Туребеков М



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet32/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   28   29   30   31   32   33   34   35   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

 
 
 
 
 


93 
§ 5. Ерте орта әсирлердеги Япония 
 
Ерте феодаллық мәмлекеттиң дүзилиўи. Әйемги ўақытлардан баслап 
Япония атаўларында кумасо ҳәм абисиу қәўимлери жасайды. Соң манъжур-
тунгус, Индонезия, Корея, Индокитай жағаларынан ҳәм Тыныш океан 
атаўларының қәўимлери көшип келген. Халқының көпшилиги ата-
бабаларының әрўағына ҳәм тәбият күшлерине сыйынған (синтозим) ҳәм ҳәр 
бир қәўимниң өз қудайы болған. 
III-VII әсирлерде әййемги общиналық дүзим ыдырап ерте класслық 
жәмийет қәлиплесе баслаған. Урыў ҳәм қәўимлер ортасында басшылық ушын 
гүрес барады. Ең күшли урыўдың соң, ең күшли кәўимлер аўқамының 
басшысы сумараги (патша, император) деген атақ алады. Оның қолынан 
жоқары басқарыў менен бирге бир көсем, әскерий басшы, бас қазы ҳәм 
қәўимниң диний басшысы есапланған. III-VIIәсирлерде аўыл хожалығы 
раўажланады ҳәм әсиресе салы егиў кең тарқалған. V әсирде дәслепки кеме 
тарқатыў порты Канива (ҳәзирги Осака) қурылады. Урыў-қәўим 
аристократиясы күшли орайлық басқарыўдың болғанлығынан дерек береди. 
Себеби олардың қараўындағы адамлардың көтерилислерин бастырыўда 
пайдаланбақшы болады. Урыўлардың ортасындағы басшылық ушын өз-ара 
гүресте VI әсир ақырында будда динин қоллаўшы согв руўы басшылықты 
қолға киргизеди. Оның басқарыўшысы Сетоку-тайси "12 ранглар табели" ҳәм 
"17 статьялық деген мәмлекет ҳәм монархтан шекленбеген басқарыўы 
ҳаққында ҳүжжет шығарады. 
"Тайка аўдарыспағы".
VII әсир ортасына келгенде сога урыўының 
басқарыўы ҳәлсирейди. 645-жылы аударыспақ нәтийжесинде Сога урыўының 
көпшилиги өлтириледи. Тахта Котоку аты менен Сумераги-Кару қәўимниң 
ўәкили ийелейди. Оның басқарған дәўири "тайка" уллы реформа деген ат пенен 
белгили ҳәм аўдарыспақ тайка аўдарыспағы деп аталынады. 
Елде қул ийелеўшилик белгилери сақланады ерте феодаллық мәмлекет 
қәлиплеседи. Реформалар өткизилип көпшилиги Қытайдан өзлестирилип 


94 
алынады. Император ҳәм оның жанындағы Кеңес (канцлер басқарған) 
мәмлекеттеги ўәлаятларды губернатор басқарған. Мәмлекет провинцияларға 
ҳәм ол уездлерге бөлинген. Жер мәмлекеттиң меншиги болып, ол дийханларға 
ҳ.т.б. бөлистирилген. Ол 6 жылды қайтадан бөлистириледи. Жерден 
пайдаланғаны ушын өнимнен мәмлекетке салық төленеди,сондай ақ тағы да 
қосымша мийнет ҳәм әскерий хызметлер ислеўи белгиленеди. Жердиң бир 
бөлеги хызметкерлерге ҳәм сыйлыққа бериледи. Императордың ҳәм ширкеў 
жерлеринен мәмлекетлик салық алынбады. Бул жағдайларға қарамастан 
феодаллық жер ийелеўшилик күшейди. 
Самурайлықтың дузилиўи
.
Көп меншикке ийе болған феодаллар оларды 
корғаўға киристи. Сонлықтан әскерий дружина дүзди. Ақыбетинде олардан 
кишкене меншик жери бар дворянлар-самурайлар дүзилди. Оларда буддизм 
ҳәм конфуцианист динлериниң этика-мораллик руўхына берилген болып қатаң 
тәрбия үлкенге кишиниң бағыныў тәртибинде тәрбияланады. Самурайлар 
кодексин бузған ағзасы өзиниң қарнын жарып өлиўи и шәрт болған. ХII 
әсирдиң екинши ярымында самурайлар феодаллардың өз-ара ҳәкимият ушын 
урысында үлкен хызмет атқарған ҳәм нәтийжеде мәмлекеттиң басына 
Миномото әўладлары келеди. 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   28   29   30   31   32   33   34   35   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish