§ 6. Жер асты, имаратларындағы (сооружениелериндеги)
жумыслар
297. Қəўипли газлар пайда болыўы мүмкин болған жер асты имаратларын көзден кешириў ҳəм ол
жерлердеги тазалаў, кабеллерди бояў, қурылыс, оңлаў ҳəм басқа соған уқсаған жумыслар
кеминде еки хызметкерден ибарат исшилер менен орынланыўы шəрт. Элек-тростанция ҳəм
жəрдемши станциялардағы жер асты коллектор ҳəм түнеллерде III-то-пар бир персонал
көзден кешириўи мүмкин.
298. Зəҳəрли газлар пайда болыўы мүмкин болған жер асты имаратларындағы жумыслар наряд
пенен кеминде 3 хызметкер, олардан екеўи-қəўипсизликти тəмийинлеўши сыпа-тында ислеўи
керек. Жумыс алып барыўшы IV-топарға ийе болыўы керек.
299. Ҳəр бир цехта (районда, бөлимде) қəўипли газ пайда болыў мүмкин болған жер асты
имаратларының дизими болыўы ҳəм усы дизим менен жер асты имаратларына хызмет
көрсетиўши хызметкерлер таныстырылыўы шəрт.
Қəўипли газ пайда болыўы мүмкин болған барлық жер асты имаратлары сызылмада
белгиленген болыўы зəрүр.
300. Жер асты имаратларында жумысларды баслаўдан алдын ҳəм жумысты алып барыў
ўақ-тында тəбийғый ямаса мəжбурий самаллатыў үскенесиниң ислеўин тəмийинлеў шəрт.
Тəбийғый самаллатыў кеминде еки түсиў люкларын ашып олардың алдына самал бағытын
бағытлаўшы арнаўлы əнжам арқалы əмелге асырыў зəрүр.
Мəжбүрий самаллатыў 10-15 минут даўамында вентилятор еки компрессор арқалы имарат
түбинен 0,25 м бəлентликке түсирилген жуўан шланга жəрдеминде жер асты
имаратларындағы ҳаўа толық алмасқанша əмелге асырылыўы зəрүр.
Самаллатыў ушын қысылған газли балонлардан пайдалаыў қадаған етиледи.
301. Жер асты имаратлары ишиндеги ҳаўаны қəўипли газлар менен патасланғанлық дəреже-син
тексермей турып ол жерде жумыс баслаў қадаған етиледи. Ҳаўадағы қəўипли газды
тексериўди тексериў əсбабын ислетиўди үйренген арнаўлы хызметкер ислеўи зəрүр. Усы
хызметкер дизими кəрхана басшысы тəрепинен тастыйықланады.
Газлардың бар жоқлығын ашық от жағып тексериў қадаған етиледи.
302. Үзликсиз самаллатыў үскенеси менен үскенеленген коллектор ҳəм түнеллерде жумыс-ты
орынлаўдан алдын жергиликли жағдайға қарап усы үскенелер белгили мүддетке ислетилиўи
керек. Бунда қəўипли газ бар жоқлығын тексериўге болмайды.
303. Коллектор ҳəм түнеллер ишинде ислегенде персонал ҳəмме ўақыт ашық туратуғын еки люк
ямаса есик арасында болыўы керек. Ашық люк алдында қоршаўлар орнатылған ямаса
ескертиўши белгилер қойылған болыўы керек.
304. Қудықларды ашқанда ушкын шығармайтуғын əсбаплардан пайдаланыў ҳəм қудық
қақ-пақлары люк шетине урылып кетпеслик илажлары көрилиў зəрүр.
Ашылған қудықлар əтрапына қоршаўлар қойылыўы ямаса ескертиўши белгилер қойы-лыўы
шəрт.
305. III-топар бир хызметкерди страховка арқаны менен қорғаў белбеўин тағып қудық ишине
түсириўге ҳəм ислеўине рухсат бериледи.
Қорғаў белбеўине қосымша желке белбеўин байлап оны арқа белиндеги кесискен жерге
орнатылған металл кольцоға страховка арқанын байлаған болыўы керек.
Арқанның басқа ушы страховка етиўши персоналдың биреўи услап турыўы шəрт.
40
306. Қудықлар ишинде паяль лампаларын жағып пропан-бутан балонларын орнатыў, муфта
ишине қуйылыўы керек болған араласпа ҳəм қатыспаларды еритиў қадаған етиледи. Муфтаға
қуйыў ушын еритилген араласпа ҳəм қатыспа қудыққа металл тросқа карабин жəрдемиминде
арнаўлы қақпақлы ыдысларда түсирилиўи керек.
От пенен исленетуғын жумысларды отқа шыдамлы оттың тарқалыўын шегералаўшы
тосықлар қолланылыўы ҳəм от шығыўына қарсы илажлар көрилиўи шəрт.
307. Кабель жатқызылған коллектор, түнел, кабель ярым этажлары ҳəм басқа ханаларда
пропан-бутаннан пайдаланылатуғын жумысларды орынлаўда ханада ислетилиўши
балонлардың улыўма көлеми 3 литрден аспаслығы керек.
Жумыс тамамланғаннан соң газлы балонлар сыртқы шығарылыўы ҳəм ханалар
самал-латылыўы шəрт.
308. Кабеллердиң бузықлық жерлерин күйдириў ўақтында, ислеўшилердиң қудықларда бо-лыўы
қадаған етиледи.
Коллектор ҳəм түнеллерде болса тек еки ашық турған, сыртқа шығыў қудықлары
орта-сында турыў мүмкин.
Кабелдиң бузықлық жерин күйдириў ўақтында кабеллерде ислеў қадаған етиледи.
Кабелдиң бузықлық жери болынғаннан соң өрт шығыўының алдын алыў мақсетинде
кабеллерди əлбетте көзден кешириў шəрт.
309. Жумысқа рухсат бериўден ҳəм түнеллерди көзден кешириўден алдын оның ишин көзден
өткериў, олардағы өртке қарсы қорғаў үскенелери автоматик ислеў режиминен узақтан
басқарылатуғын режимге өткизилиўи ҳəм басқарыў гилтине «Жалғанбасын! Адамлар ислеп
атыр» плакатын қойыў зəрүр.
310. Қудық, коллектор ҳəм түнеллердиң ҳəмде ашық люклер жанында шегиў қадаған етиле-ди.
311. Қудық, коллектор ҳəм түнеллерде узақ мүддетли жумысларды орынлап атырғанда олар
ишинде ислеўшилердиң болыў ўақтын, жумысты орынлаў шəртлерин, наряд бериўши
хызметкер белгилейди.
312. Қудық, коллектор ҳəм түнеллерде газ пайда болып қалса жумыс дəрҳал тоқтатылыўы ҳəм газ
шығып атырған жерди таўып, ол тамам болғанша ислеўшилерди қəўипли жер-ден
шығарылыўы шəрт.
Жумыс орнында жыйналып қалған газди шығарып жибериў ушын мəжбүрий самал-латыў
үскенесинен пайдаланыў зəрүр.
41
Do'stlaringiz bilan baham: |