«АВЕСТО» - ЖәҳәН МәдЕНияТыНың РуўХый дүРдАНАСы
Таянч сўзлар:
Хорезм, Авесто, Спитама заратуштра, Ийма, Фаридун, зуқах,
Гершасп, Семурқ қуш, Ахура-Мазда.
Ключевые слова:
Хорезм, Авеста, Спитама заратуштра, Ийма, Фаридун, зуках,
Гершасп, птица Семург, Ахура-Мазда.
Key words:
Xorezm, Avesta, Spitama, Zaratushtra, Iyma, Farudin, Zukah, Gershasp,
bird Semurg, Ahura-Mazda.
И.А.Каримов өзиниң «Тарийхый еслеўсиз келешек жоқ» атлы мийнетинде былай
жазады: «Хорезм мәмлекети тарийхын биз 2700 жыллық тарийх деп билемиз. Ең
теберик, ески қол жазбамыз «Авесто» ның жаратылғанына 3000 жыл болып атыр,
бул бийбаҳа китап буннан XXX әсир бурын еки дәрья аралығында, мине усы заминде
өмир сүрген ҳәм әўладларымыздың бизлердей әўладларына қалдырған руўхый
тарийхый мирасы. «Авесто» сол ўақытта усы теберик үлкеде уллы мәмлекет, уллы
МуғаллиМ ҳәМ үзликсиз билиМлендириў
105
руўхыйлық байлық, уллы мәденият болғанлығынан гуўалық бериўши тарийхый
ҳүжжет болған, оны ҳеш ким инкар ете алмайды».
Ғәрезсизлик халқымыздың өзлигин аңлаў, өз өтмишин, миллий руўхый
қәдириятларын және де тереңирек үйрениў имканиятларын жаратты. Жақын
дәўирлерге шекем Авестоны оқыў, халыққа тарқатыў мән қылынды яғный халық
арасында усы туўралы сыясат, пикир жүргизиў, қатты мән қылынды ямаса басқаша
түсиндирилди. Ал бүгинги күнде әўладларымыз тарийхын, өтмишин, мийрасын
үйрниўге болған қызығыўшылық асып бармақта, руўхый байлықларымыз қайта
тикленип өз мийрасхорларына, әўладларына туўры жеткерилмекте ҳәм буған толық
имканиятлар бар.
Авесто зардуштийликтың муқәддеси китабы болыўы менен бирге, ол узақ
әсирлердиң тарийхы, экономикалық-социаллық турмысы, мәденияты ҳәм халық
аўызеки дөретиўшилиги негизи, әҳмийетли естелиги сыпатында ески Орта Азия,
Азербайжан, Иран ҳәм басқа мәмлекетлерди үйрениўде үлкен әҳмийетке ийе.
Рус ҳәм Орта Азия алымлары: В.В. Струве, В.В. Бартольд, К.В. Тревер, А.О.
Маковельский Б.Гафуров ҳәм Н.Прохоровлардың пикиринше китаптың пайда болған
ўатаны Орта Азия есапланады.
Усының ишинде көпшилик алымлар Хорезм деп анықлаған Авесто китабындағы
зороастризм тәртиплери менен гейпара диний түсиниклер, әдеп-икрамлық-
педагогикалық талиматлар менен әдебий мифлер, қарақалпақ халқының фольклоры
менен әдебиятында, турмыс дәстүрлери менен педагогикасында елеге шекем гезле-
сип туратуғынлығын авторлар жийи-жийи тастыйықлайды.
Авестадағы Ийма (Жәмшид), Фаридун, зуқах, Гершасп, Семурқ қус, жерди
көтерип турған көк өгиз т.б, ҳаққындағы аңыз-әпсаналар қарақалпақ аўыз әдебияты
менен әдебият тарийхында кең орын алған. Орта Азиядағы уллы шайырлардың бири
Бердақтың творчествосында Авестадағы зороастризм дини ҳәм әдеп-икрамлығына
тийисли тәлийматлар менен әпсаналық қаҳарманлардың тәрийпи жийи ушра-
сады. Бердақ сөз еткен зуқах [ әўладларының тарийхына байланыслы дереклер
сақланғанлығын Қарақалпақстан тарийхы да тастыйықлайды.
Дәслебинде Авеста 21 бөлимнен ибарат үлкен китап болған. Оның алдыңғы жети
бөлими дүньяның жаратылыўы ҳәм адамлардың туўылыўы тарийхына бағышланған.
Ал екинши жети бөлими адамшылық нызамларға, олардың әдеп-икрамлығына,
тәлим-тәрбиясы ҳәм диний дәстүрлерине арналған, ал соңғы жети бөлими тәбият
илимлерин әсиресе медицина менен астрономияны сөз етеди.
Авестаны изертлеўши алымлар китапты дөретиўши Спитама заратуштра
(б.э.ш. 569-492) деп есаплайды. Бул кисиниң көпшилик изертлеўшилер тарийхта
болғанлығын жазады. Авестадағы дереклер ғана емес, ал әййемги вавилон, грек
ҳәм иран дереклери де Спитама заратуштраның тарийхый адам болғанлығын
тастыйықлайды.
Әййемги Орта Азия халықларының оғада уллы мәдений мийрасы есапланған Аве-
ста китабы ҳаққында дүньяның көп ғана алымлары изертлеў адып барды. Өзлериниң
пикирлерин айтты. Немец идеализминиң үлкен ўәкили, белгили философ Гегель
зороастризм тәлийматын: еркин динге өтиў аралығында турған субстанция яки
тәбият дини-деп атаған. Авестада грек мифологияларына салыстырғанда ойшыллық
Do'stlaringiz bilan baham: |