МуғаллиМ ҳәМ үзликсиз билиМлендириў
102
үрип-әдет, дәстурлердеги ең алдыңғы қадриятларын сиңдириў арқалы миллий сана,
дунья қарас, руўхыйлығын қәлиплестириў, өзлигин аңлатыў, миллий мақтаныш
сезимлерин беккемлеў, миллеттиң келешеги ушын жуўапкершиликти қәлби ҳәм
санасына сиңдириў, миллий бай мийрасымыз тийкарында руўхый дуньясын байытыў
бойынша алып барылатуғын әмелий хызмет жөнелиси болып табылады.
Миллий тәрбия шаңарақтан басланады, мәҳәлле ҳәм билимлендириў система-
сында даўам еттириледи. Себеби, шахс руўхыйлығы, оның дуньяқарасы, инсанның
ақыл ойына байланыслы дәслепки көнликпелер тийкарынан шаңарақта қәлиплеседи.
Сол мәнисте шаңарақ –ҳақыйқый мәнәўият ошағы, идеологиялық тәрбия факторы
саналады. Миллий идеологиямызға тән дәслепки түсиниклер шаңарақта сиңдириледи.
Бул процесс бабалар үгит-нәсияты, ата ибраты, ана мехри арқалы әмелге асады.
Шаңарақта әсирлер даўамында сақланып киятырған муқаддес дәстурлери арқалы
жасларда Ўатанға муҳаббат, ийман, исеним, жуўапкершилик, инсанпәрўарлық,
илимге қызығыўшылық ҳәм мәденият көнликпелери қәлиплеседи.
Әдебиятлар:
1.Каримов И.А. Ўзбекистоннинг сиёсий-ижтимоий ва иқтисодий истиқболининг асосий
тамойиллари.
2.Фалсафа қомусий луғат.-Т.: Шарқ, 2004, 250 б.
РЕзЮМЕ
Мақолада маънавий хавф-хатарнинг олдини олишда мафкуравий тарбиянинг аҳамияти
ҳақида сўз боради.
РЕзЮМЕ
В статье рассматривается роль идеологического образования в предотвращении духовных
опасностей.
SUMMARY
The article examines the role of ideological education in the prevention of spiritual dangers.
Ганиев Т.
ҚРХБХҚТҚАИ аға оқытыўшысы
әМиР ТЕМуРдың ХАлыҚШыл СияСАТы
Таянч сўзлар:
Темур тузуклари, «Күш әдалаттадур», инсанпарўарлық, райят,
халықшыл сиясат.
Ключевые слова:
уложение Темура, “Сила в справедливости”, гуманизм,
народ, народность.
Key words:
The book “Temur tuzuklari”, « Force in validity «, humanism, people,
politics for people.
Өз тарийхын билмейтуғын, кешеги күнин умытқан миллеттиң келешеги
жоқ. Бул ҳақыйқат адамзат тарийхында көп мәртебе өз тастыйықлаўын тапқан.
Ғәрезсизлигимиз шарапаты менен тарийхый әдалат қайта тикленди ҳәм тарийхымыз
тереңнен үйренилмекте. Муқаддес журтымыз аймағында жасап өткен көплеген уллы
тарийхый тулғалар қатары Әмир Темур бабамыздың аты, қәдир-қымбаты, мийрасы
халқымызға қайтарылып, бул уллы инсан ҳаққындағы ҳақыйқат қайта тикленбекте,
изертлеўлер алып барылмақта, китаплар жаратылмақта.
Әмир Темурды аңлаў-өзлигимизди аңлаў демекдур. Әмир Темурдың мәмлекет
Do'stlaringiz bilan baham: |