МуғаллиМ ҳәМ үзликсиз билиМлендириў
97
раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы»нда,
сондай-ақ, оның ҳәр қыйлы әнжуманларда шығып сөйлеген сөзлеринде дин саласында
исленген ислер, алда турған ўазыйпалар кең түрде баян етилмекте. Әсиресе, Ислам
бирге ислесиў шөлкеми сыртқы ислер Министрлер Кеңеси 43-сессиясының ашылыў
мәресиминде «Социаллық турақлылықты тәмийинлеў, муқаддес динимиздиң пәклигин
сақлаў – дәўир талабы» темасындағы әнжуманда, БМШның Бас Ассамблеясының
72-сессиясында шығып сөйлеген сөзлеринде оғада терең баян етилген. БМШның
Бас Ассамблеясында сөйлеген сөзинде «Биз пүткил дүнья жәмийетшилигине ислам
дининиң негизги инсаныйлық мәнис-мазмунын жеткериўди ең әҳмийетли ўазыйпа деп
есаплаймыз» - деп айта келип, биз муқаддес динимизди зорлық ҳәм қан төгиў менен
бир қатарға қоятуғынларды қатаң қаралайтуғынлығымызды ҳәм олар менен ҳешқашан
келиспейтуғынлығымызды атап көрсетти.
Усының менен бирге, Президентимиз Шавкат Мирзиёев Имам Бухарий мысалында
журтымыздан шыққан Уллы Улама-илимпазлардың ислам ҳәм дүнья цивилизациясына
қосқан үлесин, Самарқанд қаласында Имам Бухарий атындағы халық аралық илимий
Орайы, Ташкентте Ислам цивилизациясы Орайы шөлкемлестирип атырғанлығын атап
көрсетти. Сондай-ақ, Президентимиз БМШның Бас Ассамблеясының «Мәрипатшылық
ҳәм диний кеңпейиллик» деп аталған резолюциясын қабыл етиўди усыныс етти
ҳәм оның ҳәммесиниң билим алыў хуқықын тәмийинлеўге, саўатсызлықты ҳәм
жаўызлықты шеклеўге көмеклесетуғынлығына исеним билдирди.
Биринши Президентимиз Ислам Каримов баслап берген жаңаланыў ҳәм
раўажланыў жолын, халқымыздың руўхый дуньясын заманға ылайлық кәмилликке
жеткерыў ҳаққындағы көрсетпелерин жәнеде даўам еттириў ҳәм әмелге асырыў
бизиң баслы миннетимиз болып табылады. Усы мақалани Президентимиз Шавкат
Мирзиёевтың мына сөзлери менен жуўмақлаўды мақул көрдик: «Биз бәршемиз, пут-
кил халқымиз ҳақылы турде Биринши Президентимиз ҳурметли Ислам аға менен
мақтанамыз, ол инсан баслаған жумысларды путкиллей жаңа дәрежеде жаңа талаплар
тийкарында даўам еттириўди өзимиз ушын жоқары ўазыйпа ҳәм жуўапкершилик деп
билемиз».
Әдебиятлар:
1.Өзбекистан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Ташкент қаласында Өзбекистан
Республикасының Биринши Президенти Ислам Каримов ҳәйкелиниң ашылыўына бағышланған
салтанатлы мәресиминдеги шығып сөйлеген сөзи. «Еркин Қарақалпақстан» газетасы, 1 сен-
тябрь 2017 жыл.
2. Каримов И.А. Өз келешегимизди өз қолымыз бенен қурып атырмыз. Нөкис,
«Қарақалпақстан», 1999, 16-бет.
РЕзЮМЕ
Maqola O’zbekiston Respublikasi birinchi prezidenti Islom Karimovning O’zbekiston
Respublikasi diniy siyosatining nazariy va amaliy masalalarini ishlab chiqish va amalga oshirishga
qo’shgan hissasini hisobga oladi.
РЕзЮМЕ
В статье рассматриваются вклад первого Президента Республики Узбекистан Ислама Кари-
мова в разработку и осушествления в жизнь проблем теории и практики религиозной политики
Республики Узбекистан.
SUMMARY
The given article deals with the contribution of the first President of the Republic of Uzbekistan
Islam Karimov, in developing and implementing theoretical and practical problems of practicing
religious policy.
Do'stlaringiz bilan baham: |