МуғаллиМ ҳәМ үзликсиз билиМлендириў
94
қалалардың ҳәм ойшыллардың юбилейлерин өткериў процесинде олардың естели-
клери, архитектуралық комплекслери қайтадан қурылып кең жәмийетшиликтиң, шет
елли мийманлардың зыяратлайтуғын руўхый-тәрбия орынларына айландырылды. Атап
айтқанда, Бухарада Абдулхалық Ғиждуўаний ҳәм Баҳаўаддин Нақшбанд, Самарқандта
Имам Бухарий ҳәм Имам Матуридий, Марғуланда Бурханиддин Марғинаний, Таш-
кент қаласында Ҳәзирети Имам естелик комплекси, Кукалдаш, Абдулқасым, Ҳәзирети
Имам, Барақхан медреселери, Хожа Ахрар ўалий, Шайх зайниддин мешитлери
дәслепки ҳалына келтирилип, пуқаралар мәнаўиятын қәлиплестириў ошақларына
айландырылды.
Республика ҳүкиметиниң жәрдеми менен Мысыр, Туркия, Малайзия ҳ.т.б. көплеген
араб еллерине жаслар билим алыўға ҳәм руўханыйлар қәнигелигин жетилистириўге
бармақта. 1999-жылы Ташкент қаласында Биринши Президентимиз Ислам Каримов
пәрманы менен талабанларға дүньялық ҳәм диний билим бериўши Ташкент ислам
университети ашылды. Ислам Каримов Ислам университетин ашыў мәресиминде
сөйлеген сөзинде бул оқыў журты муқаддес Ислам динине тийисли болған бай руўхый-
мәдений мийрасымызды асрап-абайлап сақлаўға, бул салада илимий-теориялық
изертлеўлер алып барыў кереклигин атап көрсетти. Жетинши әсирде Халифа Осман
тәрепинен дүзилген ҳәм ЮНЕСКО тәрепинен жәҳән мәденияты естеликлери дизи-
мине киритилген Осман Қуранын қәстерлеп сақлаў ҳәм келеси әўладқа жеткериў
илажлары әмелге асырылды. Президент Шавкат Мирзиёев усынысы ҳәм Ислам бирге
ислесиў шөлкеми қәўендерлигинде 2016-жылы Самарқандтағы Имам Бухарий естелик
комплекси жанында диний-руўхый мийрасты үйрениўге қәнигелескен халықаралық
илимий-изертлеў Орайы шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, Президентимиз қарары менен
2017-жылы Имам Термизий халықаралық илимий-изертлеў орайы дүзилди.
Қураны Кәрим ҳәм Ҳәдислер өзбек тилине аўдарылып, көп нусқада басып
шығарылды. Имам Бухарийдиң 4 томлық «Ал-Жомеъ ас-сахийх» атлы китабы,
Ат-Термизийдиң «Сунани Термизий» атлы ҳәдислер топламы, Хожа Ахмед Яссаўийдиң
«Ҳикметлери», Марғинанийдиң «Хидая»сы, Ҳәким-ата Сулайман Бақырғанийдиң
«Бақырған китабы» ҳәм басқа да көплеген шығармалар басып шығарылды.
2001-жылы Рус Православ ширкеўи Ташкент ҳәм Орта Азия епархиясының 130
жыллығы, 2002-жылы Рим-католик ширкеўи – католиктиң Орайлық Азияда қайта
тиклениўиниң 100 жыллығы белгиленди.
Ислам дүньясындағы абыройлы шөлкемлерден болған «АЙСЕСКО» тәрепинен
2007-жыл «Ташкент – ислам мәдениятының пайтахты» деп жәрияланды.
Биринши Президентимиз Ислам Каримов «Түркистан-пресс» мәмлекетлик емес
мәлимлеме агентлигиниң хабаршысына берген интервьюинде, бул бәринен бурын
бабаларымыздың теберик исимлерине ҳәм қалдырған мийрасына, халқымыздың ислам
мәдениятын раўажландырыўға қосқан үлесине берилген баҳа, деп атап көрсетти. Таш-
кент қаласына берилген бул жоқары баҳа Өзбекистан Республикасы Биринши Пре-
зиденти ҳәм ҳүкиметиниң елимизде ислам мәнаўиятын және мәдениятын қорғаў ҳәм
раўажландырыў, исламлық мәнаўиятты ҳәр қыйлы экстремистлик көзқараслардан
қорғаў сиясатының ислам әлеминде ғана емес, ал пүткил дүньяда тән алыныўы болып
есапланады.
Усы жыллары уллы ата-бабаларымыздың юбилейлик сәнелерин өткериў бой-
ынша жәмийетлик-сиясий, мәрипий тәжирийбе топланды, олар ҳәтте шет еллерде де
тән алынды ҳәм пайдаланыла баслады. Олардың мийрасы туўралы илимий-изертлеў
жумыслары жүргизилди, түрли бағдарда китап ҳәм мақалалар басып шығарылды,
фильм ҳәм спектакллер көрсетилди. Әййемги ата-бабаларымыздың әдиўли идея-
Do'stlaringiz bilan baham: |