“Tálim sistemasında elektron tálim ortalıǵında islewdegi mashqalalar hám sheshimler”



Download 3 Mb.
Pdf ko'rish
bet213/303
Sana14.06.2022
Hajmi3 Mb.
#667762
1   ...   209   210   211   212   213   214   215   216   ...   303
Bog'liq
KONFERENCIYA 18.11.2021 рюда

Paydalanılǵan adebiyatlar 
1.Караманова Г. Тарийх оқытыў методикасы. Н.: Билим, 2007. 
2.Свирина Л.Н. Внедрение новых технологий и образовательных программ в процесс 
подготовки кадров для государственного управления на современном этапе развития 
информационно-оммуникационных технологий.Russian Journal of innovation 
Economics.M.2019 (January-March) 
 
 
 
ОҚЫӮШЫЛАРДЫӉ ӘДЕП ИКРАМЛЫЛЫҚ ҲӘМ ИНТЕЛЕКТУАЛ ЖАҚТАН 
РАӮАЖЛАНЫӮЫНДА КӨРКЕМ ӘДЕБИЯТТЫҢ ОРНЫ 
 
Тлеумуратова Н.М. – Қарақалпақстан Республикасы ХБХҚТҚА аймақлық орайы аға 
оқытыӯшысы

Оқыӯшы-жасларды тарийхый өтмиш пенен таныстырыӯдыӊ әҳмийетли 
дереклериниӊ бири бул көркем әдебият болып табылады. Бул - мектеп оқыӯшыларын 
әдеп-икрамлылық ҳәм эстетикалық жақтан тәрбиялаӯдыӊ еӊ нәтийжели қуралларынан 
бири болып есапланады. Көркем образлар жүдә жарқын, сезимталлы, тереӊ, исенимли 
болады, мине усы нәрселер тарийхый өтмишти сәӯлелендириӯди аӊсатластырады. 
Тарийх сабақларында когнитив бағдары өзине тартып атырған көркем образлар 
жәрдеминде күшейеди, бул болса оқытыӯшыға теманыӊ идеялық мазмунын 
оқыӯшылар санасына түсиникли етип жеткерип бериӯге имкәният жаратады. Соны да 
айтып өтиӯ орынлы, көркем әдебиятлар үйренилип атырған тарийхый материалды 


Qaraqalpaqstan 
Respublikası xalıq bılımlendiriw xızmetkerlerin 
qayta tayarlaw hám olardıń qánigeligin arttırıw aymaqlıq orayı
196 
“Tálim sistemasında elektron tálim ortalıǵında 
islewdegi mashqalalar hám sheshimler”
мектеп оқыӯшылары санасынада және де толығырақ беккемлеӯге жәрдем береди. 
Көркем текстлерден пайдаланғанда оқыӯшыларға да, соныӊ менен бирге өзлериниӊ 
педагогикалық шеберлигин арттырып атырған оқытыӯшыларға да пайдалы болады. 
Көркем әдебиятларды оқыӯға болған қызығыӯшылық, әлбетте тарийхты өз бетинше 
үйрениӯге де қызығыӯшылық оятады.[1;3-6] 
Тарийхый-көркем әдебиятлар тарийхый процесслерди өзлестириӯде әҳмийетли 
фактор болып, тарийхый-көркем әдебиятлардан тарийх сабақларында пайдаланғанда 
оқыӯшылардыӊ психологиялық, жас өзгешеликлерин есапқа алыӯ керек. Көркем 
әдебият образларынан пайдаланыӯ оқытыӯшы баянлаӯыныӊ көргизбелилигин 
тәмийнлейди, оны анықластырады, оқыӯшылар өтмиш ҳаққында жанлы түрде көз 
алдына келтиреди. Көркем әдебияттыӊ роли буныӊ менен тоқтамайды. Белгили 
дәӯирдиӊ жәмийетлик ӯақыяларын реал сәӯлелендириӯши ҳақыйқый көркем образ, 
типик образлар усы социаллық ӯақыяныӊ әҳмийетин сәӯлелендиреди. Оқытыӯшыныӊ 
баян етиӯинде көркем әдебияттан алынған үзиндилер баянныӊ тәсиршеӊ болыӯын да 
тәмийнлейди, үйренилип атырған тарийхый ӯақыяларға деген оқыӯшыларда 
жақсылық, заӯықланыӯ, қапа болыӯ кейпиятларын, жек көриӯ ҳәм ҳайран қалыӯ 
сезимлерин оятады.
Тарийхты оқытыӯда пайдаланылатуғын көркем әдебиятларды: 1-үйренилип 
атырған дәӯирдиӊ әдебий естеликлери ҳәм 2-тарийхый беллетристикалық 
шығармалардан ибарат еки топарға бөлиӯ мүмкин. Әдебий естеликлерге тарийхый 
ӯақыяларды өз заманласлары жазып қалдырған шығармалары киреди. Бул топарға 
кирген шығармалар тарийх пәни ушын өтмиштиӊ өзине тән дереги болып хызмет 
етеди.[2;22-26] 
Көркем әдебият естеликлери жазып алынған аӯызеки дөретиӯшилик 
шығармаларын: әпсаналар, дәстанлар, қосықлар, рәӯиятлар ҳәм басқаларды өз ишине 
алады. Бундай шығармалардыӊ жүдә көпшилигинде реаллық қайта-қайта исленген, 
халық фантазияси менен байытылған ҳәм безетилген болады. Реаллықты объектив 
түрде сәӯлелендирген шығармалар, естеликлер бизге шекем жетип келмеген тәғдирде 
узақ өтмишти, мәселен әййемги Хорезм тарийхын жаратыӯда мине усындай 
шығармалардан да сынлы қарастан өткерип пайдаланылады.
Тарийхты оқытыӯда көркем әдебияттан пайдаланыӯ мектеп оқыӯшыларын әдеп-
икрамлылық ҳәм эстетикалық жақтан тәрбиялаӯдыӊ нәтийжели қуралларынан бири. 
Оны заманагөй мектепте қолланыӯ тийкарғы ҳәм тереӊ дәрежелеринде тарийхты 
үйрениӯдиӊ ажыралмас бөлеги болып табылады. Мәмлекетлик билимлендириӯ 
стандарты мектеп оқыӯшыларына көркем шығармалар ҳәм тарийхый дереклер менен 
ислесиӯди үйретиӯге үлкен итибар береди, бул болса методикалық жақтан еӊ 
әҳмийетлиси болып табылады. Тарийх сабақларында көркем әдебиятлардан 
пайдаланыӯдыӊ тийкарғы мақсети оқыӯшыларда
эмпатияны раӯажландырыӯ, яғный 
басқа адамларға дәртлес болыӯ ҳәм ӯақыя қатнасыӯшыларыныӊ орынына өзин қойып 
көриӯ қәбилетин қәлиплестириӯден ибарат. Сондай-ақ, әҳмийетли мақсети 
оқыӯшыларда сынлы пикирлеӯди раӯажландырыӯ болып табылады.
Көркем әдебиятлардан дерек сыпатында нәтийжели пайдаланыӯ ушын 
оқытыӯшы фрагментти жақсылап таӊлап алыӯы керек:
- ол тарийхты оқытыӯдыӊ мақсет ҳәм ӯазыйпаларына мәс келиӯи; 
- дәӯирдиӊ тийкарғы, еӊ типик фактлери ҳәм ӯақыяларды сәӯлелендириӯи;
- дәстүрий материаллар менен органик түрде байланысқан;
- оқыӯшыларға билимге тийисли сораӯлар ҳәм тапсырмалар берилиӯи ушын 
тарийхый билимлердиӊ актуаллығын тәмийнлеӯге жәрдем бериӯи; 


Qaraqalpaqstan 
Respublikası xalıq bılımlendiriw xızmetkerlerin 
qayta tayarlaw hám olardıń qánigeligin arttırıw aymaqlıq orayı
197 

Download 3 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   209   210   211   212   213   214   215   216   ...   303




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish