Туребеков М


IV- бап. Раўажланған Орта әсирлерде



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet34/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   30   31   32   33   34   35   36   37   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

IV- бап. Раўажланған Орта әсирлерде
 (ХV әсирлер)
 
 


96 
§ 1. Еллердиң экономикалық 
раўажланыўы, қалалардың пайда болыўы ҳәм гүллениўи
Натураллық хожалықтың устемлиги хам ерте орта әсирлер даўиринде аўыл 
мийнетиниң өнерментшилик пенен биригиўи сезиледи. Историографияда 
қалалардың пайда болыў машқалалары көринеди. Бул маселе бойынша ең 
ахмийетли теориялар хам оны шынға алыў қәлиплеседи. Историографияда 
машқаланың қойылыўы ҳәм шешилиўи белгили. Өнерментшилик тиң аўыл 
хожалығынан бөлиниўиниң дәслепки шәрти сыпатында феодаллық жәмийетте 
өндирислик күшлериниң өсиўи. Өнерментшилик ҳәм саўданың орайы ретинде 
орта әсирлер қалаларының пайда болыуы. Ҳәр қыйлы еллерде бул процесстиң 
өзгешеликлери сезиледи. Батыс Европа қалалары, олардың халқы ҳәм сыртқы 
көриниси. Қалалардың сенъорлары менен гүреси, оның социаллық тийкарлары 
ҳәм нәтийжелери. Қалалық өнерментшилик , бир-қанша раўажланған. Қалалық 
өнерментшилик , оның сыпаты ҳәм феодаллық шөлкем (цехлар) пайда болды. 
Қала турмысында цехлардың әҳмийети ҳәм роли үлкен. Цех өнерментлериниң 
қалалық патрициаты менен гүреси болған. Цехлардың қатламларға бөлиниўи 
ҳәм оның ыдырай баслаўы сезилерли. Усталардың, оның жәрдемшилери менен 
шәкиртлери жағдайындағы өзгерислер. Қалалық өнерментшилик өндирисинде 
капиталистлик езиудиң ауел басы қалиплеседи. Цехлар ишиндеги социаллык 
гурес болған. Батыс Европада саўда хам кредит исинин рауажланыуы сезиледи.
 
Өндирислик күшлердиң өсиўи өнерментшилик аўыл хожалығынан 
бөлиниўи.
Өндирислик күшлер өнерментшилик тараўында анағурлым тез пәт 
пенен раўажланды. Техника ҳәм өнерментшилик мийнеттиң усыллары әсте-
ақырын өзгерди. Өнерментшиликтиң айырым түрлери металлды еритиў ҳәм 
қайта ислеў, товар ислеп шыгарыў, тери ийлеў, кағаз ҳәм қурылыс ислери 
бираз жетилисти. Металл, дуз қазып алыў, ағаш таярлаў ҳәм балық аўлаў 
тараўлары раўажланды. Өнерментшиликти өз бетинше өндирис тараўына 
айландырыў 
пайыты 
келди. 
Аўыл 
хожалығының 
раўажланыўыны 
өнерментшиликти бөлек тараўға ажыратыў себепшиси болды. Дән ҳәм 


97 
техникалық егинлер көлеми кеңейди, мал шарўашылығы, бағшылық 
раўажланды. Усы өзгерислердиң нәтийжесинде аўыл хожалығында зүрәәтлик 
артты, дийхан қолында артық өнимлер қалды. Өнимлердиң бир бөлегин 
өнерментшилик буйымларына алмастырыў мүмкиншилиги пайда болды. 
Дийхан бул буйымларды өз хожалығында ислеп шығарыўдан қутылды. X-XI 
әсирлердиң аралығында феодалластырыў процесси жуўмакланды ҳәм орта 
әсирлер қалаларын қәлиплестириў мүмкиншилиги пайда болды. Биринши 
қалалар халқының тийкарын қашақ дийханлар қурады. 
Қалалардың аўыллардан бөлинип шығыўы. 
Солай етип, X-XI әсирлери 
Европа өнерментшилик ти аўыл хожалығынан ажыратыў ушын барлық 
зәрүрли шараятлар пайда болды. Аўыл хожалығынан бөлинип шығыў 
барысында қол мийнетине тийкарланған киши санаат өндириси болған 
өнерментшилик өзинин раўажланыўында бир қатар басқышлардан өтти. 
Дәслеп өнерментшилик көпшилик жағдайда қарыйдардың буйыртпасы 
бойынша өндирис түринде болды, натураллық хожалықтың ажыралмас бөлеги 
сыпатында аўылда кейин ала қалаларда пайда болды. Товар өндириси 
басланғыш санаатқа ийе еди ҳәм себеби мийнет өними еле базарға түскен жоқ. 
Өнерментшилик раўажланыўынан екинши басқышы тийкарынан өнерменттиң 
белгили буйыртпашыға жумыс ислеўи менен емес, ал өнимин базарға 
шығарыўы менен сыпатланады. Өнермент товар ислеп шығарыўшыға 
айланады. Аўыл хожалығынан бөлинип шыққан өнерментшилик усылайынша 
пайда болады. Бул товар өндириси ҳәм товар қатнасықларының қала ҳәм аўыл 
арасында алмасыўдың пайда болыўын аңлатады. Өнерментлердин базар 
орайларына ҳәм қалаларға көшиўи аўыл турғынларының сол жерлерге улыўма 
жылжыўының бир көриниси еди. 
X-XIII әсирлери (Италияда IX әсирден баслап) Батыс Европаның барлық 
жерлеринде халкының қурамы бойынша, тийкарғы кәсиби ҳәм социаллық 
дүзилиси бойынша жаңа феодаллық типтеги қалалар тез пәт пенен 
раўажланды.
 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   30   31   32   33   34   35   36   37   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish