МуғаллиМ ҳәМ үзликсиз билиМлендириў
96
дин мәмлекеттен ажыратылса да, ол жәмийеттен ажыратылмайды. Усы жағдайдан
келип шыға отырып, мәмлекет Конституциясында ҳәм айрықша нызамларда динниң
әмел қылыў тәртиплери белгилеп қойылады. Оның жәмийетлик, мәнаўий тәрбиялық
роли тән алынады.
Биринши Президентимиз Ислам Каримов дүньялық раўажланыў ҳәм
демократиялық еллер аўқамына кириў жолын таңлаған Өзбекистан Республикасының
дин ҳәм мәмлекет ара қатнасығы мәселесиндеги принциплерин баянлайды:
– «Диндарлардың диний сезимлерин ҳүрмет етиў;
– диний исенимди пуқаралардың ямаса олардың уйымларының иси деп
тән алыў;
– иний көзқарасларға әмел қылыўшы пуқаралардың да, оларға әмел
қылмайтуғын пуқаралардың да ҳуқықларының теңлигине кепиллик
бериў ҳәм де оларды қадаған етиўғе жол қоймаў;
– мәнаўий-руўхый тиклениў, улыўма инсанлық әдеп-икрамлылық
қәдириятларды қәлиплестириў исинде түрли диний уйымлардың
мүмкиншиликлеринен пайдаланыў ушын олар менен пикирлесиўди
жүргизиў жолларын излеў зәрүрлиги;
– динди бузақылық мақсетинде пайдаланыўға жол қойып болмайтуғынын
мойынлаў».1
Ғәрезсизлик жылларында исламның тәрбиялық, мәнаўий-мәрипий роли кескин
арттырылды. Ислам миллий руўхый мәдениятымыздың ажыралмас бөлеги сыпатында
адамларымызды ийманлылыққа, ҳадаллыққа, пәкликке, Ўатанды сүйиўге ҳәм ол ушын
хызмет етиўге тәрбиялаўға хизмет етпекте.
Ислам дини дүньялық ҳәм диний билимлерди өзинде бирлестиретуғын дүньяға
көз-қарас, әдеп-икрамлылық, идеология, мәнаўий-мәрипий, сиясий ҳәм ҳуқықый
тағы басқа улыўма адамзатлық машқалалардың бир пүтин шешимин бериўши
философиялық система сыпатында елимиз турмысында оғада уллы орын ийелеген ҳәм
хәзир де сондай болып қалмақта. Ислам менен бир қатарда елимизде басқа да динлер
емин-еркин ҳәрекет етпекте.
Бизиң журтымызда барлық динге исениўши пуқаралар ушын теңдей жағдай
дүзилген. Барлық диний конфессиялар теңдей ҳуқыққа ийе. Өзбекистанда 2015-жыл
1-октябрьге шекем 16 конфессия ҳәрекет етип, оларда жәми 2238 диний шөлкем есап-
тан өткен, соннан 2039 мешит, 20 орай, 12 тәлим бериўши мәкеме, 3 монастр, сондай-ақ,
164 исламий емес шөлкем рәсмий ис жүргизбекте. 16 конфессияның ишинде ең ири-
лери ислам, православ ҳәм иудаизм. Олардың ыхтиярында мешитлер, медреселер,
синагоглар, ширкеўлер, журнал ҳәм газеталар бар. Телекөрсетиўлер арқалы тәрбиялық
ислер алып барады.
Ислам Каримов тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў ушын мәмлекетимизде
орнаған толерантлық орталықты және де беккемлеў тийкарғы ўазыйпалардан бири
деп есаплады. Биринши Президентимиз динлер арасындағы аўыз биршиликке баҳа
берип, былай деген еди: «Мусылманлар ҳәм христианлардың Өзбекистан жеринде бир-
ликте пикирлес болып жасаўы диний-руўхый татыўлықтың әжайып белгиси ҳәм дин
ўәкиллерине қатнаста кеңпейилликтиң ең жақсы үлгиси деп есаплаўға арзыйды».1
Биринши Президентимиз тәрепинен дин саласындағы ислеп шығылған жол-
жобалар, принцип ҳәм көрсетпелер бүгинги күнде Президентимиз Шавкат Мирзиёев
басшылығында және де раўажландырылмақта. Оның пәрманы менен белгиленген
ҳәм әмелге асырылып атырған «2017-2021-жылларда ϴзбекистан Республикасын
Do'stlaringiz bilan baham: |