Редактор: А. Тилегенов Редколлегия ағзалары


МуғаллиМ ҳәМ үзликсиз билиМлендириў



Download 3,32 Mb.
Pdf ko'rish
bet92/152
Sana02.07.2022
Hajmi3,32 Mb.
#729584
1   ...   88   89   90   91   92   93   94   95   ...   152
Bog'liq
3-2017

МуғаллиМ ҳәМ үзликсиз билиМлендириў
92
раўажланыў кепилликлери», «Алла қәлбимизде, жүрегимизде», «Жоқары мәнаўият – 
жеңилмес күш» ҳәм басқа да мийнетлерин атап көрсетиў мүмкин.
Бурынғы советлик аўқам дәўиринде динди, соның ишинде, исламды бийкарлаўға 
ҳәрекет етилди, аяқ астына бастырылды. Көп миллионлы Өзбекистан аймағында 
барлығы болып тек ғана 30 мешит, 2 медресе ҳәрекет етип, оларда 180 адам диний 
билим алатуғын, ал Меккеге Ҳажыға ҳәр жылы 10 ға шамалас ғана адам баратуғын 
еди. Диний байрамлар Ораза ҳәм Қурбан ҳайитларын өткериў пүткиллей қадаған 
етилди. Ҳәтте, халық байрамы болған Наўрызды да динге байланыслы деп, еркин түрде 
өткериўге рухсат етилмеди.
Ғәрезсизлик жылларында Ислам Каримов басшылығында халқымыздың руўхый 
қәдириятлары қайта тикленди. Халқымыздың өзлигин аңлаўы ҳәм миллий мақтаныш 
сезимлериниң қәлиплесиў процесси әмелге асты. Ғәрезсизлик ата-бабаларымыз сый-
ынып келген ислам динине илимий баҳа бериўге, оның жәмийетте тутқан орнын 
дурыс түсиниўге, исламий қәдириятлардың елимизде жетик инсанларды тәрбиялаўға 
жедел қатнасыўына жол ашты. Бул туўралы Биринши Президентимиз Ислам Каримов 
былай деп жазған еди: “Биз ата-бабаларымыздың муқаддес дини болған ислам динин 
қәдирлеймиз, ҳүрмет етемиз, адамзат руўхый дүньясында ийман-исенимди, инсаный 
пазыйлетлерди беккемлеўде оның орны ҳәм тәсирин жоқары баҳалаймыз”.
Биринши журтбасшымыздың тиккелей басламасы менен ҳалқымыз мың жыллар 
даўамында дөреткен руўхый қәдириятларына болған қатнаслар пүткиллей өзгерди, 
оларға объектив, адамгершиликли қатнас орнай баслады. Улыўма адамзатлық 
руўхый қәдириятлар шешиўши күшке ийе екенлиги тән алынды. Усы тийкарда динге 
улыўма адамзат руўхый мәдениятының ажыралмас бөлеги сыпатында баҳа берилди. 
Жәмийеттиң ағзаларының барлық қатламларында динге, оның проблемаларына, 
жәмийетлик турмыста тутқан орны ҳәм ролине итибар инсаный негизге қойылды. 
Ҳәзирги дәўирде ҳәр бир инсан өз исенимин өзи белгилеўге, диний исенимин әмелге 
асырыўға, диний мәресимлерди орынлаўға ҳуқықы бар. Биринши Президентимиз 
айтқанындай, адам өзиниң рассасын, миллетин, ата-анасын таңлап алмайды, бирақ 
“дүньяға көзқарасын, әдеп-икрамлылығын, руўхыятын өзи, ҳеш кимниң мәжбүрлеўисиз 
ҳәм, әсиресе, зорлық зомбылықсыз таңлап алыўы мүмкин ҳәм лазым. Өйткени оның 
қәлеўи ҳүрметлениўи шәрт”.
Ислам Каримов ғәрезсизликтиң дәслепки қәдемлеринде-ақ динниң жәмийеттиң 
руўхый әлеминдеги тутқан орны ақылға муўапық түрде белгилеп алыўға дыққат қаратты. 
Әсиресе, динниң ҳүжданлылық ҳәм ийманлылық сезими болып табылатуғынлығын 
дурыс түсиндик. Ислам ата-бабаларымыздың дини, мусылманлардың сана-сезими ҳәм 
турмысының түп мәниси, олардың өмириниң өзеги екенлигин көрсетип, Ислам Кари-
мов былай деген еди: “Ислам дини – бул ата-бабаларымыздың дини екенлигин, ол бизиң 
ушын исеним де, әдеп-икрамлық та, ҳүждан да, мәрипет те екенлигин умытпаўымыз 
керек. Бизиң адамларымыз бул мәрипатлылықты шын кеўилден қабыл етеди ҳәм 
оның жақсы ўәсиятларын тутады. Олар ҳақ нийетли, мийрим-шәпәәтли, ҳүжданлы 
ҳәм әдалатлы болыўға умтылады”.3 Биринши Президентимиз Ислам Каримов “Алла 
қәлбимизде, жүрегимизде” атлы мийнетинде исламға баҳа берип, мына пикирлерди тағы 
қайталап айтады: “Дин бизиң қан қанымызға, санамызға соншелли терең сиңип кеткен, 
оны ҳеш қандай күш, үгит пенен шығарып болмайды. Халқымыздың мың жыллық 
тарийхын бүгинги руўхый турмысын, диниў-диянатымызды жәмлеп айтпақшы болсақ, 
Алла бизиң қәлбимизде, жүрегимизде… Алҳамдуллаҳ, бир мусылман перзенти сыпа-
тында халқымызға тән болған исламий түсиниклер ҳәм сезимлер мениң де қәлбимде, 
жүрегимде жасайды ҳәм мен ол дүнья, бул дүнья өз исенимимнен қайтпайман”.



Download 3,32 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   88   89   90   91   92   93   94   95   ...   152




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish