Бирақта мусылманлар 1244-жылы қайталан 
Иерусалимди басып алады. 
Папа Иннокентий IV 7-атланысты (1248-1254-жыллар) шөлкемлестирип 
Египетке бағындырған еди. Атланысқа қатнасыўшылар король Людовик IX 
басшылық еткен Француз рыцарлары болды. Олар Арқа Африкадағы қолайлы 
орынды тәмийнлемекши болды, бирақ атланыс сәтсиз тамамланды. 1270-жылы 
Людовик VIII атланыста флот пенен Туниске барады. Атланысшылар жағаға 
түсиўи менен олардың арасында жуқпалы кеселлик таралады ҳәм буннан 
корольдиң өзи де өледи. Бул сәтсизликлерден кейин папаның жаңа 
атланысларға шақырығы ҳеш бир мәмлекеттиң феодаллары қулақ аспайды. 
Атанықлылардың жерлери биринен соң екиншиси мусылманлардың қолына 
өте баслайды. 1268-жылы Египет Антиохияны, 1289-жылы Триполияны 1291-
жылы Акраны басып алады. Иерсуалим короллиги тарқап кетеди. Атанақлылар 
тек Родос атаўында үстемлик етип ол жерде XIV әсир басында ол жерде 


108 
госпитальерлер ордени бекитти. Кипр атаўына болса Иерусалим короллиги 
өтеди. ҳәм олар XV әсирдиң Венецияға қосылғанша үстемлик етеди. 
Атланыстың жеңилиў себеплери

Баслы себеп батыс Европадағы сиясий 
социаллық ҳәм экономикалық өзгерислер есапланады. Буларға қосымша 
феодаллардың өз-ара тез болып туратуғын ала аўызлығы, майда рыцарлардың 
плансыз атланыслары ҳәм өзлерине аңсат жол менен байлық алыўға умтылыўы 
болып есапланады. Саўдагерлер болса «атанақлылардың жәрдемисиз ақ» 
шығыстағы мусылман еллери менен келисим дүзиўди мақул деп есаплады. 
Жуўмақлап айтқанда атанақлылар атланыслары өз мақсетине толық жетпеди. 
Бирақ тек шығыс еллерине ғана емес өз атланысларының ағзаларынада ҳәм 
Европа еллеринде үлкен зыян келтирди. Жоқарыда көрсетилген унамсыз 
зыянлары менен қатар белгили дәрежеде батыс Европаның раўажланыўына 
унамлы тәсир еткен жақлары да бар. Византия менен араблардың Жер орта 
теңизинен шығыстағы саўдада роли ҳәлсиреп кетеди. Ол жерде Европа 
еллериниң саўдагерлериниң роли күшейеди. Әсиресе Венецияның ҳәм 
Генуяның байланыслары Европа еллерине мусылман шығыс еллериниң 
мәдениятының техникасының тәсири күшли болыўына себеп болады. 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   34   35   36   37   38   39   40   41   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish