Шөлкемлестириў илажлары


XIV-бап. Кабель линиялары



Download 0,95 Mb.
Pdf ko'rish
bet37/75
Sana18.07.2022
Hajmi0,95 Mb.
#821413
1   ...   33   34   35   36   37   38   39   40   ...   75
Bog'liq
2 5402436682131707811

XIV-бап. Кабель линиялары.
§ 1. Жер қазыў жумыслары.
267. Жер асты имаратлары ҳəм жолларда жайласқан кабеллерди оңлаў ямаса кабеллерди 
жатқызыў менен байланыслы жер қазыў жумыслары, усы жер асты имаратлары ҳəм 
жолларын эксплуатация исленетуғын жуўапкер кəрхана ямаса цех баслығының жазба 
рухсаты менен ҳəм жумыс басшысы тайынлағанында алып барылады. Рухсатнамада жер 
асты имаратлары ҳəм жолларының жайласыўы ҳəм қазылған шуқырлығы көрсетил-
ген сызылма қосымшасы болыўы керек.
268. Егер сызылмада белгиленбеген кабель, трубопровод, жер асты имараты ҳəм сондай-ақ 
қурал-жарақлар табылса, оларды қайсы мекемеге тийисли екенлиги анықланғанша ҳəм 
тийисли мекемелерден жумысты даўам еттириўге рухсатнама алмағанша жер қазыў 
жумыслары тоқтатылыўы зəрүр.
269. Кабель трассасынан 5 метргеше жақын жайларда күш пенен уратуғын машина ҳəм 
механизмлерден, кабель линияларын қорғаў майданда болса жер қазыў машиналарынан 
пайдаланыў қадаған етиледи. 
270. Кабель линияларының қорғаў зоналарында жер қазыў машиналарынан пайдаланыў, тек ғана 
қазыў ушын усы линияны эксплуатация ислениўи кəрхана хызметкерлерине рухсат етиледи. 
Қазыў жумысларын жер қазыў машиналары ҳəм пневматик машиналар ҳəмде лом ҳəм 
киркалар жəрдеминде, кабель үстинде оны қорғаў қатламына шекем 0,3 метр қалғанша 
əмелге асырыў мүмкин. Жердиң қалған қатламындағы топырақ бел жəрдеминде алып 
тасланыўы керек.
271. Қыc мəўсиминде жер қазыўға тек, топырақты ысытқаннан кейин кирисиў мүмкин. Бунда 
ыссылық орайы кабелгеше 15 см ге жақынластырыў мүмкин.
272. Ура, котлован ҳəм траншея қазылатуғын жерлер «Қурыс қəўипсизлик техникасы» КМК 
талапларын есапқа алған жағдайда қоршаланған болыўы керек. Қоршалаўда ескертиў-ши 
белги ҳəм жазыўлар, түнде болса ескертиўши жақтыландырыўшы сигналлар болы-ўы керек.
273. Қулаў қəўпи бар болған бос ямаса ығал топырақлы жерлерде траншеялар қазылып атырғанда 
олардың дийўаллары беккемлениўи керек.
Ағып кететуғын топыпақлы жерлердеги жумыслардың дийўаллары беккемленбей, оның 
шетине тəбийғый қыялық мүйешлик сақлаған жағдайда орынланыўы шəрт. 


37
274. Жер асты суўлары жоқ тəбийғый ығаллы топырақлы жерлерде ҳəм жер асты имаратла-ры 
жақын жайласқан жерлерде траншея ҳəм котлованлардың беккемленбеген тик 
дийўалларының шуқырлығы: үйилген, қумлы ҳəм үлкен бөлекли жерлерде 1 метрден; қумлақ 
жерлерде 1,25 метрден; қумшыл ҳəм саз топырақлы жерлерде 1,5 метрден асыр-мастан 
қазыўға рухсат етиледи.
Тығыз жабысқақ топырақлы жерлерде тик дийўаллы траншеяларды роторлы ямаса əпиўайы 
экскаваторларда беккемлеў үскенелерин қоймастан 3 метргеше шуқырлықта қазыўға рухсат 
етиледи. Бундай жағдайда траншеяларға адам түсиўи қадаған етиледи. Адамлардың түсиўи 
зəрүр болған траншея бөлимлери откосланыў ямаса қаптал тəреп-лери тəбийғый қыялық 
жағдайында орынланыўы керек.
Қыс мəўсиминде жердиң музлаған бөлиминде (жердиң қурғақ топырақ бөлиминен басқа) 
жер қазылғанда оны откозсыз орынлаўға рухсат етиледи.
275. Жер қазыў жағдайы 274-бəндте көрсетилгенинен парық болатуғын жағдайларда ура ҳəм 
котлованлар қазыўда тик дийўалларын откос пенен беккемлеп ямаса тəбийғый қыялық 
сақлаған жағдайда баслаў зəрүр.
276. Шуқырлығы 3 метргеше болған ура ҳəм котлованларды қағыйдаға муўапық, типовой проект 
тийкарында беккемлениўи шəрт.

Download 0,95 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   33   34   35   36   37   38   39   40   ...   75




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish